cookie

نحن نستخدم ملفات تعريف الارتباط لتحسين تجربة التصفح الخاصة بك. بالنقر على "قبول الكل"، أنت توافق على استخدام ملفات تعريف الارتباط.

avatar

Каракалпак 24

Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың. 📬 Мүрәжат жоллаў: @KARAKALPAK24_BOT 👉 Реклама: @kk24_reklama

إظهار المزيد
مشاركات الإعلانات
100 174
المشتركون
-9624 ساعات
-8597 أيام
-4 36630 أيام
توزيع وقت النشر

جاري تحميل البيانات...

Find out who reads your channel

This graph will show you who besides your subscribers reads your channel and learn about other sources of traffic.
Views Sources
تحليل النشر
المشاركاتالمشاهدات
الأسهم
ديناميات المشاهدات
01
ЖОО магистратурасы ушын шет тили дәрежеси талабы пәсейтилди Ендигиден былай магистратура жөнелислерине қарап талап етилетуғын шет тили сертификаты «В1» ден «С1»ге шекем парықланады. 👉 @Karakalpak24
27 37297Loading...
02
Нөкисте «пикник» шөлкемлестирсеңиз жәрийма төлеўиңиз мүмкин Билесиз, күнлер жылып, апрель айы келиўинен баслап Нөкис қаласындағы Дослық каналы бойында «пикник» шөлкемлестириў мапазы басланып кетеди. Бул өз гезегинде ана тәбиятымызға өз зыянын тийдирместен қалмайды. Себеби, биреўлер азықлық өнимлердиң шығындысын таслап кетсе, биреўлер өсип турған жасыл шөпти басқылап, оның қуўрап қалыўына себепши болмақта. Социаллық тармақларда буған байланыслы видеоконтент пайда болды. Буны сиз де көриўиңиз керек деп ойлаймыз. 😊 ✈️ Видеоны «пикник» шөлкемлестириўди жобаластырып жүрген танысларыңызға жиберип қойың. 👉 @Karakalpak24
28 600146Loading...
03
Ертең 26-27-май күнлери Путин Өзбекстанға келеди. 👉 @Karakalpak24
33 91285Loading...
04
Социаллық тармақларда айдаўшы ЖПХ хызметкерин урғанлығы бойынша видео тарқалды. 👉 @Karakalpak24
35 934184Loading...
05
❗Жаңа үлгидеги Жол ҳәрекети қағыйдаларына "Ўақтыншалы жол белгилери" косылды. 👉 @Karakalpak24
32 110129Loading...
06
⚡️Жер астынан алынып атырған суўға «счетчик» қоймағанлар жәриймаға тартылады ❗️Президенттиң 07.12.2022-жылдағы ПҚ-439-санлы қарары менен жер астынан суў алыў қурылмаларына (скважина, қудық) суў есаплағыш (счетчик) орнатыў шәрт етип қойылды. Бунда суў есаплағышлар орнатылмаған ҳалда жер астынан суў алып отырған шахсларға жәрийма қолланылыўы белгиленген. 🚫Усыған көре, Президенттиң 07.05.2024-жылдағы ПП-74-санлы Пәрманы менен қудықларға счетчик орнатқанлығы жағдайын 3 айдың ишинде үйренип, «счетчик»сиз жер асты суўынан пайдаланып отырған шахсларға жәрийма салыў белгиленген. Сондай-ақ, қағыйданы бузғанлардын суўдан пайдаланыўы ўақытша шекленеди. ☝️Бирақ, бунда итибарлы жери, «счетчик» орнатыў талабы жеке өзи ҳәм хожалығы ушын суткасына 5 куб метрге шекем муғдарда жер асты суўынан пайдаланып отырған пуқараларға тийисли емес. Яғный олар қудықларына суў есаплағышын орнатыўға мәжбүр емес. Соның ушын оларға жәрийма қолланылмайды. 💡Мағлыўмат ушын. ҲЖҲКтиң 74-статьясына тийкар, жер асты суўларынан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў пуқараларға БЕМның 2 есесинен (680 мың сумнан) 5 есесине (1,7 млн сумға) шекем, лаўазымлы шахсларға – 5 есесинен (1,7 млн сумнан) 7 есесине (2,3 млн сумға) шекем жәрийма салыўға себеп болады. 👉 @Karakalpak24
35 651169Loading...
07
❓Магистратураға кириўде тил билиў сертификаты бийкарланама? Рәсмийлердиң мәлим етиўинше, магистратура ҳәм докторантураға қабыллаўда сертификат талабы бир дәреже төменге — В1 дәрежесине түсириледи. Буған мәденият, көркем өнер, спорт, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, ислеп шығарыў, инженерлик иси, аўыл хожалығы, ветеринария, архитектура ҳәм қурылыс, физика ҳәм тәбийий пәнлер, транспорт хызметлери бағдарлары киреди. Сертификат талабы шет тиллер бағдарларында С1 дәрежеде, анық пәнлер, биология, математика, ҳуқық, журналистика, АКТ ҳәм экономика бағдарларында В2 дәрежеде сақланып қалады. 👉 @Karakalpak24
