ch
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

前往频道在 Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

显示更多

📈 Telegram 频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... 的分析概览

频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) 哈萨克语 语言赛道中的 是活跃参与者。目前社区聚集了 18 850 名订阅者,在 宗教与灵性 类别中位列第 4 316,并在 哈萨克斯坦 地区排名第 449

📊 受众指标与增长动态

невідомо 创建以来,项目保持高速增长,吸引了 18 850 名订阅者。

根据 01 七月, 2026 的最新数据,频道保持稳定运转。过去 30 天订阅人数变化为 -272,过去 24 小时变化为 2,整体触达仍然可观。

  • 认证状态: 未认证
  • 互动率 (ER): 平均受众互动率为 26.37%。内容发布后 24 小时内通常能获得 19.45% 的反应,占订阅者总量。
  • 帖子覆盖: 每篇帖子平均可获得 4 972 次浏览,首日通常累积 3 668 次浏览。
  • 互动与反馈: 受众积极参与,单帖平均反应数为 43

📝 描述与内容策略

作者将该频道定位为表达主观观点的平台:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

凭借高频更新(最新数据采集于 02 七月, 2026),频道始终保持新鲜度与高覆盖。分析显示受众积极互动,使其成为 宗教与灵性 类别中的关键影响点。

18 850
订阅者
+224 小时
-787
-27230
帖子存档
Муҳаббетте болмайды мәкан Муҳаббетте болмайды мәкан, Муҳаббетте болмайды мәўсим. Муҳаббеттиң тәртиби қатаң: Ҳәр бир адам соқп
Муҳаббетте болмайды мәкан Муҳаббетте болмайды мәкан, Муҳаббетте болмайды мәўсим. Муҳаббеттиң тәртиби қатаң: Ҳәр бир адам соқпағын таўсын. Муҳаббетте болады күлки, Муҳаббетте болады көз жас. Муҳаббет – ол адамзат мүлки, Алтын киби айнымас, тозбас. Муҳаббетти алмайсаң урлап, Муҳаббетте болмайды кеңес. Яр таңласаң басқаны тыңлап, Ол – ҳақыйқат муҳаббат емес. Муҳаббетте болмайды әке, Муҳаббетте болмайды ана. Пикир алып яр сүйиў – қәте, Ол тек мәзи оңысық ғана. Муҳаббетте көз болар жүрек, Муҳаббетте сөз болар сезим. Қудай болмас өзиңнен бөлек, Муҳаббеттиң қудайы өзиң. ✍Төлепберген МӘТМУРАТОВ «Гөззаллық оянды» китабынан https://t.me/ibratli_sozler

Қыз перзент бул - уллы инам! Турмыс қурыў жасындағы қыз, турмыс қурыўдан бас тартар еди Оннан кәсиплеслери буның себебин сорады: -Сиз гөззал, жас хәм муғаллим болсаңыз не ушын турмыс қурыўдан бас тартасыз? - Қыз айтты: - Бир неше жыллар алдын, бир хаял ул перзентли болыўды қәлейди, бирақ хәр сапары Алла оны хамийше қыз перзент пенен сыйлар екен. Алтыншысына жүкли болғанда,күйеўи : -Егер және қыз туўсаң, оны бақпайман, берип жиберемен деди. Хаял жүдә қорқар екен. үмит пенен Алладан ул сорапты. Тилекке қарсы, алтыншысына да қыз инам етипти. Күйеўи ғәзепленип, бөпени мешит алдына қалдырып, шеттен бақлап турыпты. Хеш ким оны акетпепти. Оны көтерип уйине қайтыпты. Хаял қуўаныпты. Бирақ, күйеўи тағыда сол исти тәкирарлапты. Бөпени хешким алмас, әкеси апарып қойыўып, шеттен бақлаўдан шаршамас екен. Хаялы арадан ўақыт өтип, уллы болыпты. Бирақ, негедур үлкен қызлары себепсиз бул дүньядан көз жумыпты. Хаялы, изли-изинен уллы болыпты, оған қарама-қарсы қызлары қайтыс бола берипти. Тек ғана сол әкеси кошеге таслап кетпекши болған қызы тири қалыпты. Сол қыз мен боламан...! Турмысқа шықпаўыма себеп, әкем қартайып қалған, оған қарайтын адам жоқ, инилерим арасында көриўге келеди тек. Олар әкеме қарамайды.. Әкем болса нешше жыллар алдын қылған исине өкинеди ҳәр күни. https://t.me/ibratli_sozler

