cookie

نحن نستخدم ملفات تعريف الارتباط لتحسين تجربة التصفح الخاصة بك. بالنقر على "قبول الكل"، أنت توافق على استخدام ملفات تعريف الارتباط.

avatar

Kórgizbe qurallar

Қарақалпақстан устазлары ушын керекли 📚 көргизбе қураллар 📚 сабақ исленбелер 📚 слайдлар 📚 сценарийлер 📚 тестлер жәмленген каналға хош келипсиз. Тәлим-тәрбияны раўажландырыўға биргеликте үлес қосайық!

إظهار المزيد
مشاركات الإعلانات
5 287
المشتركون
+1124 ساعات
+37 أيام
-9130 أيام

جاري تحميل البيانات...

معدل نمو المشترك

جاري تحميل البيانات...

Photo unavailableShow in Telegram
Хош хабар: Нөкис қаласы 11-класс оқыўшысы Корея университети Ташкент филиалына грант  жеңип алып, оқыўға биринши болып қабыл етилди. Нөкис қаласы 11-класс оқыўшысы Корея университети Ташкент филиалына грант жеңип алып, оқыўға биринши болып қабыл етилди. Нөкис қаласы 18-санлы мектептиң 11-класс оқыўшысы Абатбаев Карамат Кореяның АДЖУ(Adju) университетиниң Ташкеннт филиалына грант тийкарында оқыўға қабыл етилди. Adju университети дүньяның ТОП-500 лигине кирген тәлим орны болып есапланады. Қалаберсе, 3+1 дәстүри тийкарында Өзбекистанда ҳәм Кореяда оқыў имканиятын жаратады. Каналға ағза болыў: @Kar24Uz
إظهار الكل...
👍 17
👍 6
Photo unavailableShow in Telegram
Китап достым ой-санамды байытар, Ишки дүнья әлемимди кең қылар, Көп оқысаң шешен етип адамды, Дилгир етип инсан иши зор қылар! Деген ойлар түртки болып кеўлинде, Манзура жоллайды сәлемин мине, Әзиз елим китапханашылары!, Кәсиплик байрамың мүбәрек сизге! Бүгинги күниңиз мазмунлы болғай, Қайырын көргеннен кеўлиң толғай, Не нийет етсеңиз әмелин берип, Ырысқы-несийбе жолдасың болғай! Манзура Бауенова 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿
إظهار الكل...
Китап оқыўдың пайдасы 🔸Китап оқыў нервти тынышландырады. 🔸Китап оқыў уйқысызлықтан қутылыўға жәрдем береди. 🔸Китап оқыў қәлбти жумсатады. 🔸Китап оқыў мий искерлигин жақсылайды. 🔸Китап оқыў түскинликке қарсы гүресиўге жәрдем береди. 🔸Китап оқыў инсанды гөззалластырады. 🔸Китап оқыў өмирдеги мақсетти аңлаўға ҳәм қыйыншылықларды жеңиўге жәрдем береди. 🔸Китап оқыў еслеў қәбилетин ҳәм пикирлеўди жақсылайды. 🔸Китап оқыў сөз байлығын асырады. 🔸Китап оқыў жазыўшылық қәбилетин раўажландырады. 🔸Китап оқыў шет тилин үйрениўди аңсатластырады. 🔸Китап оқыў тыңлаў қәбилетин раўажландырады. 🔸Китап оқыў дөретиўшилик қәбилетин раўажландырады. 🔸Китап оқыў жақсылық етиўге шақырады. 🔸Китап оқыйтуғын инсанлар өмирде ҳәрекетшең болады. @qqustazlari
إظهار الكل...
👍 2
АДАМНАН ҲЕШ НӘРСЕ СОРАМАЙТУҒЫН ДОС Ҳәмме нәрсе сизди таслап кетсе де, ол ҳеш қашан сизди таслап кетпейди; Оның менен бирге болсаңыз, зерикпейсиз; Оған сиз байсыз ба, жарлысыз ба, улыўма парқы жоқ; Оның менен сөйлескенде, және сөйлескиңиз келе береди; Әдетте ол сизден ақыллы болады; Ол сизден материаллық жәрдем сорамайды; Оны қаншелли танысаңыз, оны соншелли жақсы көресиз; Бундай достыңыздың көп болыўын қәлейсиз; Ол достыңызды таслап кетип, кейиншелик және досласпақшы болсаңыз, ол және сиз бенен досласа береди, өкпе-гийне етпейди; Бундай достыңыздың көплиги менен мақтанасыз. Бундай сыпатларға ийе дос - әлбетте КИТАП.
