2 895
订阅者
-124 小时
+197 天
+1030 天
帖子存档
Қонырат районы 15-мектеп Информатика ҳәм ИТ пәни оқытыўшысы Мухаммед Бекмурзаев Google for education халықаралық сертификат алыўға мияссар болыпты. Устазымызды қутлықлаймыз!!!
Бул сертификат 19.05.2022-жыл кунги ПФ-134 санлы қарары, ӨзР Билимлендириў Министрлиги ҳәм Финанс Министрликлериниң 12.08.2022 кунги 4195-санлы қоспа қарарларына тийкарланып оқытыўшы ис ҳақысына тийисли тәртипте устеме ҳақы қосылыўын тәмийинлейди. Өз хүжетлерин үстеме ушын тапсырған.
Жумысларында табыслар тилеп қаламыз.
Бул сертифкат Google имканиятларын педагогикалық искерлигиңизде пайдалана алыў шеберлигиңиз ушын бериледи.
Устазлар Сизлерде ҳәрекет қылып көриң, сизлердиңде қолыңыздан келеди!!!
Repost from IKT hám mediasawatlılıq
Assalawma aleykum Ustazlar, bular canva.com arqalı tayarlanǵan didaktikalıq materiyalar, álbette qáteler bolıwı múmkin, bulardıń barlıǵı canvadaǵı tayyar shablonlar, álbette olar shet tilinde berilgen boladi, men tek hár túrli pánlerden usı úlgilerdi tańlap alıp awdarmlap usı kanalıma qoyıw ushın tańlap alǵanlarım, bundaǵi maqset sabaqlarımda canva.com haqqında qıshqasha maǵlıwmat berip ketemen, sol maǵlıwmatlardı tolıqtırıw, hám oqıtıwshınıń jumısın jeńillestiretuǵın imkaniyatların ashıp beriw maqsetinde qoyǵan edim, eger sizge áyne usılardıń ishinnen birewin paydalanbaqshı bolsańız biymálel, paydalanıwıńız múmkin, eger qátesi bolsa qaytadan redaktorlap beiriwim múmkin. Eger sizge basqada usınday didaktikalıq materiyallar kerek bolsa yamasa óz talǵamıńız benen tayarlamaqshı bolsańız onda sizge canva.com nan paydalanıwdı máslahat bergen bolar edim. Proekt jumıslarında shólkemlestiriwińiz múmkin
Ҳүрметли Информатика ҳәм ИТ пәни оқытыўшылары ушын 50% үстеме беретуғын халық аралық Google for education серификаты ҳаққында мағлыўматлар берип өтпекшимен. (мағлыўматлар менен «комментарии» бөлиминде танысасыз)
Бул сертифкат Google имканиятларын педагогикалық искерлигиңизде пайдалана алыў шеберлигиңиз ушын бериледи. Булардың айрымлары менен таныссыз әлбетте ( мысалы ушын google classroom, google meet, google disk ҳ.т.б. ). Яғный сизиң усы имканиятларыннан пайдалана алатуғыныңызды дәлиийлеўши сертифкат. Сиз бул курсларды бийпул оқып алыўыңыз мүмкин. Жақсылап танысып алғаннан кейин эгзаменге регистрациядан өтип пул төлейсиз, level 1 ушын 10$, level2 ушын 25$. Егер сиз google усынған курсты оқып шықсаңыз сораўлар сиз ушын қыйын болмайды.
Бул сертифкат сизге айлықларыңызға 50% лик үстеме менен бирге, егер сиз бул сертифкатты алыўға ҳәрекет қылып гугл имканиятлары менен танысып шығатуғын болсаңыз, сизиң сабақларыңыз еледе қызықлы ҳәм нәтийжели болатуғыны сөзссиз. Өзлериңизди сынап көриң. Әўмет!
Пригласите участников на свою викторину https://quizizz.com/join?gc=420079