Сен оның миллетин сорама,бирақ Биринши нәӯбетте кәсибин сора. Кеӯилленген ӯакта иштен ыңылдап, Сүйип айтатуғын косығын сора.
Сен оның миллетин сорама,бирақ Биринши нәӯбетте кәсибин сора. Кеӯилленген ӯакта иштен ыңылдап, Сүйип айтатуғын косығын сора. Кейин ким екенин аңсат билесең… Ӽәм оның аңғысын аңлап билесең… ✍✍✍ Толыбай Қабулов https://t.me/ibratli_sozler

#Күн мотивацисы Өзиңди, өмириңди өзгертиўге дүйшемби, келеси ай, ендиги жыл емес, нийет керек. Ертең деп айттың ба, болды, кү
#Күн мотивацисы    Өзиңди, өмириңди өзгертиўге дүйшемби, келеси ай, ендиги жыл емес, нийет керек.    Ертең деп айттың ба, болды, күнде ертең.    Ертең, ертең деп жүргенде, бир күни сениң жасың елиўге келеди.    "Усыларды жигирма жасымда билгенимде ғой... Усыны бес жыл бурын ислегенимде ғой... Бурын тап усылай ойланғанымда ғой..." деп өкинип қалмаў ушын, тап ҳәзир ҳəрекет исле.
Дерек: @alberuniyuz
https://t.me/ibratli_sozler

✅ Пикирлериңизди бақлап барың - олар сөзлерге айланады. ✅Сөзлериңизди бақлап барың - олар ҳәрекетлерге айланады. ✅Ҳәрекетлери
✅ Пикирлериңизди бақлап барың - олар сөзлерге айланады. ✅Сөзлериңизди бақлап барың - олар ҳәрекетлерге айланады. ✅Ҳәрекетлериңизди бақлап барың - олар әдетлерге айланады. ✅Әдетлериңизди бақлап барың - олар характерге айланады. ✅Характериңизге итибар бериң - бул сизиң тәғдириңизди белгилейди. https://t.me/ibratli_sozler

#Рәуият Жақсы көриў. Ертеде Қытай даласында Лулу исмли қыз турмысқа шығып күйеўи енеси үшеўи бирге жасай баслапты. Арадан көп өтпей енеси менен тартысып қалыпты. Не ислесе де енесиниң кеўлинен шыға алмапты. Әйтеуир нәрсениң үстинде урысып қала берипти. Шыдамы таўсылған жас келиншек шөп пенен емлейтуғын бир уламаның алдына келипти. Енесин жаманлап оннан қутылыў керек екенлигин айтып соған бир уўлы шөп бериўин өтиниш етеди. Улама келиншекти дыққат пенен тыңлап болып оған бир шөп берипти де: - Мынаны үш ай даўамында күниге еки мәрте енеңниң аўқатына қосып бересең. Хеш ким сезбеў ушын оған жақсылап қара. Аўқат-шайын ўақтында бер,-депти улама. Лулу үйине қууанышы қойнына сыймай қайтыпты. Дәрриў мазалы аўқат таярлап уўлы шөптен азғана қосып енесиниң ояқ-буяғына шығып аўқатын берипти. Енеси де келининиң өзгергенине хайран қалыпты. Урысайын десе себеп табалмапты. Усы ҳәрекет қайталана бергеннен кейин кемпир келинин қызындай жақсы көрип қалыпты. Келини де оған баўыр басып, екеўи сырласып қатты жақын болып қалыпты. Лулу уўлы шөп берип жүргенине қысынып өкинип баслапты. Есине оның өлетуғыны түскенде тыпырышлап бир жерде тура алмай кейнинде дәри берген уламаның үйине қарай жуўырыпты. Болған ўақыяның бәрин оған түсиндирип айтыпты, тыңлап турған улама мыйық тартып қойыпты да былай депти: - Қызым, усыдан еки ай бурын берген дәрим әпиўайы шөп еди. Уў тағамда емес, жүрегиңде еди. Сен енеңе жақсы сөйлеп, сый-ҳүрмет көрсете баслап едиң ол да өзгерди. Адамлардың сени жақсы көриўин қәлесең, сен де оларды жақсы көр. Өйткени, гүл услағанның қолында гүлдиң ийси қалады,-депти.

