cookie

نحن نستخدم ملفات تعريف الارتباط لتحسين تجربة التصفح الخاصة بك. بالنقر على "قبول الكل"، أنت توافق على استخدام ملفات تعريف الارتباط.

avatar

RÁWIYAT.UZ

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Тақыятаc районы ״Сары ийшан" жаме мешитиниң телеграм каналы Имам-хатиб Ѳмирзаков Рафатдин Имам-найыб: Шразатдинов Аскар. Имам-найыб: Жоллыбеков Орынбек Пуқараларды қабыллаӯ күни-ҳәптениң саршемби күни

إظهار المزيد
مشاركات الإعلانات
283
المشتركون
-124 ساعات
-27 أيام
-530 أيام

جاري تحميل البيانات...

معدل نمو المشترك

جاري تحميل البيانات...

Photo unavailableShow in Telegram
Кайырлы тун!! Тақыятас районы намаз уақытлары. •┈•┈┈•┈•⊰♾☘🌹☘♾⊱•┈•┈┈•┈• Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! ✅https://t.me/rawiyatuz
إظهار الكل...
күн_ҳикмети    Еки ағалы-инили бир-биринен ренжип қалыпты. Ағасы "иним келип кеширим сорар” деп күтипти. Ол келе қоймайды. Шыдамаған ағасы инисине келеди. Сөйтсе, иниси де сағынып жүр екен. Ағасын көре салып, қушақлап жылап жиберипти. Сонда, ағасы: – Сен кишисең-ғой, не себептен биринши болып келип, кеширим сорамадың? – дейди Сонда иниси: – Туўысқаным ағам-аў, ким биринши болып кеширим сораса, сол мол саўап алады дейтуғын еди. Сол саўапты өзиме қыймай сизди алсын деп турған едим, – депти көз жасын сүртип. •┈•┈┈•┈•⊰♾☘🌹☘♾⊱•┈•┈┈•┈• Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! ✅https://t.me/rawiyatuz
إظهار الكل...
RÁWIYAT.UZ

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Тақыятаc районы ״Сары ийшан" жаме мешитиниң телеграм каналы Имам-хатиб Ѳмирзаков Рафатдин Имам-найыб: Шразатдинов Аскар. Имам-найыб: Жоллыбеков Орынбек Пуқараларды қабыллаӯ күни-ҳәптениң саршемби күни

#рәўият #тәрбия               Уллылар нәсияты       Ҳеш бир мусылманды пәс санама! Өзиңди оннан жақсы деп билме. Себеби, бул нәрсе әмеллериңди бийкар етип жибериўи мүмкин.       Рәўият етилиўинше, Ийса алайҳиссалам өзиниң бир ҳаўарийси (Пайғамбар жәрдемшиси) менен айланып жүрген еди. Бир қала алдынан өтти. Сол қалада бир қарақшы адам бар еди. Ол буларды көрип ишинде өзине-өзи "Бул Ийса Аллаҳтың пайғамбары, бул болса  оның ҳаўарийи. Сен кимсең? Жол тосыўшы бир қарақшы..." – деди. Тәўбе етип олардың қасына келди. Олар менен бирге жүрмекши болып тоқтатты ҳәм "Мен булар қатарында жүриўге ылайық емеспен. Соның ушын бир гүнакар сыпатында олардың изинен жүремен" – деп оларға жақынласпай, олардың изинен жүре баслады. Сонда ҳаўарий оны изинен киятырғанын көрип ишинде "Бул ийт ким болыпты, бизлердиң изимизде жүреди" – деп ойлады.       Сол пайытта Аллаҳ таала Ийса алайҳиссаламға ўәҳий қылды: "Анаў екеўине айт. Әмеллерин басынан басласын. Қарақшыны өзин кишипейил тутқаны ҳәм тәўбеси ушын мәғфират қылдым. Ал, ҳаўарийди, менменсирегени ушын барлық әмеллерин бийкар еттим".       Бану Исрайыл пайғамбарларынан бири өз қәўмине "Маған ең жақсыларыңызды алып келиңлер" – деди. Оған бир кисини алып келди.  Пайғамбар оған "Сиз маған ең жаманларыңызды алып келиң" – деди.     Бираздан соң ол киси өзи қайтып келди ҳәм "Өзимнен жаманын таўалмадым" – деди.           Сонда пайғамбар "Ҳақыйқатта сиз олардың ең жақсысы екенсиз" – деди. Ибн Қудама Мақдисий •┈•┈┈•┈•⊰♾☘🌹☘♾⊱•┈•┈┈•┈• Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! ✅https://t.me/rawiyatuz
إظهار الكل...
RÁWIYAT.UZ

