cookie

نحن نستخدم ملفات تعريف الارتباط لتحسين تجربة التصفح الخاصة بك. بالنقر على "قبول الكل"، أنت توافق على استخدام ملفات تعريف الارتباط.

avatar

Қараөзек Агроекономика техникумы “Жаслар aўқамы”

Қараөзек Агроекономика техникумы 🏢 Жаслар аўқамы 📍 Техникумда болып өтилетуғын ҳәм болып өтилген барлық тәдбир ҳәм жарыслар усы жерге жайластырылады📍

إظهار المزيد
Uzbekistan52 587لم يتم تحديد اللغةالتعليم109 418
مشاركات الإعلانات
289
المشتركون
لا توجد بيانات24 ساعات
-497 أيام
-35530 أيام

جاري تحميل البيانات...

معدل نمو المشترك

جاري تحميل البيانات...

02:15
Video unavailableShow in Telegram
⚡️Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик университети жанындағы Қараөзек Агроэкономика Техникумы оқыўға мирәт етеди! ➡️@QaraozekHakimligi
إظهار الكل...
18.22 MB
👍 3
Пайдалы мағлыўмат; Пуқараларымыздан тәбийий гәз үскенелеринен абайлы болыўға ҳәмде газ тармағы өшкенинде өширип қойыўына сақлық қа шақырып қаламыз!.
إظهار الكل...
👍 3
Photo unavailableShow in Telegram
Ертең районның барлық аймағында газ өшеди
"Қараөзектумангаз" газ тәмийнаты малим етип билдиреди.
Шымбай, Қараөзек, Тахтакөпир районларын тәбийий газ бенен тәмийинлеўши д-426 мм болған жер асты жоқары басымлы магистрал газ тармағына оңлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы, барлық түрдеги тутыныӯшыларға 2024-жыл 4- июль күни  саат 14-00 ден 18-00 аралығында тәбийий газ жеткерип бериў ўақтынша тоқтатылатуғынлығын хабарлайды. Оңлаў жумыслары жуўмақланғаннан  соң тәбийий газ қайта тикленеди. Газди ашып жағыў ўақтында тутыныўшылардан техника қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиўиңизди соранамыз! Қараөзек районы газ тәмийнаты бөлими ➡️@QaraozekHakimligi
إظهار الكل...
Жаслар ислери агентлиги Қараөзек районлық бөлимин Техникумымыз атынан қызғын қутлықлаймыз!. 👏👏👏👏👏👏👏👏👏👏.
إظهار الكل...
Photo unavailableShow in Telegram
Сораўнамамызда Жаслар ислери агентлиги Қараөзек районлық бөлими жеңимпаз болды «Июнь айы — Жаслар айлығы» шеңберинде болып өткен сораўнама жуўмағына бола, Жаслар ислери агентлиги Қараөзек районлық бөлими жеңимпаз болды. Биз жеңимпаз болған бөлим менен тез арада байланысқа шығамыз. Сондай-ақ, сораўнамада белсендилик көрсеткен барлық канал ағзаларына миннетдаршылық билдиремиз!
إظهار الكل...
Repost from КарПресса
✈️ Телеграм тийкаршысы Павел Дуров Өзбекстанға сапары ҳаққында өз пикирин билдирди
Усы ҳәптеде мен Өзбекстанға бардым ҳәм буннан жүдә заўықландым Өзбекстан Телеграмды жақсы көреди: мәмлекеттиң 37 миллион халқының 70 проценттен асламы Телеграмда ҳәм олардың пүткил экономикасы бизиң платформамызда басқарылады (мәмлекеттеги ҳәр бир бизнес Телеграм боти ямаса каналына ийе). Биз бул абырайдан мақтанамыз ҳәм Өзбекстанды және сүйемиз ❤️. Өзбекстанға сапарым даўамында тез раўажланып атырған Ташкенттиң заманагөй инфраструктурасы, Шығыс Өзбекстанның таўлы ландшафтлары, Бухара ҳәм Самарқандтың бай тарийхы мени таң қалдырды. Мен көплеген жас ҳәм қәбилетли, кеўли жақсы инсанларды ушыраттым. Мен қызғын қабыллағаныңыз ушын миннетдарман ҳәм усы жылдың ақырында қуяшлы Ташкентте көбирек қалыўға үмит етемен
— деди Павел Дуров ➡️ @KarPressa — соңғы жаңалықлар!
إظهار الكل...
👍 3
✈️ Телеграм тийкаршысы Павел Дуров Өзбекстанға сапары ҳаққында өз пикирин билдирди
Усы ҳәптеде мен Өзбекстанға бардым ҳәм буннан жүдә заўықландым Өзбекстан Телеграмды жақсы көреди: мәмлекеттиң 37 миллион халқының 70 проценттен асламы Телеграмда ҳәм олардың пүткил экономикасы бизиң платформамызда басқарылады (мәмлекеттеги ҳәр бир бизнес Телеграм боти ямаса каналына ийе). Биз бул абырайдан мақтанамыз ҳәм Өзбекстанды және сүйемиз ❤️. Өзбекстанға сапарым даўамында тез раўажланып атырған Ташкенттиң заманагөй инфраструктурасы, Шығыс Өзбекстанның таўлы ландшафтлары, Бухара ҳәм Самарқандтың бай тарийхы мени таң қалдырды. Мен көплеген жас ҳәм қәбилетли, кеўли жақсы инсанларды ушыраттым. Мен қызғын қабыллағаныңыз ушын миннетдарман ҳәм усы жылдың ақырында қуяшлы Ташкентте көбирек қалыўға үмит етемен
