cookie

نحن نستخدم ملفات تعريف الارتباط لتحسين تجربة التصفح الخاصة بك. بالنقر على "قبول الكل"، أنت توافق على استخدام ملفات تعريف الارتباط.

avatar

QARAQALPAQ SHAYÍRLARÍ TELEGRAM KANALÍ

Maqsetim: "Qaraqalpaq 🤵shayır hám 👩‍💼shayıraların tanıtıw". Baylanıs ushın: ➡️ @Azamat_Nuratdinov_1989 Siz óz qosıqlarıńızdı kanalımızģa jaylastırmaqshı bolsańız Bot mánzilimizge jazıń: ➡️ @qqshayirbot Kanal 2017-jıl 1-iyunda ashıldı.

إظهار المزيد
مشاركات الإعلانات
2 659
المشتركون
لا توجد بيانات24 ساعات
لا توجد بيانات7 أيام
لا توجد بيانات30 أيام

جاري تحميل البيانات...

معدل نمو المشترك

جاري تحميل البيانات...

Photo unavailableShow in Telegram
АТАМЫЗ АЛЛАЯР ДОСНАЗАРОВҚА ХАТ Өтириксиз шын айтайын шынтлап бир, Бирин-бири қарақалпақ судлап жүр. Кешир ата биздей гөдек әўладты, Бийсымақлар ҳақыйқатты унтап жүр. Қыянеткеш жүреклерди тырнады, Гимн байрақ бир өзгерип орнады. Өзиң сызған жеримизди бөлшеклеп, Ойласпастан үзип-жулып хорлады. Тилим бармас ўақыяны жалғаўды, Саратанда қардан бетер қан жаўды. Өзиң қурған уллы әзийз бул Ўатан, Ўәлаят боп өзгериўге сәл қалды. Арын тигип жанын тигип шыққанды, Көрдим бәрин қамап торға тыққанды. Бүгин халық зары гриян өртенди, Билмей атпыз не ишип не жутқанды. Перзентлериң темир тордың ишинде, Бүгин ертең қарап атыр исинде. Мәдет бериң келип өзиң түсинде, Хабарладым сизге хабар пишинде. Бабалардан сизден демеў сораймыз, Алла деймиз аспанларға қараймыз. Руўҳыңыз қолласыншы Атажан, Мәнзилимиз сиз көрсеткен қарай биз... Жаңабай Анетеев 28-Ноябрь 2022. @J_Aneteev
إظهار الكل...
АДАМЛАР БАР.. Адамлар бар күлип турар Ишиңдегин билип турар , Адамлар бар сәл нәрсеге Илме гәптен илип турар. Адамлар бар түсинбейсең Дегиң келер "мүсиндейсең" Адамлар бар гәплерине Өмир алла исенбейсең. Адамлар бар дегишпели Ҳәзил айтса жарасады Адамлар бар сөгиспели Бир-бирине санасады Адамлар бар дос боп жүрер Ишиңдегин айтпай билер Адамлар бар абайсызда Баўырыңды қан қылып тилер. Адамлар бар қолы ашық Саўап иске тақ турады Адамлар бар өзи басық Посгелледен сөз урады. Адамлар бар мақтанады , Артық сөзден сақланады Адамлар бар бүлгин салып Соң өзинше ақланады . Адамлар бар өзи шаққан , Не айтсаңда бежереди Адамлар бар дым тисқаққан Ҳәрбир иске үлгереди . Адамлар бар асықпайды , Әсте сөйлеп жеткереди, Адамлар бар сасытпайды, Ойлап көзден өткереди. Адамлар бар сырттан сөйлер, Тырнақ асты кир табады, Адамлар бар түртип геўлер Ҳәрбир иске мин тағады. Адамлар көп түр -түринен Бири жақсы ,бири жаман, Қалыспайды бир-биринен Ҳәммеси де болсын аман ! Дилбар Айтжанова