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Тақыятаc районы ״Сары ийшан" жаме мешитиниң телеграм каналы Имам-хатиб Ѳмирзаков Рафатдин Имам-найыб: Шразатдинов Аскар. Имам-найыб: Жоллыбеков Орынбек Пуқараларды қабыллаӯ күни-ҳәптениң саршемби күни

НАМАЗДАҒЫ ҲАЛАТЛАРДЫҢ ФИЗИКАЛЫҚ ПАЙДАЛАРЫ  Қыям - Тик турыў: — Белдеги аўырыўлардың 25% кемейиўи. — Дизелердеги аўырыўлардың 52% кемейиўи. — Алақанлардағы аўырыўлардың 32% кемейиўи. — Аяқ бармақларындағы аўырыўлардың 22% кемейиўи.  Рукуъ ҳалаты: — Белдеги аўырыўлардың 18% кемейиўи. — Таз буўынлардағы аўырыўлардың 31% кемейиўи. — Дизелердеги аўырыўлардың 63% кемейиўи. — Алақанлардағы аўырыўлардың 32% кемейиўи. — Аяқ бармақларындағы аўырыўлардың 22% кемейиўи.  Сәжде ҳалаты: — Белдеги аўырыўлардың 24% кемейиўи. — Алақанлардағы аўырыўлардың 27% кемейиўи. — Аяқ бармақларындағы аўырыўлардың 13% кемейиўи. — Дизелердеги аўырыўлардың 53% кемейиўи. — Билеклердеги аўырыўлардың 28% кемейиўи.  Қаада ҳалаты: — Белдеги аўырыўлардың 37% кемейиўи. — Аяқ бармақларындағы аўырыўлардың 17% кемейиўи. — Дизелердеги аўырыўлардың 53% кемейиўи Умытпаң! Намаз оқыўдан негизги мақсет - Аллаҳ таала буйырған әмелди орынлаў арқалы, Оның разылығына ерисиў, жәннетте Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам менен бирге болыў! •┈•┈┈•┈•⊰♾☘🌹☘♾⊱•┈•┈┈•┈• Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! ✅https://t.me/rawiyatuz
إظهار الكل...
RÁWIYAT.UZ

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Тақыятаc районы ״Сары ийшан" жаме мешитиниң телеграм каналы Имам-хатиб Ѳмирзаков Рафатдин Имам-найыб: Шразатдинов Аскар. Имам-найыб: Жоллыбеков Орынбек Пуқараларды қабыллаӯ күни-ҳәптениң саршемби күни

ҳикмет "Адамлар не дейди?" деп, көплеген саўаплы ислерден бос қаламыз. "Адамлар не дейди?" деп, билип-билмей бидъат-хурафатларға қол урамыз, гүна арттырамыз. Ойлап қарасақ, адамлар ушын жасап атырғандаймыз. Өзимиз ушын қашан жасаймыз?! •┈•┈┈•┈•⊰♾☘🌹☘♾⊱•┈•┈┈•┈• Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! ✅https://t.me/rawiyatuz
إظهار الكل...
RÁWIYAT.UZ

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Тақыятаc районы ״Сары ийшан" жаме мешитиниң телеграм каналы Имам-хатиб Ѳмирзаков Рафатдин Имам-найыб: Шразатдинов Аскар. Имам-найыб: Жоллыбеков Орынбек Пуқараларды қабыллаӯ күни-ҳәптениң саршемби күни

пикирлеў АЛЛАҲ ТААЛА ҲАҚҚЫНДА ЖАҚСЫ ГҮМАНДА БОЛЫҢ! Бир адам көз тийиўинен қорқатуғын еди. Бир күни ырасында да оған көре алмаўшының көзи тийеди. – Басқа биреў "усы жылы оқыўға кире алмайман" деп уўайымлайды, тап сол жылы оқыўға кире алмайды. – Бир ҳаял күйеўи ямаса перзентлери аўырып қалыўынан қорқады, ақыбетте сол ис болады, яғный олар аўырады. Неге тап қорққан нәрсеңиз болыўын билесиз бе? Буның себеби мына ҳәдиси қудсийда келген. Аллаҳ таала ҳәдиси қудсийда былай дейди: "Мен бендемниң мен ҳаққымдағы гүманындаман" деген. Солай екен, Аллаҳ ҳаққында жақсы гүман қылың, ким шырайлы гүман қылса, сәтлиликке ериседи. •┈•┈┈•┈•⊰♾☘🌹☘♾⊱•┈•┈┈•┈• Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! ✅https://t.me/rawiyatuz
إظهار الكل...
RÁWIYAT.UZ

