ch
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

前往频道在 Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

显示更多

📈 Telegram 频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... 的分析概览

频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) 哈萨克语 语言赛道中的 是活跃参与者。目前社区聚集了 18 845 名订阅者,在 宗教与灵性 类别中位列第 4 316,并在 哈萨克斯坦 地区排名第 449

📊 受众指标与增长动态

невідомо 创建以来,项目保持高速增长,吸引了 18 845 名订阅者。

根据 01 七月, 2026 的最新数据,频道保持稳定运转。过去 30 天订阅人数变化为 -272,过去 24 小时变化为 2,整体触达仍然可观。

  • 认证状态: 未认证
  • 互动率 (ER): 平均受众互动率为 26.37%。内容发布后 24 小时内通常能获得 19.45% 的反应,占订阅者总量。
  • 帖子覆盖: 每篇帖子平均可获得 4 972 次浏览,首日通常累积 3 668 次浏览。
  • 互动与反馈: 受众积极参与,单帖平均反应数为 43

📝 描述与内容策略

作者将该频道定位为表达主观观点的平台:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

凭借高频更新(最新数据采集于 02 七月, 2026),频道始终保持新鲜度与高覆盖。分析显示受众积极互动,使其成为 宗教与灵性 类别中的关键影响点。

18 845
订阅者
+224 小时
-787
-27230
帖子存档
1. Қара үйдиң үзигине жабыстырылатуғын киши кийиз не деп аталады?
Anonymous voting

#Ҳикмет булағы Инсанлардың ең жақсысы қолы ашық, аўызы жаўық болғаныдур. https://t.me/ibratli_sozler
#Ҳикмет булағы Инсанлардың ең жақсысы қолы ашық, аўызы жаўық болғаныдур. https://t.me/ibratli_sozler

#Ибрат Бир данышпаннан "зәхәр не?" деп сорады. Данышпан төмендегише жуўап берди: - "Керегинен артықша ҳәмме нәрсе зәҳәрдур. А
#Ибрат Бир данышпаннан "зәхәр не?" деп сорады. Данышпан төмендегише жуўап берди: - "Керегинен артықша ҳәмме нәрсе зәҳәрдур. Артықша мийнет, артықша дем алыс, артықша қорқыў, артықша тынышлық, ғәзеп, артықша қуўаныш, ашыў ҳәмде жақсы гүманда керегинен зыят болса зәҳәр есапланады." Өмирдиң заңы - кеўил тынышлығын тең салмақлылықта услай алыўда. Ол ушын бәрше зат өз мөлшеринде болыўы керек. https://t.me/ibratli_sozler

#Қарақалпақ асханасы Қарақалпақ миллий тағамы БАЛЫҚ ҚАРМА Таярлаған: Мехри Худайбергенова https://t.me/ibratli_sozler

Өсек деген аяғы жоқ, қолы жоқ, Бирақ барлық жерди былғап кетеди. Болмасада қызып турған қызыл шоқ. Лаўлап жанып саў басыңа же
Өсек деген аяғы жоқ, қолы жоқ, Бирақ барлық жерди былғап кетеди. Болмасада қызып турған қызыл шоқ. Лаўлап жанып саў басыңа жетеди. ✍ Аңсатбай Қаражанов Каналға ағза болыў ушын:👇 http://t.me/ibratli_sozler

