cookie

نحن نستخدم ملفات تعريف الارتباط لتحسين تجربة التصفح الخاصة بك. بالنقر على "قبول الكل"، أنت توافق على استخدام ملفات تعريف الارتباط.

avatar

Ой пикир күши.

Қандай ой пикир болса сондай турмыс. @oy_pikir Коуч,Тренер,Спикер,Мотиватор. Өзиминиң өмиримдеги санамның кеңейиўине байланыслы болған ойларым,пикирлерим,аңлағанларым. Әлемди шәртсиз қабыл қыламан.

إظهار المزيد
مشاركات الإعلانات
198
المشتركون
لا توجد بيانات24 ساعات
لا توجد بيانات7 أيام
لا توجد بيانات30 أيام

جاري تحميل البيانات...

معدل نمو المشترك

جاري تحميل البيانات...

Түскинлик. (Депрессия) Бүгин усы ҳаққында сөйлесемиз. Егер сиз усындай дәўирде болсаңыз..... сизди қушақлап қутлықлағым келетуғыннын айтаман. Дейлик өмир жолыңызды гүзетип турып ҳәркетлериңиз сизге алдынғыдай қуўаныш,заўық бермей атырғаннын сезип қалдыңыз. Өмириңизде рең береңлик жоғалып, неге? не ушын? деген сораўларды берип жүрген болсаңыз..... қәдирданым аў, оянғаның менен қутлықлайман. Исене бер жаңадан туўылып атырсаң. Демек алдыға қарай кетип баратырған жолыңдағы ҳәркетлериң гөнерген. Түскинликке мениң аңлаўымша мынандай кейпияттағы адамлар тез түседи екен деп ойлайман. Нийетине тез ерисиўди қәлеп, нәтийжеге жабысатуғын жағдайларда да түмкинликке түсиў гүзетиледи. Ҳәдден тыс өзине мақсет ҳәм басымларды қойып жибериў ҳәм буның орынланыўын тез қәлеў. Екинши тайпадағылар оғыры майда шүйде затлар менен бәнт инсанлар. Яғный арзыў етиўге де қорқатуғын инсанлар. Демек түскинликтен шығып кетиў шешими: ҳәркетлериңе басқаша көз қарас әкелип соны араластырып соң жаңадан пайда болған түсиник пенен изиңе, өмир жолыңа қарап шығыў. Кең пиктрлеўге мәжбүрлейтуғын кинофильмлер, қосықлар, китаплар ды да оқыў арқалы өзиң итибар бермеген пазыйлетлериңе көз жүгирип шығыўға болады. @oy_pikir
إظهار الكل...
Photo unavailable
Ой пикир. Сәлем Февраль. Үйиңде  шай ишип отырсаң, бирден қоңсылардан биреўи өшип қалған газинен хабарсыз қалып токты жағып жиберсе я... Жумысларыңды ислеп жүргениңде қызыңды ойлап,телефонын алмаса жин урып барса келмеске барып келиўдиң азабы оның қасында шимишке шақандай болып қалатуғынын сезип қаласаң. Ассаламу алейкум жаңа фобиялар! @oy_pikir
إظهار الكل...
Photo unavailable
Ырасын да да балаға қыйын. Нәресте картинканың басындағы, қол астындағы жумысшыға бақырып атырған ер инсан. Себеби өзимнен кишилерге қалай болса солайынша мүнасебет орнатыўға ҳақылыман деген түсиникти анасы жумысынан ала алмай келген ызасын (яки басқа жасы үлкеннен) оннан алғаны ушын әлбетте нормал деп ойлайды. Ҳәм буған кери реакция билдирмейди. Бизлердеги әйеллеримиздиң "ай оның жақсы көремен дегени сөгис қо" деп нормал қабыл қылғаны сияқлы. Ананың не ислеў керек екенлиги ҳақында мен көп ҳәм ҳоп жазғанман. Ана, әйел өзин ҳүрметлеў керек, ҳ.т.б затларды жазып изин шубалатқым келип турған жоқ. Дейлик сиз сондай анасынан көп дәкки еситкен инсан қолына түсип қалғансыз, не ислериңизди билмей жүрген болсаңыз, сизге мәслаҳатым оны қуралсызландырың. Қуралсызландырыў бул оны мақтаў. Жанын шығарып мақтаң. Оған жарасатуғын не нәрсеси бар соны таўып мақтаң. Тез тезден оны қорқпайтуғыныңызды, сыйлайтуғыныңызды пахтаға орап сөйлең. Анық, нық болсын гәплериңиз. Қалған пикирлер коментте... @oy_pikur
إظهار الكل...
Photo unavailable
Пикирлеў ушын....... Маған пикирлериңиз қызық. Суўретти көргениңизде ең дәслепки пикир, ойларыңызды жазың. Маған қызық, гүзетип барыў... Соң бир пост қылып шешим излеймиз. @oy_pikir
