cookie

نحن نستخدم ملفات تعريف الارتباط لتحسين تجربة التصفح الخاصة بك. بالنقر على "قبول الكل"، أنت توافق على استخدام ملفات تعريف الارتباط.

avatar

ДАУЛЕТМУРАТ ТАЖИМУРАТОВ

@tajimuratovdawletmurat

إظهار المزيد
Tajikistan6 563لم يتم تحديد اللغةالسياسة24 257
مشاركات الإعلانات
310
المشتركون
-124 ساعات
-37 أيام
-830 أيام

جاري تحميل البيانات...

معدل نمو المشترك

جاري تحميل البيانات...

👍 1
04:04
Video unavailableShow in Telegram
15.61 MB
👍 1
Х Х Х Қосығым көп мениң еле жазбаған, Жазыў ушын жалғыз өмир аз маған. Мен – есиги жаңа ғана ашылып, Ҳасылыма қол тиймеген қазнаман. Өтседағы жасым елиў асырым, Баладайман, үлеп жүрген асығын. Мен – қазнаман, тағы елиў жылда да Орталанбас жыйнап қойған ҳасылым.https://t.me/tajimuratovdawletmurat
إظهار الكل...
ДАУЛЕТМУРАТ ТАЖИМУРАТОВ

@tajimuratovdawletmurat

Х Х Х Мени оқысын ғаррылар да, жаслар да, Дақылларым енди – енди баслаўда. Тамырлары нық ҳәм өткир болсын деп, Тухымларын шашқан едим тасларға. Көз тиймесин, питик болды егисим, Қысы – жазы мол болады жемисим. Таўға питкен дәнниң ыссы нанынан Дәмин татқан тас жүреклер ерисин!
إظهار الكل...
Х Х Х Шақаларым көп шайқалған шынарман, Ўақтым жетер я биймезгил сынарман. Сол қаралы күн келгенде, изимде Еңиресип қала берер мың әрман. Зилдей турмыс табанында унтайды, Бир күн әжел төсегимди қымтайды. Мен кеткен соң, ул – қызымның жүрегин Шырмап алар мерез шөптей мың қайғы.https://t.me/tajimuratovdawletmurat
إظهار الكل...
ДАУЛЕТМУРАТ ТАЖИМУРАТОВ

@tajimuratovdawletmurat

Х Х Х Адам деген келеди де кетеди, Бул дүнья – бир мийманхана бес күнлик. Дәўран сүрер, жасқа толар етеги, Бирге жасар тынышлық ҳәм кескинлик. Шынында бул сөзлер бурыннан қалған, Бул дүньяға тутқа болмас ҳеш ким де. Сениң бул дүньяға келгениң жалған, Бәрин, бәрин питкермесең бес күнде…
إظهار الكل...
Х Х Х Ағып турған салмадан Атлаған соң армаған, «Жеттим ғой, - деп ойлама, - Мәнзилиме таңлаған». Дәрьялар бар таўланған, Өтерсең көп даўлардан. Мәнзилиңе атларсаң Талай – талай таўлардан…
إظهار الكل...
Х Х Х Басымда ғалма – ғал ғаўлайды, Ишкен ас бойыма сиңбейди. Алдымнан көп көзлер жаўлайды, Артымнан көп сөзлер күнлейди. Жүректи машақат қорыйды, Бул өмир жатырқап сүйдирер. Астымнан ызғар жер сорыйды, Үстимнен от қуяш күйдирер.
إظهار الكل...
01:05
Video unavailableShow in Telegram
Жагабай Анетеов
إظهار الكل...
3.15 MB