"Бир жапырақ" Базаргүл Каримова https://t.me/ibratli_sozler

Ассалаўма алейкум әзизлер! #Таңғы тилек ✅ Аллаҳ таала жүзимизди жарық; ✅ Қәлбимизди кең; ✅ Қәдиримизди бәлент; ✅ Сөзимизди жо
Ассалаўма алейкум әзизлер! #Таңғы тилек ✅ Аллаҳ таала жүзимизди жарық; ✅ Қәлбимизди кең; ✅ Қәдиримизди бәлент; ✅ Сөзимизди жоқары; ✅ Ул-қызларымызды әдиўли перзент; ✅ Қарызларымызды жоқ; ✅ Ырысқымызды кең; ✅ Күнимизди берекетли қылсын!     Қайырлы күн әзизлер! https://t.me/ibratli_sozler

#Қайырлы_түн Түн уйқылатсын, айдай жамалы менен, Таң оятсын, жумсақ самалы менен, Енди уйқылаң, Аллаҳ кәламы менен, Ерте туры
#Қайырлы_түн Түн уйқылатсын, айдай жамалы менен, Таң оятсын, жумсақ самалы менен, Енди уйқылаң, Аллаҳ кәламы менен, Ерте турың, Аллаҳ саламы менен! Қайырлы түн қәдирлим! https://t.me/ibratli_sozler

#ҳикмет – Кимгедур зулым қылсаң, саған да кимдур зулым қылады! – Кимгедур жалған сөйлесең, саған да кимдур жалған сөйлейди! –
#ҳикмет – Кимгедур зулым қылсаң, саған да кимдур зулым қылады! – Кимгедур жалған сөйлесең, саған да кимдур жалған сөйлейди! – Кимгедур қиянет етсең, саған да кимдур қиянет етеди. ❗️Солай екен, ертең адамлар саған қандай мүнәсибетте болыўын қәлесең, бүгин сен сол исти қыл!
👉Tariyxqa_nazer
https://t.me/ibratli_sozler

Әдепти әдепсизден үйрендим Луқманы ҳәкимнен сорады: - Әдепти кимнен үйрендиң? - Әдепсизден, - деп жуўап берди ол. - Ҳаў, қала
Әдепти әдепсизден үйрендим Луқманы ҳәкимнен сорады: - Әдепти кимнен үйрендиң? - Әдепсизден, - деп жуўап берди ол. - Ҳаў, қалайынша? - деп ҳайран қалысты. - Әдепсиздиң қайсы иси көзиме жаман көринди, соннан өзимди сақладым. 📜"Шығыс рәўиятлары" китабынан.
Дерек: Пазыйлет_уз каналынан
https://t.me/ibratli_sozler

photo content

Қарақалпақ халқы әзел-әзелден сөз өнерине күшли итибар қаратқан халық. 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 Тарыйхта Асан Қайғы, Жийренше шешен
Қарақалпақ халқы әзел-әзелден сөз өнерине күшли итибар қаратқан халық. 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 Тарыйхта Асан Қайғы, Жийренше шешен, Маман бий, Ерназар Алакөз ҳ.т. басқа да усылар сыяқлы сөзге шешен, ердиң даңқын еки аўыз сөз бенен питкеретуғын тарыйхый тулғалар өткен. 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 Сол ушын қарақалпақларда: "Шебер көптиң анасы, Шешен көптиң атасы" деген нақыл қалған. https://t.me/ibratli_sozler

