ch
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

前往频道在 Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

显示更多

📈 Telegram 频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... 的分析概览

频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) 哈萨克语 语言赛道中的 是活跃参与者。目前社区聚集了 18 826 名订阅者,在 宗教与灵性 类别中位列第 4 312,并在 哈萨克斯坦 地区排名第 445

📊 受众指标与增长动态

невідомо 创建以来,项目保持高速增长,吸引了 18 826 名订阅者。

根据 03 七月, 2026 的最新数据,频道保持稳定运转。过去 30 天订阅人数变化为 -284,过去 24 小时变化为 -14,整体触达仍然可观。

  • 认证状态: 未认证
  • 互动率 (ER): 平均受众互动率为 26.56%。内容发布后 24 小时内通常能获得 19.99% 的反应,占订阅者总量。
  • 帖子覆盖: 每篇帖子平均可获得 5 002 次浏览,首日通常累积 3 765 次浏览。
  • 互动与反馈: 受众积极参与,单帖平均反应数为 43

📝 描述与内容策略

作者将该频道定位为表达主观观点的平台:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

凭借高频更新(最新数据采集于 04 七月, 2026),频道始终保持新鲜度与高覆盖。分析显示受众积极互动,使其成为 宗教与灵性 类别中的关键影响点。

18 826
订阅者
-1424 小时
-827
-28430
帖子存档
#Ибратлы_ўақыя 💫Бир ҳаял көшеде кетип баратырса көше бойында қолына шыбық алып жер сызып отырған жас балаға көзи туседи және қызығып қасына барып сорайды: - Балам не ислеп отырсаң? - деп. Бала да: - Жәннеттен жер сатып отырман деп жуап береди. Баланың сөзине ҳайран болған ол күлип қәне маған сат онда, қанша турады? - дейди. 40мың сом  апа - дейди бала. Хаял балаға айтқан пулын услатып жолын даўам етеди. Сол күни ҳаял түс көреди. Түсинде..жәннетте жүрген болады ҳәм көрген түсин кийеўине айтып береди, бала туўралы да. Куйеуи дәрриў сол жерге бет алып балаға барады хәм балаға қарап ,балам сени жәннеттен жер сатып отыр деп еситтим сол распа ? - дейди. - Бала аўа деп жуўап қатады. Онда мағанда жер орын сат, қанша турады деп сорайды? Бала: Мың триллион сом-деп жуўап береди. Не деп турсаң балам сен? Мениң ҳаялыма 40мың сомға ғана  саткан екенсең! Бала: Ҳаял ол пулды жәннеттен жер ушын емес, ал мениң #кеўлим_ушын, #кеўлимди_табыў ушын берди деп жуап береди.✨ Ал сиз не, жәннетти сонша арзан деп ойладыңызба? - Негизи жәннет арзан да қымбатта емес, жәннет алыў кеўил табыўдан болады, деп жууап береди бала. КЕЎИЛ ДЕГЕН АЛЛАНЫҢ, ЖАРАТЫЎШЫНЫҢ НӘЗЕРИ ТҮСЕТУҒЫН ЖЕРИ, ОНЫҢ АМАНАТЫ. Сол себепли биреўдиң кеўлине тийиу, оны бузыу мың "Каабаны" қыйратып бузыўданда жаман нәрсе. Кеўиллерди қалдырмайық! Кеўиллерге мехир мухаббат пенен, шәртсиз мунәсибет пенен жол табайық.. Бир мәрте берилетин өмирде бир -биримизге мийирман болып кеўлин сындырмайық! https://t.me/ibratli_sozler

"Қосық айтсам" 🎤Айгул Надырова. https://t.me/ibratli_sozler

​​Қашандур өмир сизге жылаў ушын жүзлеген себеплерди көрсетсе, Сиз оған күлимлеў ушын себеп бола алатуғын мыңлаған себеплериң
​​Қашандур өмир сизге жылаў ушын жүзлеген себеплерди көрсетсе, Сиз оған күлимлеў ушын себеп бола алатуғын мыңлаған себеплериңиз бар екенин көрсетиң. Ҳәр кунги турмысыңызды көтериңки кейпиятта болыўға мүмкиншилик бериң!
🌤Күниңиз кеўилли өтсин!
https://t.me/ibratli_sozler

