#ПОЭЗИЯ
📖 ЖАПЫРАҚ
Сылдыр етип түсти жапырақ,
Кетип баратырсам алдыма,
Самал менен шайқалар дарақ...
Өмириңниң таўсылғаныма.
Буртик жарып, бәҳәрде көклеп,
Сыйдам шақаларға сән болдың.
Жазда жасыл сәўлатқа енип,
Саратанда саяман болдың.
Самал менен тербелискенбиз,
Кетесең бе әлўидағ айтып.
Ана жерден өнип-өскенбиз,
Ана жерге барамыз қайтып.
Өкинбеймен өмириме деп,
Жапырақ сарғыш түске дөнеди.
Орыныма келеси көклем,
Және жаңа жапырақ өнеди.
📖📖📖
Қыз дейди-аў туўылса назырқап,
Алтынға, буйымға теңейди.
Жанының ишинде шырылдап,
Турарын ол ўақта билмейди.
Қабақтан аңғарып кеўлиңди,
Қайғыңды айтпай-ақ аңлайды.
Қалдырып ол саған жеңилин,
Қыйынды өзине таңлайды.
Жат журтлық муңлым-аў қыз перзент,
Жиңишке жол сондай тутымлы.
Бойыңа топланған қәбилет,
Кетесең қыя алмай журтыңды.
Умытып өзин, ден саўлығын,
Қәйин журт қабағын бағады.
Көтерип сағыныш сандығын,
Ҳәммениң кеўилин табады.
Несийбин тартып ол жат үйден,
Ҳәр қандай барымға баралар,
Шыққан қыз тысқары дер шийден
Лекин, ол кеўлиңнен хабардар.
Тоң-тезек кисиниң есигин,
Яр болып меҳирге ериткен.
Төринде тербетип бесигин,
Пирим деп күйеўин ер еткен.
📖📖📖
...Мен туўылған күн әлем гүлистан,
Бир әжайып түске енеди,
Қәлбим сонда қозғалаң таўып,
Көз алдыма анам келеди.
Ашшы толғақ жанын аўыртып,
Өмир менен гүрескен пайыт,
Бир сааты өмирине татып,
Мениң ушын қыйналганын айт.
Бир ўақ шырлап түскенмен жерге,
Қуўанышлы хабар тараған,
Қызалақлы болдың дегенде,
Анам шүкир айтып көкке қараған.
Умытшақ аўырыў ҳазары қайтып,
Мениң менен жүзлескен шадлы,
Тәңирине мың қуллық айтып,
Қуўанышқа қуўдырған ғамды.
Сол толғақтың аўыр ҳазары,
Мениң енди қәлбиме көшкен,
Гә ерис, гә арқаў болып мен,
Қалмайын деп келемен көштен.
Туўылған күниме әкелген гүлди,
Қәбириң басына қояман анам,
Билемен, ҳәр жылы күтип бул күнди,
Тәңиримнен тилек тилейсең маған.
Тилеклессең қашан қайда болсаң да,
Себеп қәдирданым сен анасаң да.
📖📖📖
Қәлбим жараланды, келди намысым,
Жарылса деп едим жер-жибермеди,
Қуўандым аспанға қанат қомладым,
Ушайын десем де жер жибермеди.
Жердиң жарығынан шықпаған инсан,
Жердиң жарығына кире алмайды.
Жер менен қарысқан пүтин барлығы,
Жерден аяк үзип кете алмайды.
Қайғың-қуўанышың, өзиң өзлигиң,
Дебдиўиңди шығар, айт шадлығыңды,
Барлығын сабырың, төзим көзгириң,
Дәлиллейди сениң инсанлығыңды.
Шаўлығыңа айтар сөзиңди айтқыл,
Ўақты келип өзим аламан қайтып,
Көзден кетсеңдағы көкиректе қалсаң,
Сени жоқлар болар исмиңди айтып.
Жердиң тартыў күши менен тик турып,
Қуўат алып сен күшине енесең,
Жердиң ар-намысы ушын ҳәттеки,
Намыс ушын тик турып пәк өлесең.
ШӘРИГҮЛ ПАЙЗУЛЛАЕВА
https://t.me/ibratli_sozler