Мениң биринши устазым. Мен биринши классқа барған ўақтымда тийеберсин атам ертип апарып еди. Үйдиң туңғышы болған соң атамның қолында болдым. Биринши устазым, тийеберсин Улдай апа сондай мехрибан, хәммеге бирдей инсан еди. Хәриплерди биримлеп, даўыслап айтқан уақтымызда бир - биримизге жарысып, даўыслап бақырып айтатуғын едик. Тақтаға ең биринши жазған сөзимиз "Ана" деген сөз еди. " Ўатан" " Устаз" деген сөзлерди биринши дәптеримизге жазып болып, кейин тахтаға биринши болып, шығыўға асығатуғын едик. Устазымыз бизлерге ручканы қалай услаўды, қалай услап жазғанда қол жазбаң сулыў болып жазылатуғынын үйреткен. Ол ўақытлары дәўет сыя алып жүретуғын едик, сөйтип перо менен жазатуғын едик. Устазымыз: -Мениң палапанларым келиптиғо деген ўақытта: -Муғаллим бизлер палапан емеспиз оқыушымызғо дейтуғын едик. Сонда устазымыз дым индемей мыйық тартып, күлип қоятуғын еди. Жатқан жериң жайлы болсын Устазым. Топырағың торқа болсын Устазым. Ийманың жолдасың болып рухларың шад болсын,. Жайың жәннеттен болсын Устазым. ✍Гүлбәхәр Қарабаева. Шымбай. https://t.me/ibratli_sozler

#Китаптан үзиндилер Егер достың зейниңе тийсе жыла, душпаның зейниңе тийсе күл. 📜"Уйқысыз түнлер" повести Кисиниң берген қаймағынан өз анаң берген ашшы айран абзалырақ... 📜"Қарақалпақнама" Топырақ бүгин аяқларыңның астында болғаны менен, ўақыт өтиўи менен ол сениң мәңгилик төсегиңе ҳәм мәңгилик жамылатуғын көрпеңе айланады... 📜"Қарақалпақпан.Тәўекелшимен" Тилден жаман сөз шықса да, аяқ жаман жерди басса да, қол патас нәрсени усласа да, көз патаслыққа қарай берсе де, бас айыплы. 📜"Қарақалпақнама" Киси өзи ушын жасаса пысқыйды, бала-шағасы ушын жасаса жанады, ели ушын жасаса жақты береди. 📜"Бахытсызлар" Адамзат ушын еки қуяш бар: бириншиси - тәбийий қуяш күн, екиншиси - руўхый қуяш китап. 📜"Қарақалпақнама" Халқың кийген кийим - кепиниң, халқың минген ат - ысқатың, халқың - анаң, халқыңның тили - анаңның тили. Халқыңа қылап қылыў - өз анаңа қол салыў менен барабар. 📜"Маман бий әпсанасы" Дос болып жүрип душпаныңа айланған бир дос, сениң сырыңды билмейтуғын жүз душпаннан қәўипли. 📜"Қарақалпақнама" Әззи деп ҳәтте қумырсқаға орынсыз ҳазар берсең, соның қолынан өлесең... 📜"Қарақалпақнама" Ҳәр күни азанда оянып, "Мениң тирилигимнен жақынларыма, халқыма қайғурлым пайда бар?" деп өзиңе сораў қойыўды, ал кеште төсекке кирип, "Бүгин мен қанша адамға, халқыма пайдалы не иследим?" деп есап бериўди умытпа. 📜"Қарақалпақнама" Тири адамның өмирлик үш жолдасы бар. Биринши жолдасы - досты, екиншиси - душпаны, үшиншиси - тамашагөйи... 📜 "Түсиниксизлер" ✍Т.Қайыпбергенов шығармаларынан https://t.me/ibratli_sozler

