cookie

نحن نستخدم ملفات تعريف الارتباط لتحسين تجربة التصفح الخاصة بك. بالنقر على "قبول الكل"، أنت توافق على استخدام ملفات تعريف الارتباط.

avatar

Zaman.uz|Rásmiy kanal️ ️

zaman.uz сайтының рәсмий каналы

إظهار المزيد
مشاركات الإعلانات
641
المشتركون
لا توجد بيانات24 ساعات
-27 أيام
-16130 أيام

جاري تحميل البيانات...

معدل نمو المشترك

جاري تحميل البيانات...

Photo unavailableShow in Telegram
❗️Жаслар дәптерине киргизилгенлерге 13 200 000 сумға шекем субсидия бериледи ✅ Өзбекстан Республикасы Президентиниң 20.04.2021-жыл күнги ПП-6208-санлы пәрманы менен «Жаслар дәптери»не киргизилген жасларға исбилерменлик жумысын баслаў ҳәм өзин-өзи бәнт етиўге зәрүр болған әсбап-үскенелер ҳәмде мийнет қуралларын сатып алыў ушын БЕМның 40 есеси (13 200 000 сум)не шекемги муғдарда субсидия ажыратылыўы белгиленген. (#) @zamanuz
إظهار الكل...
Photo unavailableShow in Telegram
Тақыятас районы туўыў бөлиминде 5 лаўазымлы шахсқа интизамый жаза шарасы қолланылды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Тақыятас районы мәҳәлле белсендилери ҳәм көше бийлери менен болып өткен ушырасыўда көше бийлери тәрепинен Тақыятас районлық медицина бирлеспесине қараслы туўыў бөлими хызметкерлериниң унамсыз ис-ҳәрекетлери ҳәмде нәрестелер арасында өлимшилик жағдайлары көбейиўи бойынша мүрәжат билдирилген еди. Бул унамсыз жағдай бойынша тийисли тараў басшылары қурамындағы исши топар тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылып, туўыў бөлиминде бир қатар қәте-кемшиликлерге жол қойылғанлығы анықланды. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызметиниң жазыўынша, анықланған жағдайлар Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигинде додаланып, қәте-кемшиликлерге жол қойғанлығы ушын Тақыятас районы медицина бирлеспесиндеги 5 лаўазымлы шахсқа нызамшылықта белгиленген тәртипте интизамий жаза шаралары қолланылды. @zamanuz
إظهار الكل...
Photo unavailableShow in Telegram
⚡️5 пуқара суўға шөгип набыт болды ⚡️2023 жыл басынан бери Қарақалпақстан Республикасында 5 пуқара суўға шөгип набыт болды. ⚡️Набыт болғанлардан 4 пуқара жас өспиримлерди қурайды. Мектеп оқыўшыларының жазғы дем алысқа шығып, олардың қараўсыз қалыўы ҳәм белгиленбеген орынларда шомылыўы усындай кеўилсиз жағдайларға себеп болады. ⚡️Ҳүрметли пуқаралар белгиленбеген орынларда шомылмаң! Қәўипсизлик талапларына итибарлы болың! Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы @zamanuz
إظهار الكل...
ҚМУ студентлери қатнасыўында жүз берген ЖТҲлар ҳаққында мағлыўмат берилди Усы жылдың февраль айынан берли Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студентлери қатнасыўындағы 3 жағдайда жол транспорт ҳәдийсеси жүз берген. Бул ҳаққында Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасының мәлимлеме хызмети инспекторы Турсынбай Өтемуратов «zaman.uz» сайтына мағлыўмат берди. Мәлим етилиўинше, 2023-жылдың 26-февраль  күни саат 01:30 лар шамасында Қоңырат районында жасаўшы, 2003-жылы туўылған Б.Н. «Cobalt» маркалы автомашинаны Қоңырат районы, «Қарақалпақстан» көшеси бойлап басқарып баратырғанда жолды кесип өтип атырған Ш.Қ.ны (1997-жылы туўылған) қағып алған. Буннан кейин Ш.Қ. дене жарақатын алып, Қоңырат районы емлеўханасына жатқарылған. 2023-жыл 7-апрель күни саат 14:30 лар шамасында Қанлыкөл районы, «Жаңа қала» АПЖ аймағынан өтиўши А-380 автомобиль жолында Қоңырат районында жасаўшы, 2002-жылы туўылған Қ.Б. басқарыўындағы «Lacetti» маркалы автомашинаны басқарып, өз жөнелиси бойлап ҳәрекетленип баратырған Р.Х. басқарыўындағы «Labo»ның арқа тәрепине урылған. Р.Х. дене жарақатын алып  Қанлыкөл районлық емлеўханасына жатқарылған. Буннан тысқары, 2023-жылдың  19-апрель күни саат 11:00 лерде Нөкис қаласында жасаўшы, 2004-жылы туўылған К.Ж. өзининиң басқарыўындағы «Cobalt» маркалы автомобильди Нөкис қаласы, «Шах артық» көшеси бойлап басқарып баратырып, жолды кесип өтип атырған К.А.ны (1960-жылы туўылған) дүгип алған. Ўақыя ақыбетинде К.А. дене жарақатын алып Нөкис қаласы емлеўханасына жатқарылған. Бекберген Әдилбаев, zaman.uz @zamanuz
إظهار الكل...