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Тақыятаc районы ״Сары ийшан" жаме мешитиниң телеграм каналы Имам-хатиб Ѳмирзаков Рафатдин Имам-найыб: Шразатдинов Аскар. Имам-найыб: Жоллыбеков Орынбек Пуқараларды қабыллаӯ күни-ҳәптениң саршемби күни

👍 1
Photo unavailableShow in Telegram
Ассаламу алайкум Аллаҳ таала бүгинги күнди кешеги күннен жақсырақ, үнемлирек, пайызлы ҳәмде берекетлирек қылып берсин. Аллаҳ тааладан бүгиниң жаманлықларынан пана сораймыз. •┈•┈┈•┈•⊰♾☘🌹☘♾⊱•┈•┈┈•┈• Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! ✅https://t.me/rawiyatuz
إظهار الكل...
👍 1
Photo unavailableShow in Telegram
Кайырлы тун!! Тақыятас районы намаз уақытлары. •┈•┈┈•┈•⊰♾☘🌹☘♾⊱•┈•┈┈•┈• Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! ✅https://t.me/rawiyatuz
إظهار الكل...
👍 3
Photo unavailableShow in Telegram
#пикир    Мүләйим болсаң, сүмелек екен, дейтуғынлар табылады. Қатал болсаң, меҳирсиз, тасбаўырға шығарады. Илимнен сөйлесең әмел қылыў да керек-ғой, дейди. Әмел қылсаң, алдын жақсылап үйрен, дейди.    Мақтасаң, жалатай боласаң, сынын айтсаң, иши тарға айланасаң.    Ҳақты айтсаң, орны емес, дейди, Үндемесең, қорқаққа шығарады. Бай болсаң, ҳарамнан тапқан, кәмбағал болсаң, ериншек боласаң.    Адамлар сондай достым. Олар бәри бир гәп-сөз қылады. Олар бәри бир тыныш қоймайды. Олар бәри бир разы болмайды.    Сен оларға көп итибар берме! Сен өзиңди Жаратқанды разы қылыўға урын! Саған хақыйқый баҳаны Ол қояды, адамлар емес! •┈•┈┈•┈•⊰♾☘🌹☘♾⊱•┈•┈┈•┈• Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!https://t.me/rawiyatuz
إظهار الكل...
👍 2
Әмел_етиң! ӨМИРДИҢ 10 АЛТЫН ҚӘДЕСИ 1. Қоңыраў қылыўға ўәде бердиңизбе, қоңыраў қылың! 2. Кешигип атырсызба, бул ҳаққында ескертип қойың! 3. Басқалардың арзыўын күлки қылыў жақсы емес! 4. Сизге қыянет қылған адамлардың арасына ҳасла қайтпан! 5. Бәрҳа ата-анаңыздың дуўасын алыўға асығың! 6. Әлпайым болың! Бул, айналаңыздағылардан көре көбирек өзиңизге пайда келтириўи анық! 7. Қәтелериңизди мойынлаўды үйрениң! 8. Шағым қылыў әдетин таслаң! 9. Ҳәттеки ең қатал келиспеўшилик жүзеге келгенде де қарсыңыздағы инсанның нәзик тәрепине соққы бермең. Мәрт адамның (мужиктиң) исин қылың! 10. Тек ғана рас сөйлең! Егер рас сөйлеўдиң илажы болмаса, өтирик сөйлемең! •┈•┈┈•┈•⊰♾☘🌹☘♾⊱•┈•┈┈•┈• Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! ✅https://t.me/rawiyatuz
إظهار الكل...
RÁWIYAT.UZ

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Тақыятаc районы ״Сары ийшан" жаме мешитиниң телеграм каналы Имам-хатиб Ѳмирзаков Рафатдин Имам-найыб: Шразатдинов Аскар. Имам-найыб: Жоллыбеков Орынбек Пуқараларды қабыллаӯ күни-ҳәптениң саршемби күни

اختر خطة مختلفة

تسمح خطتك الحالية بتحليلات لما لا يزيد عن 5 قنوات. للحصول على المزيد، يُرجى اختيار خطة مختلفة.