2 888
订阅者
-424 小时
+307 天
-1830 天
帖子存档
Рюға
Жолланба шықты рюға
Кетким келмей оқыўға
Қулпы едим үйимниң
Гилти едим кеўилдиң
Еки көзим арқамда
Айлық соңы қалтамда
Кеўил бөлип кеталмай
Шарасыз турман айталмай
Зордан шықтым үйимнен
Хабар келмес кейнимнен
Онлайын оқып неше жыл
Сақыт еттим ийнимнен
Қызықлы оқыў басланды
Машқалалар тасланды
Биреўин шешип-шешалмай
Тақыр маңлай қасланды
Көп екен ғой жаңалық
Өзимнен таўып шалалық
Санлы техналогия әсири
Оқытыўға тийди тәсири
wordwall, canva, lerningapps
Googleдан тезде изле, тап.
Тапсырма, ойын шынығыў
Дәўир талабы оқыўшы бап
Ҳапте отты зуўылдап
Қоңыраў шалынды шырылдап
Келгим келмей келип ем
Кеталмай турман мырылдап
Юлдашова Наргиза
Беруний рн
20 04 2024
Repost from IKT hám mediasawatlılıq
37-sanlı mektep baslawısh klass oqıtıwshısı Malika Bazarbaevanıń sabaq processinen kórinisler
Repost from QR PEDAGOGIKALÍQ SHEBERLIK ORAYÍ
Бүгин 9-сентябрь күни барлық жоқары оқыў орынларында ҳәм Педагогикалық шеберлик орайында жаңа оқыў жылы басланды.
Педагогикалық шеберлик орайында 9 –14-сентябрь күнлери қәнигелигин арттырыў курслары режесине тийкарланып 19 бағдар бойынша 27 топарда 692 тыңлаўшы билим алады.
Педагогикалық шеберлик орайының мақсети – тәлим-тәрбия процесин мәмлекетлик билимлендириў талапларына муўапық жоқары илимий-методикалық дәрежеде тәмийинлеў, сондай-ақ, оқытыўдың интерактив усыллары бойынша кәсиплик ҳәм педагогикалық шеберликти турақлы түрде раўажландырыўға көмеклесиў ушын зәрүр болған кәсиплик билим ҳәм көнликпелерди үзликсиз жаңалап барыў, тәлим-тәрбия процесин шөлкемлестириўдиң жаңа принциплери ҳәм заманагөй усылларын енгизиў, педагогларды жаңа методикаларға үйретиўди және де жетилистириў, оларда устазлық көнликпелерин қәлиплестириў, уқыплылық талаплары, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер менен таныстырып барыў болып есапланады.
👉@malakanews