photo content

photo content

БУЛ ДУНЬЯДА СИЗДЕН ЖАҚСЫЛЫҚ ҚАЛСЫН !!! (ТӨРТЛИКЛЕР) ~~~ Ассаламу алейкум !!! Медбийкелерим, Кәсибине "ант" ишкен белсендилерим, Бул дуньяда сизден жақсылық қалсын, Кеселлерди емлеуге, гурескенлерим. Ден Саулықты сақлаў министри МУРАТ Қурбанов қа; МИННЕТДАРЛЫҚ !!! ~~~ Халық таныйды уллы доктор Муратты, Ден Саулықтың Министри талантлы, Өзбекстан көлемде тәжрийбе топлап, Ўазыйпасын ислеп атыр салмақлы. Орайлық больницаның бас шыпакери ЭРКИНБАЙ ға. Миннетдарлық !!! ~~~ Бәлент бәлент емлеўхана сарайы Хызметте тур медецинал ық орайы, Больницаны Эркинбай басқарып атыр, Наўхасларды- саўалтыўшы дәргайы. Орайлық больницаның зав.өддели;   Расулге; Минннедарлық ~~~ Орайлық больница болим баслығы, Емлеу иси, жай- жайында барлығы, Тәжрийбеси илим- билим сыналған, Есапланар докторлардан алдыңғы. Рес Онкология бөлиминиң Директоры МУҲАММӘД ӘЛИ ге ; Миннетдарлық !!! ~~~ 'Онколог'та Директор Муҳаммәдәли, Киши пейил врачтың сөзлери дәри, Больницада орнаған тәртип интизам, Нәўбетши кун-туни, тынбайды бәри. Онкология бөлими шыпакери Бисалиев НУРЛАН ға, Миннетдарлық !!! ~~~ Ҳәмме билер уролог врач Нурланды, Ким емленсе мәсләҳатын қолланды. Ҳәттеки -демалыс кунлер болсада, Бир тынбастан наўхасларын бақлады. Жанландырыў бөлим баслығы  РАХАТ қа Миннетдарлық !!! ~~~ Жанландырыў бөлим баслық Рахат, Сол бөлимниң - врачы бар, Парахат, Наўхаслары бәри сыннан өткен соң, Емленгенлер шыға бергей саламат. Больница жәмәәтине; Миннетдарлық !!! ~~~ Емлеў ислериниң бәри, тап- туйнақ, Тазалығы барҳа, бәри жып-жыйнақ, Бул дуньяда сизден жақсылық қалсын, Хызметлериң ең мунәсип ҳақыйқат. Барлық ҳамшийраларға; Миннетдарлық !!! ~~~ Дуньяның нығмети саўлық-саламат, Шаршамасын хамшийраға қуш- қуўат, Бул дуньяда сизден жақсылық қалсын, Миннетдарлық сөзим сизге аманат. *** Ардақлы нураный;  (Нур Иман хажы) Каржаубай Иманалиев. Хожели районы. https://t.me/ibratli_sozler 👉 https://t.me/ibratli_sozler

#ДРАББЛ. ҚАЙТАР ДҮНЬЯ ЕКЕН... Кемпир түнде ақлықларын уйқлата алмай атыр.Келининен еле дерек жоқ.Отырыспаққа деп кеткенине әд
#ДРАББЛ. ҚАЙТАР ДҮНЬЯ ЕКЕН... Кемпир түнде ақлықларын уйқлата алмай атыр.Келининен еле дерек жоқ.Отырыспаққа деп кеткенине әдеўир ўақыт болды.Көзи илинген екен,таң саз берип баслағанда келини кирип келди. Өзиниң жаслығын еследи.Ата-енеге,күйеўге мойын иймей мәс ҳаялларға қосылып,зияпаттан басы шықпағанын,күйеўин менсинбегенин өкинип еследи.Еркек айбатлы болса-ҳаял уятлы болар екен.Еркеги жуўас болды,буннан уят кетти.Бийазар күйеўин писент етпестен көзине шөп салды.Буны сезген қәйин енесине;-Балаңыз еркек сыпатында мени қызықтырмайды-деди уялмастан. Ал бүгин сол гәпти жалғыз баласының келиншеги өзине қайталап отыр.Алма теректиң түбине алма түседи дегениндей,баласы әкесиндей жуўас,мүсәпир бала болды,ал келини өзине уқсаған... Қайтар дүнья деген усы екен-аў-деп кемпир гүбирленди.Бундай боларын билгенде ҳеш қашан жеңил жолдан жүрмеген болар едим деп шын кеўилден пушайман болды... ✍Перида Аллекеева. https://t.me/ibratli_sozler

photo content

#Төртликлер 📝Болсаң егер ақыллы ҳәм билимли, Үзип қойма абырай деген гүлиңди. Көпшиликте пәтиўасыз көпирип, Шошаңлатпа мазас
#Төртликлер 📝Болсаң егер ақыллы ҳәм билимли, Үзип қойма абырай деген гүлиңди. Көпшиликте пәтиўасыз көпирип, Шошаңлатпа мазасы жоқ тилиңди. 📝Аўыздан сөз шықпақ керек байқалып, Гәп мәнисин илип алар жай халық. Абайсызда айтқан айып сөзиңди, Атлы қуўып алалмассаң қайтарып. ✍Тилеўберген Жумамуратов https://t.me/ibratli_sozler