— деди Павел Дуров @Qaraqalpaqxabar Оператив ҳам исенимли хабарлар
إظهار الكل...
JASLAR BAYRAMÍNDA   30-iyun – Jaslar kúni múnásibeti menen Qaraqalpaq mámleketlik universiteti janındaǵı Qaraózek Agroekonomika Texnikumında «Jańa Ózbekstan jasları birleseyik!» atamasında jaslar festivalı ótkerildi. Onda Xalıq deputatları rayonlıq Keńesi sekretariat baslıǵı Q.Jaqsımuratov, Respublika ruwxıy-aǵartıwshılıq orayı rayonlıq bólimi baslıǵı M.Atajanov, Ózbekstan Respublikası Ayrıqsha jaǵdaylar ministrligi quramındaǵı áskeriy xızmetin ótep atırǵan áskerler hám texnikum oqıwshıları, oqıtıwshılar qatnastı. Kóterińki ruxta ótkerilgen bayram ilajında bilimlendiriw hám sportta jetiskenliklerge erisken bir topar belsendi jaslar xoshametlenip, qábiletli jaslardıń koncert baǵdarlaması tamashalandı. Ilaj oyın-zawıqlar menen dawam etti. Biz benen bolıń, bizdi bahlap barıń👇. 📣 Telegram  🤝 Múrájat gruppası 🛎 Instagram 📊 You Tube 🗞 Facebook
إظهار الكل...
👍 3
Район ҳәкиминиң байрам қутлықлаўы! Ҳүрметли әзиз ул-қызларым! ⚡️Сизлерди, Сизлердиң тымсалыңызда пүткил халқымызды мәмлекетимиз бойлап байрамланып атырған уллы байрам – Жаслар күни менен шын жүректен қутлықлайман. Мине сондай қуўанышлы күнде ең дәслеп журтымызда соңғы ўақытлары жаслар менен ислеў бойынша пүткил жаңа система жаратылғаны, ул-қызларымыздың социаллық белсендилиги, заманагөй, демократиялық Өзбекстан мәмлекетин қурыўда наўқыран әўладларымыздың мүнәсип қатнасып атырғанлығы ҳәммемизди қуўандырады. Келешегимиз ийелери болған жасларымыздың нызамлы ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў, олардың арзыў-нийетлерин, қәбилетлерин жүзеге шығарыў, биз алып барып атырған мәмлекет сиясатының ең әҳмийетли бағдары болып, бул жолда үлкен жумысларды әмелге асырып атырғанымыз әлбетте, бәршемизге белгили. Буның әмелий тыстыйығын көплеп мысалларда көриў мүмкин. Атап айтқанда, жаслар ушын жаңа жумыс орынларын жаратыў, жас исбилерменлерге, қалаберсе, қызларымызға өнерментшилик пенен шуғылланыўлары ушын жеңиллетилген кредитлер ажыратыў, оларды кәсипке таярлаў ҳәм тәжрийбесин асырыў, фермерликти қоллап-қуўатлаў, перзентлеримиздиң тәлим-тәрбиясы, оларды саламатластырыў ҳәм бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў бойынша әҳмийетли қәдемлер қойылмақта. Әзиз жаслар! Сиз, жаннан әзиз ул-қызларымыздан тек ғана бир илтимасымыз; ата-аналарыңыз, устаз-оқытыўшыларыңыз, халқымыз сизлерден күтип атырған арзыў-үмитлерин әмелий жумыслар менен жүзеге шығарыў жолында ҳармай, шаршамай жумыс алып барыўыңызды, билим ҳәм өнер сырларын пуқта ийелеўиңизди сорап қаламыз. Сизлердиң ҳәр бириңизге ел-журтымыз мақтанышы, Ўатанымыздың сүйикли перзенти, ҳақықый инсан болыў бахты несип етиўин тилеймен. Сизлерди "Жаслар күни" менен және бир мәрте қутлықлайман, бәршеңизге жаңа табыслар, бахыт ҳәм әўмет тилеймен. Ҳәмийше саў-аман болың! Ҳүрмет пенен Қараөзек районы ҳәкими Утамбетов Узақберген Тлеўимбетович. 👇👇👇 @QaraozekHakimligi
إظهار الكل...
👍 2
Photo unavailableShow in Telegram
#Байрам_қутлықлаўы #30_июнь_Жаслар_күни Әзиз жаслар! Сизлерди 30-июнь - Жаслар күни мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан шын кеўилден қутлықлаймыз. Ҳүрметли Президентимиз Жаңа Өзбекстанды Сизлердей билимли, инталы, талантлы, ана Ўатанына садық жаслар менен қурыўға үлкен исеним билдирген. Әне усы уллы исенимге мүнәсип болыў, елимиздиң гүллеп-раўажланыўы жолындағы ийгиликли мақсет ҳәм ислериңизде Сизлерге талмас күш-жигер, беккем денсаўлық, тасқын табыслар тилеймиз. Biziń betlerimiz: || Bizning sahifalarimiz: Telegram | Instagram | Facebook | X
إظهار الكل...
👍 2
اختر خطة مختلفة

تسمح خطتك الحالية بتحليلات لما لا يزيد عن 5 قنوات. للحصول على المزيد، يُرجى اختيار خطة مختلفة.