#Ҳикмет Бир сүўретши сүўрет салып, астына: "Сүўреттиң қәтеси болса, сүўреттиң үстине сызып кетиң" - деп жазып қойды ҳәм астын
#Ҳикмет Бир сүўретши сүўрет салып, астына: "Сүўреттиң қәтеси болса, сүўреттиң үстине сызып кетиң" - деп жазып қойды ҳәм астына қызыл қәлем қойып, оны адамлар ең көп өтетуғын жерге асып қойды... ....Ертеңине қараса салған сүўрети көринбейтуғын дәрежеде сызып тасланған екен... ....Сүўретши және сол сүўретти салды. Бирақ енди астына: "Сүўреттиң кемшилиги болса туўрылап қойың!" - деп жазды ҳәм қасына қызыл қәлем қойып, оны және адамлар көп өтетуғын жерге асып қойды... ....Ертеңине қараса сүўретине ҳеш нәрсе қылмаған екен... ЖУЎМАҚ ....Ҳәй инсан...! ....Неге биреўлердиң айыбын табыўға шеберсең, бирақ оны туўрылап қойыўға келгенде күшиң, қәлеўиң жоқ?! https://t.me/ibratli_sozler

СAҒЫНЫШ Узақ жолдан келиўден үйге, Аймалады-аў, о анам пақыр! Сүйип атыр...Сени де сүймек, Керек еди маған да ақыр! Үйиң де д
СAҒЫНЫШ Узақ жолдан келиўден үйге, Аймалады-аў, о анам пақыр! Сүйип атыр...Сени де сүймек, Керек еди маған да ақыр! Үйиң де дым аўылдан шалғай, Зыр жуўырдым жармышты бойлап, «Ығбалыма үйинде болғай!», Деп бараман тек сени ойлап. Оттай деўши еди журт мақтап, Мүсәпирим шықты да қалды, Есигиңди алыстан бақлап, Узақ турдым паналап талды. Не деп үйге киремен қәне! ...Көшкен булттай шубырды ойлар, «Бир сарқым суў» бул да бир бәне, Тағы қандай қолайлы ой бар! ...Дийдарыңа ынтығып келип, Қара суўға кеттим-аў қанып! Шәңгил менен суў әкеп берип, Қаны кепкен деп пе едиң анық! ✍Әскербай ӘЖИНИЯЗОВ https://t.me/ibratli_sozler

#Тарийҳа_нәзер ҚАРАҚАЛПАҚ ҚЫЗ-ЖӘЎАНЛАР КИЙИМИ «КӨККӨЙЛЕК» ҲӘМ ОНЫҢ КӨРКЕМ БЕЗЕЛИЎИ МӘСЕЛЕСИНЕ Қарақалпақ сәниятының тәкирарла
#Тарийҳа_нәзер ҚАРАҚАЛПАҚ ҚЫЗ-ЖӘЎАНЛАР КИЙИМИ «КӨККӨЙЛЕК» ҲӘМ ОНЫҢ КӨРКЕМ БЕЗЕЛИЎИ МӘСЕЛЕСИНЕ Қарақалпақ сәниятының тәкирарланбас естеликлериниң бири көккөйлек болып есапланады. Ҳешбир халықта басқа үлгиси болмаған бул салтанатлы кийим түри сүўретлеў ҳәм кестешилик өнериниң әжайып үлгиси сыпатында баҳаланып келмекте. Этнограф А.Алламуратов «көккөйлек» атамасының айырым орынларында «бояқ көйлек», «кестели көйлек» деп аталатуғынлығы ҳаққында да жазған [1: 16]. Көйлектиң усылай аталыўы, оның көк түс пенен боялыўы ҳәм түрли-түсли кесте менен өрнеклениўине байланыслы келип шыққан. Көйлектиң безелиўинде алпыстан аслам нағыс түрлери қолланылады. Соның онлаған түри тек жағаны кестелеўде ислетиледи. Солай екен, көккөйлек – халық қол өнериниң өзгешелигин көрсетиўши жекке-сийрек ушырасатуғын қәдириятлар қатарына киреди.
Дерек: Tariyxqa_nazer
https://t.me/ibratli_sozler