إظهار الكل...
АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ КАНАЛ АҒЗАЛАРЫ ! КАНАЛЫМЫЗ МӘЛИМ СЕБЕПЛЕРГЕ БАЙЛАНЫСЛЫ ҮЗИЛИСКЕ ТҮСТИ . БУНЫҢ УШЫН СИЗЛЕРДЕН КЕШИРИМ СОРАЙМЫЗ . ЕНДИГИДЕН БЫЛАЙ ҚАРАҚАЛПАҚ ШАЙЫРЛАРЫНЫҢ ДӨРЕТПЕЛЕРИН САЛЫП БАРАМЫЗ . ШАЙЫРЛАРЫМЫЗДАН БОЛСА ЖАҚСЫ ДӨРЕТПЕЛЕР КҮТИП ҚАЛАМЫЗ . ИЛҲАМ ЙОШ ҲЕШ ЎАҚТА ТӘРК ЕТПЕСИН !
إظهار الكل...
ЕЛИМ ДЕГЕН ЕРЛЕРИН Елим деген ерлерин, Ели хасла умытпас. Кеуилдеги шерлерин, Бауыры таслар уқпас. Елим деген еңиреп, Аман қайтқай жигитлер. Ели отыр елжиреп, Сөнбегей деп үмитлер. Елим деди жең түрип, Аман болсын жанлары, Ели отыр ой сүрип, Бул кимниң деп қармағы? Елим деген бел бууып, Мәрт, бахадыр, батырлар. Тур-ау әттең, күн тууып, Сатып берип сатқынлар. Қалқан болып халқына, Көкирегин тутқанлар. Ел-халқым деп жулқына, Сап алдына шыққанлар. Хуқықлардың теңлигин, Қорғаған мәрт боласыз. Умытылмас ерлигиң, Тарийхларда қаласыз...           Г. НУРЫМБЕТОВА.          28 / 11 / 2022-жыл.
إظهار الكل...
Ассалаума алейкум
إظهار الكل...
ДЕПУТАТТЫ Халық сайлады, халықтың сөзин сөзлемесе, Миллетиниң мәпин олар гөзлемесе, Халқы ушын бир жарық жол излемесе, Биз не ушын сайлағанбыз депутатты. Депутатың әззи болса жатары бар, Намыс-арға келип қолын қатары бар, Спецназға үш қой бир сом, атары бар, Биз не ушын сайлағанбыз депутатты. Басын буғып отырған соң депутатлар, Халық бийшара дәртин айтып күн-түн датлар, Өз жумысын билсе, болмас бадабатлар, Биз не ушын сайлағанбыз депутатты. Жоқарыға жетпес бизиң сөзимиз де, Қыйсаң ойын көрсетип жүр көзимизге, Жыйналған ба гил буралқы өзимизде, Биз не ушын сайлағанбыз депутатты. Халық сайлады, халықтың гәпин айтыў керек, Жеке мәптен ўаз кешип, тез қайтыў керек, Я болмаса ар-намысын жойтыў керек, Биз не ушын сайлағанбыз депутатты. МУҢЛЫ ШАЙЫР Канал силтемеси👉@qqshayirlar
إظهار الكل...
МӘРТЛИК КӨРСЕТЕТУҒЫН УАҚЫТЫҢ КЕЛДИ Көндиң сен, жоқ болса да дәрьяңда суýың, Қурып кеткен Аралдың жалмадың дузын. Жутып жасап "Сода хәм Каучик"*тиң уýын, Ауызыңа қулыплап сақладың тилди, Сөйле енди, сөйлейтуғын ýақыт келди. Сениң хақың, миллиардларды жутты жутап, Хожам көрсин сүýретлерге түсип мақтап. Жипсиз ғана тапжылдырмай қойды матап, Сабыр қылдың, үндеместен жутып тилди, Айтқыл енди, айтатуғын ýақыт келди. Наның қымбат, қунын қойды асырып, Қумшекер хәм майлар күледи мәсирип. Тамақ қымбат, табысың жетпес, жасырып, Шыдадың тис қамалға тислетип тилди, Қамалды аш, шығарыуға ýақыт келди. Желбиремес хеш жеңислерде байрағың, Нышанланбас байрамланып бир байрамың. Ана тилиң шубарланды тил байладың, Кисенледиң шырмап байлап байғус тилди, Жаздыр енди шешетуғын ýақыт келди. Дәстаныңа ийе шықты үндемедиң, Ийеледи жериң алып сөйлемедиң. Мыналар мениң мүлким тийме демедиң. Оян халқым! Берип қоймастан еркиңди, Мәртлик көрсететуғын ýaқытың келди. ✍Г. НУРЫМБЕТОВА. Канал силтемеси👉@qqshayirlar