إظهار الكل...
Даўамы.... Сепарация. Даўам етемиз. Жақында болған сәўбет: Жас келиншеклер кир жуўатуғын машинаға қайсы тазалайтуғын өним жақсы екнлигин бир биримизге айтып турсақ, арамыздағы жасы үлкен апа: "Өлиңа, сизлердиң қатын болып, қол менен, ысқалап кир жуўғаныңыз қайда, сизлерди де байларыңыз қатын қылып жүр аў" Мен сизге арамызда кешкен сәўбетти солайынша жеткиздим. Енди өзине жай, заман талабы кир жуўатуғын машинаны раўа көре алмаған ана, билмедим ертең улы келип, ана мен сизлерден бөлек жасап күнимди көрмекши мен десе. Енди усы мысалды темамызға байланыстырамыз. Ана өзиниң ишиндеги ишки менин, өзлигин суўырып таслап дөгерегиндегилердиң қәжети менен ишки менин толтырып барса, жоқарыдағы мысалдағы анаға айланыўы сөзсиз. Усы күнге шекем өзин перзентиме керекпен, соған жәрдемим тийип атыр деген жубаныш пенен жасаған анаға, перзенти келип бирден оған қарата бөлек жасамақшы екенлигин айтса өмириниң мәниси жоқ болып кетеди. Себеби ол енди өзин ҳеш кимге керек емес деп сезип баслайды. Әне усыдан соң жасы үлкенлерде ден саўлығының төменлиги көп ушрасады. Себеби перзентлерин не менен дур услап қалыў керек. Шешим: Ҳәр қандай инсан өзине жуўапкершиликти алыў. Ишки менин, ишиндеги баланы үлкейтиў керек. Не қәлейтуғынын анық билиўи керек. Пс: Егер перзенттиң өзи мәлим жасқа келип болыпта бөлеклениўди қәлемеў бул онша саламат көз қарас емес деп ойлайман. Ишиндеги бала үлкеймеген. Бирақ бөлеклениўди қәлеп, лекин бөлеклене алмаў бул бизиң жәмийет ушын нормал жағдай. @oy_pikir
إظهار الكل...
Сепарация. Бүгин сизлер менен усы сөздиң психологиядағы мәнисин түсиниўге ҳәркет қыламыз. Хош! Буны түсиниў ушын ата-ана, әсиресе ана психологиясын тереңирек аңлап алыўымыз керек. Көз алдыңызға келтириң: Жасы 36-40, өмирлик жолдасы, перзентлери ул ҳәм қыздан ибарат әйел инсан. Буннан тысқары оның қәйен ата ҳәм ене, бийкеш, ағайын туўған  деген жәмийетлик қарым қатнас орталығы да бар. Усы әйел жоқарыдағы санап өтилгенлердиң ҳәммесин өзинен жоқарыға шығарып жиберсе, перзентлери жасы толып өзлери бөлек жасығысы келип ҳәркет еткенде, бағанағы ана инфарк болады яки қан басымы көтериледи. Жасы үлкенлер тәрептен жаслардың бул ҳәркети өз басымшалық яки ақвлсызлық деп қабыл етилиўи себеп не нәрседе деп ойлайсыз.... Даўамы бар.. @oy_pikir
إظهار الكل...
Photo unavailable
Ассаламу алейкум. Хош, мениң дем алысым созылып кетти, өзимде сезип жүрмен. Илҳамым келмей жүр, пост жазыўға деген. Жоқарыдағы сораў бойынша жуўап: кишигирим банка аласыз,қақпағы болыўы шәрт. Соң ертең яки бүгин кеште отырып ақ қағазды төртке бөлип, ишине ерисиўди нийет етип жүрген арзыўларыңызды жазасыз. Өзиңизди шегараламаң. Исеним ҳәм қунт пенен жазың. Фантазяларыңызды иске қосың. Соң жазылған қағазды орап, банкаға салып, қақпағын жаўып алып қойың. Кейинги жылы 2023 декабрьде ашып оқың. Соң және даўам ете бересиз. @oy_pikir
إظهار الكل...