02:37
Video unavailableShow in Telegram
#Сиз_ушын_пайдалы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги тәрепинен мәмлекетлик пуқаралық хызметшилериң денсаўлығын асыраў бойынша усынысларды өз ишине алған ролик ислеп шығылды. Өзиңизди абайлаң, денсаўлығыңызға бийпәрўа болмаң! @ARGOS_QR
إظهار الكل...
Photo unavailableShow in Telegram
⚡️⚡️⚡️⚡️Қоңыратта қыздың сүўретлерин социаллық тармақларда тарқатыў менен қорқытқан пуқара усланды Қоңырат районында жасаўшы пуқара Е.А.ның (ҳаял) сүўретлерин социаллық тармақларда тарқатып жибериў менен қорқытып, оннан пул талап етип атырған пуқара ҳаққында район Ишки ислер бөлимине мүрәжәат келип түскен. ИИМ баспасөз хызмети хабарына көре, бул жынаятты 38 жаслы (еркек) Р.С. ислегени анықланды. Пуқара Р.С. Telegram мессенжеринде бийтаныс профил арқалы пуқара Е.А. ға сүўретлерди жиберип, 5 млн сум пул талап еткен. Сондай-ақ, егерде пулларды бермесе сүўретлерин социаллық тармақларға тарқатып жибериўди айтып қызды қорқытқан. Ҳәзирги ўақытта пуқара Р.С.ға Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 165-статьясы 1-бөлими менен жынаят иси ашылды. Барно Жалғасбаева, zaman.uz @zamanuz
إظهار الكل...
Тәбият Ресурслары министрлиги қурамындағы «Қубла Үстүрт» миллий тәбият бағында шөл бүркити түлкиге ҳүжим етти. Ўақыяға гуўа болған бағдың хызметкерлери бүркит хәм түлки хәрекетлерин фотосүўретке түсирген. @zamanuz
إظهار الكل...
Photo unavailableShow in Telegram
Республикамызда футбол командаларының саны артпақта Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәмде Министрлер Кеңеси басламасы менен өткен 2022-жылда «Арал» футбол клубы шөлкемлестирилген еди, сол жылдың өзинде «Арал» командасы Биринши лигадан Про Лигаға жолланба алды. Ҳәзирги ўақытта Про Лигада «Арал» футбол клубы жемисли жүрислерин даўам еттирмекте. Соны да айтып өтиў керек, «Арал» футбол клубының жанында быйылғы жылдан баслап «У-19» жаслар командасы да чемпионатта өз жүрисин баслады. Сондай-ақ, усы жылдың өзинде «Арал» қызлар футбол командасы шөлкемлестирилген болып, Өзбекстан Биринши Лигасында қатнасыўы режелестирилген. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети жазыўынша, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басламасы ҳәм республикамыздағы көп санлы футбол ықласбентлериниң талабы менен футболды еле де раўажландырыў ҳәм оны ғалабаластырыў, усы тийкарда жас футболшылардың жетилисип шығыўына шараят жаратыў мақсетинде быйылғы жылы «Жайхун» футбол клубы да шөлкемлестирилди. Ҳәзирги ўақытта клуб Биринши Лига ойынларында мүнәсип қатнасып келмекте. @zamanuz
إظهار الكل...
Photo unavailableShow in Telegram
Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы мағлыўматына көре, 2023-жылдың март айы даўамында басқарма тәрепинен азық-аўқат өнимлеринен: Қүны 30,7 мың АҚШ долларына тең болған 21,4 тонна қақ ерик, кишмиш ҳәм ғоза өнимлери экспорт бажыхана режимине рәсмийлестирилди. Қүны 58,5 мың АҚШ долларына тең болған қаўын, гешир, қабақ, қияр өнимлери Қазақстан Республикасына экспортқа шығарылды. Эквадор мәмлекетинен 232 мын АҚШ доллары қүнындағы 364 тонна банан өними импорты әмелге асырылды. Өткен жылдың май айы даўамында қарақалпақстанлы исбилермен тәрепинен банан өними импорт етилмеген 66мың АҚШ доллары қүнындағы бийдай уны қоңсылас Қазақстан Республикасынан алып келинип, еркин айланысқа шығарылған. Сондай-ақ, қүны 734 мың АҚШ долларына тең болған 300 тоннаға шамалас йирилген жип Туркия ҳәм Қытай мәмлекетлерине; 1 630мың АҚШ доллары қүнындағы 5800 тонна кальцинирленген сода өними Әўғаныстан, Қазақстан, Туркменистан ҳәм Тәжикстан мәмлекетлерине; 608 мың АҚШ доллары қүнындағы 327 тонна боян тамыры ҳәм оның экстракты өними Қытай, Корея, Тайван ҳәмде Египет мәмлекетлерине экспорт етилген @zamanuz
إظهار الكل...