إظهار الكل...
ҚАРАҚАЛПАҚПАН Қулшынған ўатаны сазы-сәўбеттиң, Ашылар қушағы келер дәўлеттиң, Дузына тапсырған қараўимбеттиң, Исеними таўдай қарақалпақпан! Бүрдей пәмге питип қалған қызы бар, Арыслан айбат жигит гезер дүзи бар Ледоколлар жүрексинбес музы бар, Жарамсаққа жаўдай қарақалпақпан! Кеўли мисли- кенгурудың қалтасы, Ишинде бар Тундрасы, Ялтасы, Сүйенери тек өзиниң арқасы, Жиппикликке баўдай қарақалпақпан! Аўылдың жолындай гедир-будырым Журтқа анықлама бериўши сырым, Өз отырар орнын, билер өз жолын, Илгирликке аўдай қарақалпақпан! Қазақ, Орыс, Өзбек сынынан өткен, Едил-Жайық,Түркистанда-әм күнелткен, Ўақтында Қырымды-әм мәканы еткен, Ушып жүрген ғайдай қарақалпақпан! Дуўпыязлық етип даўға урынбас, Мийримге мийримли, қасқа жаны тас, Ай менен қуяшқа гүлдей сыры паш, Қолға келген даўдай қарақалпақпан! Келип турған гәпти қайтармас кейин, Бердақша бадрақ,Әжинияз зейин, Ойнасаң табарлық ойынға-ойын, Қуда ҳақы-пайдай қарақалпақпан?! Tеңелбай Сарсенбаев Канал силтемеси👉@qqshayirlar
إظهار الكل...
АШШЫЛАСҚЫМ КЕЛМЕЙДИ......! -Ағам,-деп жүрипем арқамды берип, Өзиңди басқадан тууысқан көрип, Сонша жоллар бастым изиңе ерип, Бүгин соның бәри жалған болды ма?! Я,шуғыллар араға от салды ма?! Түп сағамыз Түркилермиз ,тууыспыз, Бир қолдың бес бармағы,бир ууыспыз, Сиз үлкен үй,биз от жанған қууыспыз, Қууысыма шайтан,сум ин қуражақ па?! -Я,ошақты былғап,бет буражақ па?! -Иним,-деп келсеңиз қушақ аштық биз, Ортаға үйип,барымызды шаштық биз, Бәрха -Яқшы,-дедик,неден қаштық биз, Кимдур хийле ойлап,"мат"қылажақ па?! Я,бизди түңилтип,жат қылажақ па?! Биз хәммени өзимиздей көргенбиз, Төрден орын,қуýыстан жай бергенбиз, Сыртлай көрип,сырын билмей ергенбиз, Тоңған жылып,тойған секирежақ па?! Я, дуз ишип оған түкирежақ па?! Түсим бе,оңым ба? қалдым түсинбей, Ким дос,ким қас? жүрмен еле исенбей, Жүрегим елжиреп,-"Ағам"-деп мендей, Көреалмаслар бизди қас қылажақ па?! Басты алып,геудени "лаш"қылажақ па?! Халықта сөз бар:-"Бөлингенди бөри жер", Десе де "Бөриден қорқпас нағыз ер", Ашшыласқым келмейди,"Тек Хақымды бер!" Хешкимниң даýы жоқ,ҚАРАҚАЛПАҚта! ҚАЛПАҚ қалыýы керек ИЗГИ УРПАҚқа!!! ✍ Зулфия Турдымуратова 28-06-2022-ж Канал силтемеси👉@qqshayirlar