#Сиз_ушын Турмыс – ең жақсы муғәллим, ол сөйлей алмаса да жақсы түсиндиреди. Турмыс – әдил төреши, онда ҳеш ким бузып ойнай а
#Сиз_ушын Турмыс – ең жақсы муғәллим, ол сөйлей алмаса да жақсы түсиндиреди. Турмыс – әдил төреши, онда ҳеш ким бузып ойнай алмайды. Турмыс – уста тәрезиши, неге ылайық болмаңыз тек соны береди. Турмыс – сондай қосықшы, адамларды қәлеген намасына ойнатады. Турмыс – ақыллы данышпан, сизге не жақсы, не жаман екенин еслетип турады. Турмыс – бахыт ҳәм бахытсызлық... ...арзыў ҳәм әрман... ...муҳаббат ҳәм жек көриў... ...ҳүрмет ҳәм иллет... ...дана ҳәм надан... ...ақыбет ҳәм ғәплет киби жуплардың жыйындысы... Турмыс – баҳаларыңыз жыйналып туратуғын күнделик... ...Ақырында баҳаларыңызға қарап я жәннет, я дозаққа жолланба аласыз... Турмыс – кишигирим қыйтақ жер, оған қәлесеңиз гүл егесиз... ...қәлесеңиз тикензарға айландырасыз... https://t.me/ibratli_sozler

#ибрат Өмирден бир сабақ... Әййемде патшалардан бири ағаш устасын өлимге ҳүким етти. Хабар жетип барғаннан соң ол тынышсызланып, уйқысы қашты. Ҳаялы айтты: «Азаматым, уйқылаң, Рәбб – биреў, ал жол көп». Бул сөз оның қәлбине қәтержамлық салды. Кейин уйқылап қалды. Азанда есик қағылды. Ағаш устасы ҳаялына кейпиятсыз қарап қойды. Суўық демин алып, қалтырап есикти ашты. Есик алдында еки сақшы кеўилсиз ҳалда турған екен. -Тез бол! Патша қайтыс болды. Оған табыт ислеўиң керек. Ағаш устасы ҳаялына қарады. Ал, ҳаялы: - Мен не деген едим. Рәбб – биреў, жол көп, деп кеше айтқан сөзин тәкирарлады. Ибрат ҳәм жуўмақ Бенде шамалайды, ал Аллаҳ анық ис қылады. Арыз-шағымларыңызды Оның Өзине ғана айтың! https://t.me/ibratli_sozler

* * * Таўларды тыңласам, бийик бол, дейди, Суўларды тыңласам, тынық бол, дейди, Ғаррыны тыңласам, тәкаббир болма, Сабырлы, пә
*     *     * Таўларды тыңласам, бийик бол, дейди, Суўларды тыңласам, тынық бол, дейди, Ғаррыны тыңласам, тәкаббир болма, Сабырлы, пәкизе, тынық бол, дейди. Китапты тыңласам, ақыл бол дейди. Өмирди тыңласам, гәпим мол дейди. Өзимди тыңласам, өзимшил болма, Адамға баўырман, жақын бол, дейди.Төлепберген МӘТМУРАТОВ Каналымыз:👇👇👇👇👇 https://t.me/ibratli_sozler

#Китапдан үзинди Дым исенбесеңде адам бузылады... 📜"Тербенбес" https://t.me/ibratli_sozler
#Китапдан үзинди Дым исенбесеңде адам бузылады... 📜"Тербенбес" https://t.me/ibratli_sozler

" Қурылысшы достым " Даўытбай Қайыпов https://t.me/ibratli_sozler

#Қайырлы_түн Түнди Аллаҳ жаратқан тынықсын деп, Ал күндизди мийнет етип шынықсын деп. Қайырлы түн тиледим шын жүректен, Таң а
#Қайырлы_түн Түнди Аллаҳ жаратқан тынықсын деп, Ал күндизди мийнет етип шынықсын деп. Қайырлы түн тиледим шын жүректен, Таң атарда шад болып оянсын деп. Қайрлы түн Қәдирданлар https://t.me/ibratli_sozler

"Пилқала" археологиялық естелиги Қарақалпақстан Республикасының қайсы аймағында жайласқан?
Anonymous voting

Салғырт-?
Anonymous voting

Пахтадан, жүннен оралып исленетуғын, шүтик шыраларда қолланылған ....?
Anonymous voting

Жүўендеги суўлыққа бекитилген,услап отыратуғын узынша жип-?
Anonymous voting

🎤Гулдасте Курбанбаева "Туўған жер" Кешки кейпият ушын. ❤️❤️❤️❤️❤️❤️❤️❤️❤️ https://t.me/ibratli_sozler

📹 Қарақалпақ халқының салт-дәстүрлеринде ерте дәўирдиң “Ҳәўжар” дәстүр қосықлары. https://t.me/ibratli_sozler

