cookie

نحن نستخدم ملفات تعريف الارتباط لتحسين تجربة التصفح الخاصة بك. بالنقر على "قبول الكل"، أنت توافق على استخدام ملفات تعريف الارتباط.

avatar

Идрис Ийшан ll Рәсмий канал

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Қараөзек районы "Идрис Ийшан" жаме мешитиниң рәсмий Telegram каналы! @Sorawga_juwapbot

إظهار المزيد
مشاركات الإعلانات
269
المشتركون
+124 ساعات
-37 أيام
-1130 أيام

جاري تحميل البيانات...

معدل نمو المشترك

جاري تحميل البيانات...

Photo unavailableShow in Telegram
#Қурбанлыққа_тийисли_мәселелер 🙄 ҚУРБАНЛЫҚ ҲАЙЎАНЫНДАҒЫ КЕМШИЛИКЛЕР 18-МӘСЕЛЕ: "Тиси жоқ ҳайўан егер тили менен от-жемди жейтуғын болса, оны қурбанлық қылыў мүмкин. Кери жағдайда, мүмкин емес. ("Бадаеъ" китабы). Қой ямаса қарамалдың еки қулағындағы жарық ҳәм кесилген жерлери жәмленбейди. Яғный ҳәр бири айрықша есаплап көриледи. Егер ҳәр бир қулағының кесилген жери үштен биринен кем болса, қурбанлық қылыў мүмкин" ("Татарханийя"). 👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇      Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube 🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
إظهار الكل...
Photo unavailableShow in Telegram
#ҳәдис #дуўа Арафа күни айтылатуғын ең жақсы дуўа – Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: "Дуўаның ең жақсысы бул арафа күнинде қылынған дуўа. Мен ҳәм меннен алдын өткен пайғамбарлар дуўада айтқан ең жақсы сөзлери: "Ләә иләәҳә иллаллооҳу ўаҳдәҳу ләә шәрийкә ләҳу, ләҳул мулку ўә ләҳул ҳамду ўә ҳуўә ъаләә куллий шәй-иң қодийр". Мәниси: Аллаҳтан басқа илаҳ жоқ. Ол жалғыз, шерики жоқ. (Бәрше) мүлик те, мақтаўлар да (жалғыз) Оныкы ҳәм Ол бәрше нәрсеге қадир. (Имам Термизий рәўияты) Бүгин усы дуўаны ҳәм басқа да кеўлимизге түйип қойған тилеклеримизди тилесек, әлбетте қабыл болады, иншааллаҳ. 👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇      Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube Интернет сайтымыз: paziylet.uz
إظهار الكل...
Photo unavailableShow in Telegram
#сораў Тарттырылған мал қурбанлыққа жарамлы ма? Қурбан ҳайт бәршемизге қут-берекет алып келсин! Тарттырылған (пиштирилген) мал - қурбанлыққа жарамлы. Ондай болыўының себеби, "саҳиҳ ҳәдисте" Пайғамбарымыз алайҳиссаламның қурбан ҳайт күни еки шақы пүтин, түри қара-ала, бирақ, тарттырылған еки қошқарды қурбанлыққа шалғанлығы саҳаба Әбиў Дарда разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи. (Имам Әбиў Даўыт, Байҳақый рәўияты) Ҳәдистиң арабша нусқасындағы "мәўжу" сөзиниң негизги мәниси: "малдың шатындағы тамырды үзиў" дегенди билдиреди. Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 🌐alberuniy.uz       🟥youtube  🌐instagram          🌐facebook Каналға ағза болыўды умытпаң! ✈️@alberuniyuz
إظهار الكل...
Photo unavailableShow in Telegram
#арафа_пазыйлети Алдынғы уламалар өзлери мүтәж болған нәрселерин сорап, дуўа қылыўды Арафа күнине алып қояр еди. Қанша мүтәжликлер, арзыў-үмитлер ҳәм дуўалар бар, әйне Арафа күни қабыл болған. Биз Рамазандағы Қәдр түни қашан болыўын анық билмеймиз. Ал, Зулҳижжадағы Арафа күнин Аллаҳ таала анық етип бизге билдирип қойған. Солай екен, неге усы ғәниймет мәўритлерден пайдаланып қалмаймыз? Арафа күни намазлыгер менен шам намазы арасында жалғыз қалыў имканыңыз болса, әлбетте солай етиң. Жалғыз қалып зикирде болың. Алымлардан бири былай деген: "Арафа күнинде қайсы дуўаны қылған болсам, бир жыл өтпестен (оның қабыл болғанын) аппақ таңдай (анық) көрдим". Демек, өзлеримизге ҳәм жақынларымызға жақсылық қылыў, яғный өзимиз ҳәм жақынларымыздың ҳақына дуўа қылыўдай үлкен имканият қарсысында турыппыз. Аллаҳ дуўа ҳәм тилеклериңизди қабыл етсин! 👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇      Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube 🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
