cookie

نحن نستخدم ملفات تعريف الارتباط لتحسين تجربة التصفح الخاصة بك. بالنقر على "قبول الكل"، أنت توافق على استخدام ملفات تعريف الارتباط.

avatar

BILIMLENDIRIW PRESS/ TAXIR DAULETMURATOV

Bul kanalda bilimlendiriwge tiyisli jańalıqlar sáwlelendirilip barıladı.

إظهار المزيد
مشاركات الإعلانات
3 099
المشتركون
-1324 ساعات
-887 أيام
-35730 أيام

جاري تحميل البيانات...

معدل نمو المشترك

جاري تحميل البيانات...

Жоқары ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлериниң студентлери ҳәм оқыўшыларына бюджет қаржылары есабынан тәлим кредитин ажыратыў тәртибин жетилистириў ҳаққында 2024-жыл 27-май, ПФ-82-санлы Президент пәрманы Бизге ағза болың 👉 https://t.me/bilimlendiriwpress
إظهار الكل...
👍 1
Mектеплерде қағазбазлық тоқтатылама? Мәлимлеме-коммуникация технологиялары имканиятларынан пайдаланған ҳалда мектеп билимлендириў процессинде артықша қағазбазлықты жоқ етиў арқалы нәтийжелиликке ерисиледи ҳәм басқарыў процесслериниң ашықлығы тәмийинленеди. Мәлим болыўынша кейинги оқыў жылынан баслап электрон баҳалар табели “emaktab.uz” платформасында автоматикалық тәризде қәлиплеседи ҳәм ата-аналар ушын системадан жүклеп алыў имканияты жаратылады. “Нәтийжеде табельдеги баҳаларды өзгертиў ҳәм қәлбекилестириўдиң алды алынады”, – делинеди хабарда. Бизге ағза болың 👉 https://t.me/bilimlendiriwpress
إظهار الكل...
01:44
Video unavailableShow in Telegram
#АНОНС ТЕЛЕВИКТОРИНА ОЙЫНЫН ТАМАША ЕТИҢ! 🟣Мектеп оқыўшылары арасында өткерилген “Билимлилер бәйгиси” телевикторина ойынының II басқыш 8-ойынында И.Юсупов дөретиўшилик мектеби ҳәм Қараөзек районы оқыўшы жаслары өз ара беллескен еди. ⏰Бул көрсетиў 1-июнь күни саат 19:20 да «Қарақалпақстан» телеканалында нәзериңизге усынылады. ✅Өткерип жибермең! Бизге ағза болың 👉 https://t.me/bilimlendiriwpress
إظهار الكل...
Photo unavailableShow in Telegram
Алдын хабар бергенимиздей, мектеп оқыўшылары арасында өткерилген «Билимлилер бәйгиси» телевикторина ойынының I басқышы жуўмақланып, ойынның II басқышы даўам етпекте. (жоқарыдағы кесте бойынша) Бизге ағза болың 👉 https://t.me/bilimlendiriwpress
إظهار الكل...
00:38
Video unavailableShow in Telegram
«PITKERIWSHI PARTY» фестивалы Бүгин саат 19:00 де Жаслар орайы имараты алдында Бизге ағза болың  👉 https://t.me/bilimlendiriwpress
إظهار الكل...
👍 1
Photo unavailableShow in Telegram
Министр орынбасары М.Шлымбетова қайсы мектепке барды — Соңғы қоңыраў Министр орынбасары пайтахтымыздағы 46-санлы мектепте болды. Бизге ағза болың  👉 https://t.me/bilimlendiriwpress
إظهار الكل...
👍 4
Photo unavailableShow in Telegram
Министрдиң биринши орынбасары қайсы мектепке барды — Соңғы қоңыраў ҚР Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министриниң биринши орынбасары А.Даулетбаев пайтахтымыздағы 3-санлы мектепте болды. Бизге ағза болың  👉 https://t.me/bilimlendiriwpress
إظهار الكل...
👍 2👏 1
Министр қайсы мектепке барды — Соңғы қоңыраў ҚР Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министри Г. Кожабаева пайтахтымыздағы 4- ҳәм 33-санлы мектеплерде болды. Бизге ағза болың  👉 https://t.me/bilimlendiriwpress
إظهار الكل...
1
Photo unavailableShow in Telegram
Мамлакатимиз мактабларини битирувчи ўғил-қизларимизга табрикПоздравление выпускникам школ нашей страны Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
إظهار الكل...
Президент мектеплери ушын ҳүжжетлер қабыллаў 1-июньнан басланады Ҳүжжетлер 20-июньға шекем онлайн формада ariza.piima.uz сайты арқалы қабыл етиледи. ❓ Президент мектеплерине қандай ҳүжжетлер талап етиледи? ✅ Талабанның: ➖ туўылғанлығы туўралы гүўалығы; ➖ фотосүўрети (ақырғы 2 айда алынған); ➖ ата-анасы ямаса оның орнын басыўшы шахстың паспорт мағлыўматлары ҳәм телефон номерлери (турақлы түрде ислеп турған телефон номерлери) анық ҳәм қәтесиз киритилиўи керек; ➖ баҳалар табели нусқасы (директор тәрепинен тастыйықланған). ❓Президент мектеплерине қайсы классқа неше оқыўшы қабыл етиледи? ✅ Улыўма билим бериў мәкемелериниң 4-класын тамамлаған оқыўшылар Президент мектеплериниң 5-класына белгиленген жыллық қабыл квотасы шеңберинде еки классқа 12 оқыўшыдан (жәми 24) қабыл етиледи. ❓Қәлеген аймақтағы Президент мектебине тапсырса болама? ✅ Яқ. Оқыўшылар тек билим алып атырған аймақтағы Президент мектебине ҳүжжет тапсырыўы мүмкин. Мысал ушын, Қарақалпақстан Республикасындағы мектеп оқыўшылары тек Нөкис қаласындағы Президент мектебине, Андижан ўәлаятындағы мектеп оқыўшылары болса тек Андижан қаласындағы Президент мектебине ҳүжжет тапсырыўы мүмкин. ❓Президент мектепке ҳүжжет тапсырыў ушын оқыўшының баҳаларына қандай талап қойылады? ✅ Талабанның математика ҳәм тәбияттаныў пәнлеринен 4-класстағы жыллық баҳасы 5 (айрықша) болыўы керек. Басқа пәнлерге бундай талап қойылмайды. Баҳалар табелиниң нусқасы мектеп директоры тәрепинен тастыйықланған болыўы шәрт. Бизге ағза болың 👉 https://t.me/bilimlendiriwpress
إظهار الكل...
👍 3