..... Заманында үйимизде ең қәдирли болған мүликлер: 1. ЛЕНТАЛЫ МАГНИТОФОН~70-жыллардағы жаслардың бириниң қолы жетсе, бириниң қолы жетпей,  гейде ленталарын шубатылдырып алып қайта орап, отырар едик. Бул магнитофонныңда  ҳәзирги флешкарталар сыяқлы мүмкинликлери көп еди: қосықларды жаздырып алыў, даўысты жаздырыў.  Соның менен бирге сол ўақыттағы муғаллимлер  ушын таптырмас техникалық қурал еди, сабақ барысында оқыўшыларға керекли материалды магнитофонға жаздырып алып тыңлататуғын еди. 2. ОНЫНШЫ ШЫРА~шыралар оныншы, жетинши, шүтик шыра деп бөлинетуғын еди. Шүтик шыралар 50-жылларға шекем қолланылған, онда пахтадан пилте жасап,  моржасыз жаққан. Әлбетте,  бундайда үйдиң иши ыс, майдың ийиси болары сөзсиз, бирақ жарығы онша алысқа түспей, жақын аралыққа ғана түсер екен. Сол ўақытлары оқыўшы болған ата-аналарымыз:--"сабақты шүтик шыраның жақтысында таярлайтуғын едик",--дейди.  ЖЕТИНШИ ШЫРА~моржасы ҳәзирги биз көрип жүрген моржалардан жиңишкелеў, шыраның пәнжиреси де   (моржа салынатуғын уясы) кишилеў болатуғын еди.   Бул шыраның шүтик шырадан әдеўир жоқары парқы болған, жақтысы да күшлирек. Оныншы шыра--сүўретте көрип турған шыраңыз:  бул жүдә абырайлы шыра болып,  әдепки ўақытта бардамлы шаңырақлар жоқары қалалардан алдырып жағатуғын болған,  еки оныншы шыра жағып қойсаң  свет жаққандай болады,  соңын ала,  яғный урыстан соңғы жыллары халықтың турмысы жақсыланып,  оныншы шыраға да қоллары жетисти. Не ушын оныншы,  жетинши десек:  моржаның размери,  яғный жоқарғы түтин шығатуғын моржаның аўзының, '(диаметри 7,10мм) үлкенлигине қарап "жетинши моржа, :оныншы моржа",--деп бөлинеди. Бул шыралар лампамай (керосин) менен жанатуғын еди, 'арнайы лампамай сататуғын орынлар болып, "лампамайшы",  "майшы" лақабына ийе болған адамлар да болды,  лампамайдың 5 литрин 40 тийинге алатуғынымыз ядта қалыпты.😊😊 3. РАДИО~мына сүўреттегидей радио аппаратларын байланыс бөлимлери өзлери әкелип үйлерге қурып берип кететуғын еди.  Ҳәр бир үй радиосыз болмаўы керек,  және ҳақысыз пулсыз қурып берип кетеди, айына төлеп туратуғын абонентлик төлем мениңше  50 тийин еди.  Азанлы-кеш барлық дүнья хабарын,  қосықлар тыңлап отырасаң. "Театр микрофон алдында",--деген еситтириўде пьесалар беретуғын еди.       Еле ядымда:-"Ерназар алакөз",--пьесасын берди,  үйге келип отырған қонақлар,  үйдиң иши өз-ара сөйлесиўлерин тоқтатып,  бар ықласы менен пьесаны тыңлады.  Ең соңында Қутым суўпы Ерназар алакөзди арқадан атқанда үйдеги отырғанлар қәдимгидей қыйланысып:---"әттегене ай",---десип жиберди.  Әлбетте,  үлкенлердиң бул қыйланыўлары бизлер балаларға қатты тәсир етти.  Ертеңине ақ Бердақтың 50-жылы шыққан қосықлар топламынан   "Ерназар бий" дәстанын таўып оқыдым.  Бул радионың тек үлкенлерге емес,  биз балаларға да тәрбиялық әҳмийети күшли болғанын айтқым келеди. Үлкенлердиң Айымхан Шамуратованың қосықларын бас шайқап отырып тыңлаўлары сондай өнер ийелерине деген ҳүрметимизди тәрбиялады.  Бақсы-жыраўлардың сап,  тынық даўыс пенен айтылған дәстанларын тыңлап,  оны үйдеги үлкенлердиң,  келген қонақлардың қосымша халық аўзындағы әңгимелер менен толықтырып,  талқылауларын тыңлап өскенликтен бул радио 40-50-60- жыллар жаслары ушын қәдирли мүлик. 4. ТҮТЕ САБАҚ~сол ўақыттағы атамасы солай айтылар еди.  Булар ең сапалы сабақлар болып,  үзилмейтуғын беккемлиги менен есимизде қалды,  бир данасы 10 тийин еди. --"Жибине қарай ийнеси",---демекши,  сол ўақыттағы гезлемелер де беккемлиги,  тегинликте жыртылмайтуғынлығы менен, әсиресе,  кийим шыдатпайтуғын кишкене балалардың есинде қалды. ««««««««««««×÷×»»»»»»»»»»» Пост Shahzoda Allamuratova каналынан. https://t.me/ibratli_sozler