إظهار الكل...
👍 10
🔔🕊️🔔🕊️🔔🕊️🔔🕊️🔔🕊️ Он жыл перзент еткен ана-мектептен, Енди ушажақсыз алыс-алысқа. Ушыңлар,қанатың нығайсын беккем, Тамшы болып қосылыңлар ағысқа! Өмир соқпақлары - нәўпирген дәрья, Гөзлеген мәнзилиң-теңиз, океан! Алған билимиңиз басласын алға, Сиздей келешегин кутиўде Ўатан! Бугин қағылмақта соңғы қоңыраў, Мине, питти бугин соңғы сабақлар. Жазда басыңызға туспесин қыраў, Шадлы өтсин бул айралық саатлар. Он жыл сизге тәлим-тәрбия берген, Он жыл әлпешлеген өз баласындай, Он жыл билим бақшасынан гул терген, Устазларды сезиң көз қарасындай! Олар машақатлы жоллардан өтти, Олар сизлер ушын бузды тынышын. Олар өзлерин де умытып кетти, Сизлерге бир ҳәрип уйретиў ушын! Кеше емес пе еди туңғыш қоңыраўдың Мектеп әтирапында шыңғырлағаны? Дем де шыңларына өрмелеп таўдың, Тәрк етпек боп турсыз мектеп - ананы. Енди жаңа жоллар сынайды сизди, Атлайсызлар жаслық босағасынан. Он жыл бойы алған билимиңизди Ядқа тусиресиз тағы басынан. Ертең ВУЗ лар күтер, күтер уллы өмир, Күтер жаңа устазлар, жаңа соқпақлар. Күтер қызғын гурес, машақат не бир. Күтер сизлер ушын биймәлим жақлар. Лекин, исенемен: сизлер бәрҳама Суринбей өтерсиз бул сынақлардан. Турмыс отырғызып улкен партада, Еле оқытады көп сабақлардан! 🔔🔔🔔🔔🔔🔔🔔🔔 Автор: Кеңесбай Рахманов
إظهار الكل...
СОҢҒЫ ҚОҢЫРАЎ Қарлығаштай қанат қомлап уядан, Ушпақта өмирге бир топ палапан, Өткениме демде, жыллар арадан, Келешек, талпыныс,қай жол,қай тараў?, Сырлы қағылмақта соңғы қоңыраў! Есимде бийғубар бала гезиңиз, Кишкене, жас нәўше бала едиңиз, Ҳәр тәрепке тарар өмир жолыңыз, Күтпекте сизлерди арзыўлар, сынаў....., Қағылмақта бүгин соңғы қоңыраў ! Тәнеписте ойнап маңлай шертпекти, Қоңыраўды сезбей теўип теппекти, Ойламай бир күни ушып кетпекти, Балалық, өтмиште қалған бир бояў, Қәне, қағылмай тур, соңғы қоңыраў ! Қәлбимде уялап аналық сезим, Айтыўға сөз таппай жасланды көзим, Питкериўши жаслар, улым ҳәм қызым, Хошласыўға көзим ҳеш қыймай тур-аў, Әттең, қағылмақта соңғы қоңыраў ! Ақлап устазлардың берген билимин, Ел сүйген инсанлар болың ҳәр бириң, Ашқайсыз еледе әлемниң сырын, Халық ушын болсын жаныңыз жамаў, Мәңги ҳақ жол тилер, соңғы қоңыраў!!! Алия БЕКМАҒАНБЕТОВА
إظهار الكل...