إظهار الكل...
Photo unavailableShow in Telegram
#қурбан_ҳайыты #мағлыўмат #еслетпе 🌙 Қурбан ҳайыт байрамы зулҳижжа айының 10-күни. Зулҳижжа айының дәслепки он күни ең пазыйлетли, ҳәдислерде сол он күн ишинде қылынған әмеллердиң саўабы оғада жоқары екени айтылған. 👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇      Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube 🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
إظهار الكل...
Photo unavailableShow in Telegram
Ассаламу алайкум! Бүгин ҳәптениң Шемби күни ☘☘☘☘☘☘☘☘☘☘☘☘☘☘☘   Шемби күниңиз қайырлы болсын!      15-Июнь                           2024      9-Зулҳижжа                           1445 🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱     Аллаҳ таала бүгинги күниңизди тынышлық ҳәм аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып  өтиўин сизге несип етсин!     🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube 🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
إظهار الكل...
Photo unavailableShow in Telegram
#арафа_пазыйлети 🙄  АРАФАНЫ ҲҮРМЕТЛЕЎ 🖖 15-ИЮНЬ АРАФА КҮНИ. АРАФА КҮНИ ҲӘММЕМИЗГЕ МҮБӘРЕК БОЛСЫН!      Ҳәдиси шәрийфте: "Арафаны ҳүрметлең! Себеби, ол Аллаҳ таала қәдирлейтуғын күн", делинген. 🗣 Зулҳижжа айының дәслепки он күнлиги жылдың басқа он күнликлеринен абзал болыўының себеби де әйне усы Арафа ҳәм Қурбан ҳайыты күнлериниң барлығында.      👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇      Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube Интернет сайтымыз: paziylet.uz
إظهار الكل...
Photo unavailableShow in Telegram
#Зулҳижжа_оразасы АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ  "Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әәмәнту ўә ъалайкә тәўәккәлту ўә ъаләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий мәә қоддәмту ўә мәә аххорту бироҳмәтикә я арҳамар рооҳимийн".  Мәниси: Я Аллаҳым. Усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мағфират қыл. 👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇      Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube Интернет сайтымыз: paziylet.uz
إظهار الكل...
Photo unavailableShow in Telegram
#арафа_пазыйлети        АРАФА КҮНИ ОРАЗАСЫ     Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады:    "Арафа күни ораза тутқан адамның еки жыллық өткен ҳәм келеси жылғы гүналары кеширилиўине үмит қыламан".       Аўыз жабыў ҳәм ашыў ўақты: Аўыз жабыў ўақты: 03:33 Аўыз ашыў ўақты: 20:47 💬 Арафа күни оразасын тутаман деп нийет еткен қәдирданларымыздың нийетлерин Аллаҳ таала Өз дәргайында қабыл етсин! Еки жыллық гүналарымыз кеширилип, бүгин қылған дуўаларымыз қабыл болсын!      👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇      Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube Интернет сайтымыз: paziylet.uz
إظهار الكل...
1
Photo unavailableShow in Telegram
#Ҳайыт_намазы #еслетпе 🗣ҚУРБАН ҲАЙЫТЫ НАМАЗЫ ҚАРАҚАЛПАҚСТАН БОЙЛАП ҲӘММЕ МЕШИТЛЕРДЕ УСЫ ЖЫЛДЫҢ 16-ИЮНЬ КҮНИ, АЗАНҒЫ СААТ 05:50 ДЕ ОҚЫЛАДЫ.      🗣Ҳайыт күни егер кеселлик, узақлық ҳәм қар-жаўын сыяқлы себеп болмаса намаз оқылатуғын жерге пияда жүрип барыў сүннет есапланады. 🗣Көлик пенен келген жағдайда да, машинамызды ҳеш кимге кесент етпейтуғын, алыслаў жерде қалдырыў мақсетке муўапық болады. 👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇      Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube Интернет сайтымыз: paziylet.uz
إظهار الكل...