ch
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

前往频道在 Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

显示更多

📈 Telegram 频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... 的分析概览

频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) 哈萨克语 语言赛道中的 是活跃参与者。目前社区聚集了 18 826 名订阅者,在 宗教与灵性 类别中位列第 4 312,并在 哈萨克斯坦 地区排名第 445

📊 受众指标与增长动态

невідомо 创建以来,项目保持高速增长,吸引了 18 826 名订阅者。

根据 03 七月, 2026 的最新数据,频道保持稳定运转。过去 30 天订阅人数变化为 -284,过去 24 小时变化为 -14,整体触达仍然可观。

  • 认证状态: 未认证
  • 互动率 (ER): 平均受众互动率为 26.56%。内容发布后 24 小时内通常能获得 19.99% 的反应,占订阅者总量。
  • 帖子覆盖: 每篇帖子平均可获得 5 002 次浏览,首日通常累积 3 765 次浏览。
  • 互动与反馈: 受众积极参与,单帖平均反应数为 43

📝 描述与内容策略

作者将该频道定位为表达主观观点的平台:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

凭借高频更新(最新数据采集于 04 七月, 2026),频道始终保持新鲜度与高覆盖。分析显示受众积极互动,使其成为 宗教与灵性 类别中的关键影响点。

18 826
订阅者
-1424 小时
-827
-28430
帖子存档
Gulxatisha_Ayimbetova_Keshire_almadim_I_Гулхатиша_Айымбетова_1.mp33.52 MB

АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ, ҚАДИРДАНЛАР! Атқан таң бәршеңизге қайырлы болсын. Шаңарағыңызға аманлық, ҳәр бириңизге денсаўлық, басыңызғ
АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ, ҚАДИРДАНЛАР!     Атқан таң бәршеңизге қайырлы болсын. Шаңарағыңызға аманлық, ҳәр бириңизге денсаўлық, басыңызға бахыт, ислериңизге әўмет тилеймен.    Бахыт пенен байлықтың молшылығы сизлерди ҳасла тәрк етпесин!     ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ!

photo content

photo content

ТУЎҒАН ТОПЫРАҚ ТОРЫҚСА Туўған топырақ торықса, Азаматлар теңселер, Көкиреклер кенарын, Сирестирген сен келер.       Бас көринип жағадан,   Қоллар шыққан жең келер... Гәде жаяў, жаўтаңлап, Жорғаға да минилер.                Қыйын күнде кимлердиң, Ким екени билинер. Ағаларды түсинип,      Уға бермес инилер. Тәрезиден жегенлер, Алдадым деп мақтанар. Соңыра жүрек-баўыры, Дәрт дузына қақланар. Арашалап алтандай, Дәлил таппас ақланар. Тәрбиясыз, тыйыўсыз, Ғоддаслаған еркелер.  Доныз сыпат, ийт минез, Бет бактырмас өр келер. Халықшыл арзыў, туйғыдан, Көкиреги гөр келер. Ғарғыс болып кайтады, Жеткизилген азарлар. Тарқап кетер бир демде, Ығбал,–деген базарлар. Тергеўлер жер астында,             Тек, ғаўқыйсар мазарлар. Ет байлаған бийкелер, Семирдим деп қуўанар. Жиңишкерип намысы, Бел-бөксеси жуўанар. Бир-биринен қарызға, Тиллерине уў алар. Гүна деген уймаға, Белшеринен батқанлар, Маңлайына арылмас, Қалың сорды шатқанлар. Кесеўи ҳеш көгермес, Елин-халқын сатқанлар... Х.Дәўлетназаров “Ашық болып жасаң” китабынан (295-296-б) Нөкис. “Билим” 2011. Канал: @X_Dauletnazarov https://t.me/ibratli_sozler

"Адам болып адам қәдирин билмеген". 🎙 Айымхан Шамуратова https://t.me/ibratli_sozler

Егер сиз өмириңизде қуўанышқа себеп болатуғын нәрсе қалмады десеңиз қәтелесесиз. Таңды қарсылағаныңыздың өзи-ақ қуўаныўға арз
Егер сиз өмириңизде  қуўанышқа себеп болатуғын нәрсе қалмады десеңиз қәтелесесиз. Таңды қарсылағаныңыздың өзи-ақ қуўаныўға арзырлы себеп емеспе? Қалғанына болса өзиңиз ерисиң. Ассалаўма әлейкум кеўиллери мехир-мухаббатқа, жақсылыққа толы заманласлар! Бүгинги күн сиз ушын өзгеше болып келиўин тилеймен. Нийетлериңиз әмелге ассын. Шаңарағыңызға бағ-дәўлет, мол ырысқы несийбе тилеймен. ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ !!!! Каналымыздан узақласпаң....

# Жеффри Амхерст: Тарийхтағы ең қара нийетли шахслардың бири Жеффри Амхерст инсаният тарийхындағы ең жаман ҳәм ең қорқынышлы шахслардан бири есапланады. Бул европалы командир Америка континенттиниң жаңа аймақларын отарлаў (мустамлака етиў) имканиятларын үйрениў мақсетинде ҳиндулар (жергиликли халық) алдына келген еди. Ҳиндулар болса оны үлкен миймандослық ҳәм сақыйлық пенен күтип алды; түрли-түрли әжайып мийўелер, қуслар ҳәм оның көзин қуўантатуғын алтынлар саўға етти. Әдеттегидей, ол да «саўға» менен жуўап қайтарды — қыстың суўығынан қорғайтуғын адъяллар (жамылғышлар). Бирақ, ол бул адъяллар арасына шешек (оспа) кеселлиги менен зәҳәрленген адъялларды жасырын түрде қосып қойған еди. Бул буйымлар жабық жерлерде сақланған еди. Бийшара халық бул «саўғаны» үлкен қуўаныш пенен қабыл етти, Амхерст болса олар саўғаны ашпастан алдын аймақты тәрк етти. Нәтийжеде, кеселлик ҳиндулар арасында лаўлаған жалын сыяқлы тез пәт пенен тарқалды ҳәм шама менен бир жарым миллион адамның өлимине себепши болды. > Бул ўақыя инсаният тарийхындағы дәсләпки биологиялық қурал қолланылған урыс мысалларынан бири сыпатында қаралады. > Қосымша мағлыўмат: Тарийхый дереклерге көре, Амхерст 1763-жылы Понтиак көтерилиси дәўиринде өз қол астындағыларға жазған хатларында шешек пенен зәҳәрленген адъялларды тарқатыў арқалы «индецлерди қырып таслаў» идеясын ашықтан-ашық қоллап-қуўатлаған. Бул ҳәрекет бүгинги күнде геноцид ҳәм әдеп-икрамлылыққа жат ең аўыр қылмыс деп баҳаланады.

🎙 Б. Өтепбергенова https://t.me/ibratli_sozler

E.Akimov muxabbatimdi (1).mp34.17 MB

E.Akimov muxabbatimdi.mp34.17 MB

ЕГЕР АДАМНЫҢ ДОСТЫ АЗ БОЛСА, ДЕМЕК ОНЫҢ ӨМИР ТӘЖИРИЙБЕСИ ҮЛКЕН. 🌟 Сёрен Кьеркего (Даналықлар).
ЕГЕР АДАМНЫҢ ДОСТЫ АЗ БОЛСА, ДЕМЕК ОНЫҢ ӨМИР ТӘЖИРИЙБЕСИ ҮЛКЕН. 🌟 Сёрен Кьеркего (Даналықлар).

photo content