Бир айлық саяхатым ҳаққында... Сәлем әзизлерим. Мен өткен бир айымда жүз берген қызық ўақиям ҳаққында жазғым келип тур. Көп нәрселерди түсингим келеди. Оны түсиниў ушын ишинде жасап көриўиң керек, сонда аңлай аласаң. Бир жақын инсан менен бир ай даўамында бирге ислеўди жолға қойдым. (Психологиялық кемес). Бул бирге ислесиў проекттимиз аўхатланыў орыны менен байланыслы болып, маған жәрдемши болыўды мират етти. Әзелден асханаға қызыққанымнан жан деп разы болдым. Басында жумысымыз зор кетип атыр еди оның пикиринше, но мен ненидур қәте қылып атырғанын түсинетуғын едим. Бул нето не нәрсе кетип атырғанын түсиндириў ушын мысал болмаса қыйын шығар деп ойлайман. Қулласы ашқан асханамызға аўқатланыў ушын келген инсанлар алдында, ол өзиниң жумысы қалып кетип, мына жақта мен өзимниң жумысым менен бәнт болып атырған инсанға қатты сөйлеп үйиндеги машқаласын айтып отыратуғын еди. Мен ҳеш усыны түсине алмай, ишимнен ойланып, мендеги нени көрсетип атыр деп қыйналып, үйге келип және медитацияларымды ислейтуғын едим аў. Және бир мысал, ол жиберген энергиясына ҳақ қоймайтуғын еди, тек өзин өзи жаўса болды, соның өзи үлкен күш маған деп айтатуғын еди. Мен бул жақсы емес екенлигин, энергиясына жараса ҳақы алмаса, шаршап қалатуғынын түсиндире алмас едим. Соң оны гүзетип басладым. Излеп, излеп таўып алғаным сол болды, ол ҳәр бир аўқат сатып алыў ушын келген инсаннан аўқаты мазалы болған яки болмағанын сорап, соң сәл күлип жақсы сөйлейтуғындай инсан ушрап қалса, оған қаншама қыйналып аўқат таярлайтуғынын айтып кетсе болама......😨 😨 Қулласы мен сол жерде ақ шаршап қалдым. Вывод: Ашықтан ашық көринип турыпты, бул инсанға меҳир жетпей атыр. Өзиниң өзине меҳири жетпей атыр. Өзин қатты азаплап, қыйнан түнллери уйқламай зат писирип соң ертеңине ҳәз етип адамлардан "ойбу қатты мазалы болыпты, қолың мазалы екен" деген гәпти еситиў ушын таярлайды екен. Шеригимде пайда көриў, кеңейтиў, үлкейиў деген мотивтиң өзи жоқ екен. Тек қыйналып меҳир ислеп алыў ең тийкарғы мотиви екен. Пс: бәлким көп ҳәм ҳоп айта берген шығарман, өзиңе өзиң меҳир берип билмесең өзиңе өзиң қәлегендей сумманы табыў қыйын болатуғын екен. Демек мениң еле өзиме өзим меҳир бере алмай атырған жерлеримди де көрсетти. Жолда даўам ете беремиз... @oy_pikir
إظهار الكل...
Даўамы.. Инсан бөпе ўақтында дөгерегине исеним деген сезим қәлиплесип баслайды. Әлбетте бул сезим анасы жәрдеминде әмелге асырады. Усы жасында ана бөпени өзинен узақластырса, балады дөгерегинен гүманланыў кейпиятында жүриўши инсан қәлиплеседи. Сәл кешлеў, 2-3 жасында өзин өзи бақлаў сезими қәлиплесип баслайды. Әлбетте бул жерде де ана жәрдемге келеди. Егер усы гезинде ана баланың өзим ислеймен дегенине шыдамсызланып, оған тосқынлық қыла берсе балада өзинен уялыў сезими қәлиплесип баслайды. 3 - 6 жасында балада өз алдына болғысы келиў, ишки қабыйлет, дөретиўшилигин қәлиплестириў раўажланады. Бул жерде де ана әҳмийетли ўазыйпада турады. Егер ана усы гезде де өз алдына болыўына тосқынлық қылып, оны жазалай берсе балада айыпкерлик сезими пайда болып баслайды.. @oy_pikir
إظهار الكل...
Photo unavailable
Қай ўақытта бизлерди жақсы көрмей қалған болса, сол жасымызда қалып қойамыз. Мен тез тез 20, 30,40 жас  ҳәм одан үлкен жастағы инсанлар менен ушрасаман. Сыртықы көрниси үлкен болғаны менен ишки әлеме еле баяғыда бала гезиндеги меҳир ала алмай қалған ўақытындағы жасында қалып кеткен. Елеге шекем өзине өзи меҳир бериў усылын биле алмай, сол жас дөгерегинде айланып жүр. Жүзлери әжим басқан, ғарры яки кемпир яки орта жастағы инсан болсын елеге шекем анасының келип қушақлаўын күтип отырған нәрестени көремен. Бизлерди жақсы көрмей баслаған ўақтындағы жасымызда қалып кетемиз. даўамы бар... @oy_pikir
إظهار الكل...
اختر خطة مختلفة

تسمح خطتك الحالية بتحليلات لما لا يزيد عن 5 قنوات. للحصول على المزيد، يُرجى اختيار خطة مختلفة.