Ким жаман? Әдиўли ата-анасын, Алладан соңғы панасын, Қатынынан кем көрген, Өз бахтын өзи сөндирген, Ақылсыз, гешше ул жаман!        *** Бар тапқанын қыпсалап, Төркинине тасыған, Ата-енесин азаплап, Жүреклерин тырнаған, Қайтып келген қыз жаман. Сол гүнәны ислесе, Ата-енесин "тислесе" Хүрмет иззетин билмесе, Сизиң менен биз жаман!              *** Әлпешлеп алған келиниң, Шықылықлап ҳәккедей, Балаңның басын уўласа, Секеңлеген ешкидей, Айтқаныңа турмаса, Баўыр етиң балаңды, Өзиңе қарсы қайраса, Дәртиңди бендеге айта алмай, Денеңди зәҳәр жайласа, Қутыла алмай бул дәрттен, Басыңды урсаң жар тасқа, Жағаңа сөйтип жармасса, Қылқындырар, сол жаман!           **** (Ҳәзил-шыны аралас) "Ғаррысын" тығып қуўысқа, Тайын турған урысқа, Боянбаса шықпайды, Айтқан сөзди уқпайды. Тазадан болған "кемпир"лер, Болып тураў ямман жаман.           *** Сақалың жоқ, муртың жоқ, Бурынғыдай сәниң жоқ, Сөзлериңде мәни жоқ, Шыйрақлас, еле сынақ көп, Тазадан болған "ғаррылар", Болмайық тә, биз жаман! ✍ Ж Ерназаров https://t.me/ibratli_sozler

>>>>Даўамы>>>> Уқыплы,тәрбиялы келин қазан -табақтың орнын тез уғып алады. Тәрбиялы,дана келини бар үйдиң шарбағынан белгили,сипсе тиймеген шарбақ,ноқта тиймеген келин бәри бир сөз. Түни менен бай қолыңда,қайрап-қайрап өз баўыр-етин жаўға айналдырма! Күйеўди я анаға,я қатынға болыса алмайтуғын жалтақ қылма! Ақыллы келин енеси менен дос болады,бай ,,гөрге" бармайды,ақаяқ келин улын ата-анасына қарсы қойып ,байын ,,айырып "алады,мурнына жипти өткерип,қәлеген жағына сүйрейди. Өсирип атырған улың-қызың көрер,ертең алдыңа келсе хешкимнен көрме! Жер дөнгелек екенин умытпа! ✍О.Сапрова https://t.me/ibratli_sozler

Келин келди...ай келди... (Ҳәмме келинлерге арнадым) Сенде биреўдиң ай менен күндей қызы едиң.Айтқаның айтқан,дегениң деген,хан сарайының ханзадасындай ,қәлесең хәмме нәрсең таяр еди... Қыз бала әкесиниң үйинен қыз тахтынан түсип ,өзге үйдиң босағасына ийилип түседи. Пүткил әўлетине сәлем берип, ,,мени қабыллаң,хызметиңизге тайынман,қуллық!"деп ийиледи. Келинниң орны енди босаға,аўыз болады.Жыллар оның сулыўлығын,гөззаллығын алып,орнына өзи жыйнаған хурмет пенен әсте төрлетип бара береди. Бул тәбият нызамы. Келин келе сала төр меники десе,алжасыпты,төрге мийнетиң менен,гөззал қулқың менен шығасаң! Ата үйиндеги ай менен күн титулыңды сақлағың келсе олардың топырағына қарыс,барын қабылла,жоғына көн,бар болыўдың,раўажланыўдың,өсип-өниўдиң ҳәрекетине түс. Атам жақсы аў,енем шатақ деп атаға енени қарсы қойма! Еркек дүз АҢы, нашардың территориясы шаңарағы болып Атам заманнан маңлайына жазылған. Гүйбеңлеп сол шаңарақтың берекети ушын тер төккен. Енең пақырдың биримлеп,ийнеден баслап ,сабаққа шекем ,көрпеден баслап төсенер төсекке шекем жыйнап ,ҮЙ! қылып қойған муқаддес шаңарағына сенде үлес қосасаң.,,Қазанға қап,шөмишке сап" боласаң. Кеше келип,олардың зәкунин өзгертемен деп ойлама!!! Шыққан қызды,,,келген қызды" қағындырып,өзиңнен кейинги қәйинлериңди шетлетип уйып отырған хожалыққа иримтик салма,өзиңниң келинлик хызметиңди исле! Жети жылға шекем сынақ келинсең. Он бес жылға шекем ийик келинсең,жигирма жылдан соң белли келинсең,қалған жағында хызмети сиңген келинсең. Сол жылларыңда хурмет жыйнасаң ийик,кийик келинсең,басың қақаңлап шаңарақты от пенен суў ,ишер асты уў қылсаң,АҚАЯҚ келинсең. Турмыс муш! Ертектегидей ханзада ақ атқа миндирип,дүньяның бейишине алып кетеди деп ойлама! Қыз тахтыңнан абырой менен түскен болсаң,әсте келинлик ўазыйпаңа кирисе бер. Келинлик салтанат асып кетсе үш күн,әсте бир шетинен баслай бер,қәйниң менен бийкешиңе ат қой,турмыстағы қызлар ,,жаман"болады,биринши соларға жағын. Абысын да белгили ,,жаў" ,абысын менен қабысып кетпесең ,қайнағаң менен күйеўиңди суўытасаң.Аўзыңа беккем болып жүресең,өйтпесең жалаға қалыўың бир демде. Билсең де билмеймен ,,өзиңиз үйретип жибериң"деп мийнетлери сиңген қылмасаң қыйын болады,ҳәмме нәрсени биле берсең ,,билеўик келин" атанасаң.,,Билеўиклигиң" биринши абысынға жақпай қалады. Сабыр-тақат пенен үй ишлериниң минез қулықларын үйренип ал хәм оларға енис! Хаслан мениң үйимде ондай еди,бундай еди дей гөрме! Ол сениң ата үйиңдеги нызам,бул үйдеги нызам,дәстүр,тирлик дерлик басқаша! Дуньяға перзент келтириў ўазыйпаң, ,,ийт түйнекте мәҳәлинде бир гүллейди!" Ул туўдым деп ширенбе,қыз туўдым деп қысынба! Көтермесең бул да Алланың сынағы! Алла деп шыдамның есигин ашып,сабырдың төрине төрлей бересең...үмитти өлтирмей...тилекти молдан тилей бересең... Ел-халқыңнан,жасыүлкеннен,ата-енеңнен,пәтия алып алып, кисиниң ала- жибин атламай,кеўлиң Аллада,қолың көксиңде, кирпигиң төменде болсын! Енең-каабаң! Сени қатарының алды болсын,ерке баласына айдай келин болсын,абысынларының изине ерсин дейди.Баласының кем жерин мойынлап, иретинде сеннен нажат излейди,сениң менен қосылып ,,жаманлайды",булда сени өз баласынан артық көргени емеспе? Аухат күйсе,дәмсиз болса өзи асқан болады,уйықлап қалсаң ,,кеше кеш уйықлап еди,шаршады ,келиним пақыр деп ,,иштеги жаўлардан" қорғап отырады. Әйтеўир нәрсени бәнелеп,күни бойы қарыс қабағың ашылмай,күйеўиңе үй-ишин жаманлап қарсы қойма! Әўелден ене,бала,келин үшлик болады. Ата дүз Аңы деп айттымғо,көбинесе келинлер мәккарланып атаға жағынып алады.Атасы үйде болса шыйрақласады,жоқ болса енеге контратакаға ,,таярланады",оны аңқаў атасы түсине қоймай, ,,атаңа нәлет,барлық бәле өзиңнен, әп-әнедей хызметин етип жүрипти ғо"дейтин анық. ҮЙ,үйә-үй ененики,оның жеке территориясы,соның ушын енеңниң территориясын өзиңдикиндей көр . Жигирма төрт тарелкасы,жигирма төрт қасығы-жигирма төрт жерде жатпасын! >>>>Даўамы бар>>>> ✍О.Сапаров https://t.me/ibratli_sozler