إظهار الكل...
Бабамыз Соппаслы сыпыра жыраýдын толғаýынан Жуўас елге тиймегил, Кеўлинде муңлы шер болар. Ерегисип қоймасаң, Ызалы ел биригип, Қылыш алып қолына, Қатыны да ер болар. Сениң менен тең болар, Күшейип кетип ол сеннен, Етек-жеңиң сел болар. Камал Мәмбетов, «Қарақалпақ толғаўлары»,Нөкис «Билим» баспасы.1995жыл.108-бет. ТОЛҒАЎ Жуўас ел демең елимди, Қолайлы демең жеримди. Халқымның жырын жырласам, Ким тыңламас шеримди?! Бабаларым мәрт болған, Кеўлинде мыңсан дәрт болған, Көп жәбир шегип жаўлардан, Еркинлик алмақ шәрт болған. Сонда Ерназар батыры, Бир өзи мыңға татыры. Аңсап халықтың ығбалын, Қурбан еткен өз жанын… Қорықпай қәўип-қәтерден, Халықлық туўды көтерген. Жат елде лашы қалса да, Халқына «стан» әперген. Аллаярдай бабамның, Батырды туўған мамамның, Урпақлары бизлермиз, Бүгин Ҳақ жолды излермиз. Жан берип алған ерикти, Басымыздағы бөрикти. Жоғалтпақшы болғанлар, Тынышымызды алғанлар. Дүньяға еки келмеспиз, Еркти қолдан бермеспиз. Бабамнан мийрас жарлығын, Суверенлиги барлығын. Алмақшы болса егер де, Оятар намыс-ар бүгин. Еркиме қол салғанлар, Бизге үстем болғанлар. Болып халықтың душпаны, Қара булт болар аспаны. Сонлықтан елди бүлдирмей, Өзине сөз келтирмей. Тезден жойсын қәтесин, Жыйсын ҳәм де ақыл-есин. Тиймесин халықтың арына, Қол қатылмасын барына. Ығбалына Арал қурып, Дуз аралас даўыл турып. Жери шорлап атырғанда, Усындай иске орын барма? Келтирмей көптиң ызасын, Алмасын халықтың мазасын. Ибрайымдай сыйлаған, Қарекең өзбек өз ағасын. Ғайры жолларда көрмесин, Бирлигин қолдан бермесин. Мақсети бир болып текте, Жылқысы таўға өрлесин. Егер де олай болмаса, Халқыма қулақ салмаса, Қатыны,ери бир болып, Қалмаў ушын қул болып, Ҳуқықты талап етермиз, Еркин ел болып кетермиз Сөйлесем сөздиң мақулын, Усыны айтар ақылым. Тумаристиң қаны менен, Гүлайымның ары менен. Мәртлик жолды тутарман, Керек болса қан жутарман. Арын арлайман халқымның, Жақыным менен жатымның. Қәдири жоқ демесин, Қолымда бар алтынның, Еркти бермей қолымнан, Бабалар туўын тутайын! Жуўас ел ғой бул бир деп, Бассынбаса халқымды. Елди қоллаған ерлерди, Айнымас дос тутайын. Егер де олай болмаса, Тирилей гөрде жатайын. Халқым еркин болмаса, Суверенлиги қалмаса, Қарақалпақтың өлгени, Ерлердиң гөрге киргени! Гулнара НУРЛЕПЕСОВА 27-июнь, 2022-жыл. Канал силтемеси👉@qqshayirlar
إظهار الكل...
اختر خطة مختلفة

تسمح خطتك الحالية بتحليلات لما لا يزيد عن 5 قنوات. للحصول على المزيد، يُرجى اختيار خطة مختلفة.