🔔🕊️🔔🕊️🔔🕊️🔔🕊️🔔🕊️ Он жыл перзент еткен ана-мектептен, Енди ушажақсыз алыс-алысқа. Ушыңлар, қанатың нығайсын беккем, Тамшы болып қосылыңлар ағысқа! Өмир соқпақлары-нәўпирген дәрья, Гөзлеген мәнзилиң-теңиз, океан! Алған билимиңиз басласын алға, Сиздей келешегин кутиўде Ўатан! Бугин қағылмақта соңғы қоңыраў, Мине, питти бугин соңғы сабақлар. Жазда басыңызға туспесин қыраў, Шадлы өтсин бул айралық саатлар. Он жыл сизге тәлим-тәрбия берген, Он жыл әлпешлеген өз баласындай, Он жыл билим бақшасынан гул терген- Устазларды сезиң көз қарасындай! Олар машақатлы жоллардан өтти, Олар сизлер ушын бузды тынышын. Олар өзлерин де умытып кетти, Сизлерге бир ҳәрип уйретиў ушын! Кеше емес пе еди туңғыш қоңыраўдың Мектеп әтирапында шыңғырлағаны? Дем де шыңларына өрмелеп таўдың, Тәрк етпек боп турсыз мектеп-ананы. Енди жаңа жоллар сынайды сизди, Атлайсызлар жаслық босағасынан. Он жыл бойы алған билимиңизди Ядқа тусиресиз тағы басынан. Ертең ВУЗ лар күтер, күтер уллы өмир, Күтер жаңа устазлар, жаңа соқпақлар. Күтер қызғын гурес, машақат не бир. Күтер сизлер ушын биймәлим жақлар. Лекин, исенемен: сизлер бәрҳама Суринбей өтерсиз бул сынақлардан. Турмыс отырғызып улкен партада, Еле оқытады көп сабақлардан! 🔔🔔🔔🔔🔔🔔🔔🔔 Автор: Кеңесбай Рахманов
إظهار الكل...
МИННЕТДАРМЫЗ УСТАЗЛАРҒА *"*"*"*"*"""""* Уллы үмит оятқан әзиз инсанлар, Сизлер ушын буйырсын бағу-гүлшанлар, Кеўили тоқ небир дана мыңсанлар, Миннетдармыз сизден мудам устазлар. *"*"*'*"*"*'*'*"*'""***""*"* Жақсы бол деп шақырықты тасладың, Әрман жетегине бизди басладың, Қапа болсақ кеўиллерди хошладың, Миннетдармыз сизден әзиз устазлар. *"*"*"*"*"*"*"*"*"*"*"* Ҳәрбир қәдемиме итибар берип, Сөзлериме дыққат қулақты түрип, Биз қайда болсақ та бақладың жүрип, Миннетдармыз сизден әзиз устазлар. *"*"*"*"*"*"*"*"*"*"*"*"* Қолымыз көксимизде мудамы тәжим, Биз ушын мийнетиңиз жүздеги әжим, Билимге қуштарлығым сиз ушын бәзим, Миннетдармыз сизден әзиз устазлар. *"*"*"*"*"*"*"*"*"*"*"* Наўайы әпсанасы биз ушын үлги, Устазын ҳүрметлеў не деген  күшли, Шәкиртлерге идея гөзлеп  тәшўишли, Миннетдармыз сизге әзиз устазлар. *"*"*"*"*"*"*"*"*"*"*"*"* УСТАЗ деген УЛЛЫ атың жүректе, Сиз берген күш сынаўлы тур билекте, Еле сәлем берип келип мектепке, Миннетдарлық билдиремиз устазлар. *"*"*"*"*"*"*"*"*"*"**"* Себеби, еккениңиз егин,  я терек, Емес.Әўлад ғой ол халыққа керек, Биз елдиң тынышлығы боламыз тирек, Мәңги миннетдармыз сизге устазлар. *"*"*"*"*"*"*"*"*"*"*"*"* ТАЖИМУРАТОВА У.У. 22.05.2020.
إظهار الكل...
👍 3 1
Питкериўшилерим. Кеўилде әрманың болып қалмақта, Соңғы күн бүгин таўсылмақта, Жүреклериң толқынланып бармақта, Онлайн кешеде питкериўшилерим. Бул тағдирдиң бизге дейип сынағы, Кеўилди шөктирмең болың қырағы, Еле жақсы күнлер келер ойдағы, Текте алға деймен питкериўшилерим. Устазларың сизлерге бахыт тилеген, Перзентиндей қәдирлисиз не деген, Туўысқандай сағынысып көз көрген, Мақтанышы болғайсыз питкериўшилерим. Бәлент парўаз ҳәр бириңе тилейин, Устазларың жемислерин көрейин, Сизлер менен мен мақтанып жүрейин, Жәмийетте инсан болың питкериўшилерим. Жоқары оқыўдың ашың есигин, Маманы болыңлар асып тилегим, Туўры болсын берген ҳәр сәлемиң, Хош болың,аман болың питкериўшилерим. Мадина Бекбаўлиева.
إظهار الكل...
👍 2