#Күн нақылы Ислегенниң аўызы асқа толады, Жалқаўдың жумысы даў болады. Айтатуғыны заң болады. Көрмеген адамға таң болады. htt
#Күн нақылы Ислегенниң аўызы асқа толады, Жалқаўдың жумысы даў болады. Айтатуғыны заң болады. Көрмеген адамға таң болады. https://t.me/ibratli_sozler

#Бабалар_мийрасы Малым бар деп асып-таспа, Биреўлер менен жарыспа, Орынсыз жерге тарыспа, Ретинде сөйле, балам. Жаман атың тү
#Бабалар_мийрасы Малым бар деп асып-таспа, Биреўлер менен жарыспа, Орынсыз жерге тарыспа, Ретинде сөйле, балам. Жаман атың түсип көзге, Сарғыш ендирмегил жүзге, Ерме ҳасла шуғыл сөзге, Ғыйбат сөзден қашқыл балам. ✍Бердақ (Бердимурат), "Балам". https://t.me/ibratli_sozler

2_5384297433217912575.mp35.41 MB

💫💫💫💫💫💫 Бүгин күн даўамында Сизлердей - жақсы адамлар менен сәўбетлес болдық. Бәршеңизге алла рийза болсын! Узын жиптиң
💫💫💫💫💫💫   Бүгин күн даўамында Сизлердей - жақсы адамлар менен сәўбетлес болдық.        Бәршеңизге алла рийза болсын!  Узын жиптиң де ақыры бар дегендей, енди дем алатуғын ўақтымыз келди.       Жаратыўшы ийемиз несип еткен парахат елимиздиң пайызлы ақшамында берекетли шаңарағымызда жайлы жатып, жақсы турыў ҳәммемизге несип етсин!   
   ҚАЙЫРЛЫ ТҮН!!!
https://t.me/ibratli_sozler