33 984121Loading...
08
❓Айлық кешиктирилген ҳәр бир күн ушын неше сум төлениўи керек? 💰Мийнет кодексиниң 333-статьясына көре, жумыс бериўши ис ҳақыны ҳәм басқа төлемлерди төлеў мүддетин бузған жағдайда ҳәр бир кешиктирилген күн ушын пуллы компенсация төлеўи шәрт. Бунда компенсация ис ҳақының кешиктирилиўинде жумыс бериўшиниң айыбы бар ямаса жоқ екенлигине қарамастан төленеди. 🗓 Кешиктирилген күнлер ушын пуллы компенсация Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң тийкарғы ставкасының (14%) 1/10 бөлеги муғдарында белгиленеди. ☝️Әмелиятта усы компенсацияны төлеў тәртибинде түсинбеўшиликлер ҳәм даўлар келип шықпақта. ✅ Сонлықтан, Өзбекстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги тәрепинен усы компенсацияны төлеўдиң тәртиби түсиндирилген. Хатта айлық муғдары 2 млн сум етип алынған. 👉 @Karakalpak24
35 070101Loading...
09
❗️Турақ-жайлардың баҳасы түсиўи мүмкин Айтыўларына қарағанда, бүгинги күнде бирге ислесиўши коммерциялық банклер тәрепинен Ипотеканы қайта қаржыландырыў компаниясының қаржылары есабынан екилемши базардан үй-жай сатып алыў ушын арзан ипотека кредитлериниң (17-18 процент) ажыратылыўы ўақтынша тоқтатылған. 👉 @Karakalpak24
34 26455Loading...
10
Hamshira kelin - yaxshi! U Ilm-u Ziyo'da o'qigan bo'lsa - undanda yaxshi! Ilm-u Ziyo tibbiyot kollejida siz: ➖ Respublika bo'ylab joylashgan filiallarimizda malakali ustozlardan ta'lim olasiz; ➖ Amaliyot davomida bilimingizni real shifoxonalarda sinovdan o'tkazasiz; ➖ Tibbiyotda talab eng yuqori bo'lgan kasb egasiga aylanasiz; 📄 Litsenziya ( № 026116 23.04.22 ) Ro'yxatdan o'tish: Bu yerga bosing! 📞 Murojaat uchun: +998(78)113-93-93 Instagram | YouTube | Telegram Реклама
30 69521Loading...
11
Қарақалпақстанлы жасларға быйылғы жылда да қосымша квоталар ажыратылады Президентимиздиң ғамхорлығы ҳәм итибары нәтийжесинде қарақалпақстанлы жасларға бир қатар имканиятлар жаратып берилмекте. 2022-жыл 31-августтағы 213-санлы Президент пәрманы менен Қарақалпақстан Республикасында турақлы жасайтуғын ҳәм де улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлерин тамамлаған жаслар ушын 2023-2024-оқыў жылында мәмлекет гранты тийкарында қосымша 3 мың квота, соның менен бирге төлемли-контракт тийкарында қосымша 6 мың 500 квота ажыратылған еди. Пәрман менен қарақалпақстанлы 6500 жаслардың қосымша квота тийкарында мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына окыўға кириўи ҳәм жоқары билим алыўы ушын имканият жаратылыўы белгиленген болып, быйылғы жылда да қосымша квоталар ажыратылады. 👉 @Karakalpak24
32 671113Loading...
12
Бүгин пайтахтымыздағы орайлық амфитеатрда Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист Миратдин Абдуллаев өзиниң бийпул "Ностальгия" атлы концерт бағдарламасын халқымызға усынады. Бәршени концертке мирәт етемиз. 👉 @Karakalpak24
33 663177Loading...
13
"OMAD SHOU" tele-musobaqasining 26-Apreldagi 287-sonidan mahsus lavha‼️ Jesco va Else tea mahsulotlaridan har kuni harid qilishni unutmang‼️ Omad shou rasmiy ilovasi‼️👇 Android uchun
32 34914Loading...
14
Быйылдан баслап авитуриентлер алдын тест тапсырып кейин ЖООды таңлайды 2024/2025-оқыў жылынан баслап ЖООлар, колледж ҳәм техникумлар ушын имтиханлар "алдын тест, кейин таңлаў" принципи бойынша өткериледи. Қабыллаў тәртиби: ➖ 5-июннан баслап 25-июнға шекем ҳүжжет тапсырыў. ➖ Илюь ҳәм август айларында имтиханлар өткериледи. ➖ 15 күн ишинде ЖООды таңлаў керек болады. 👉 @Karakalpak24
36 292303Loading...
15
❗️Абитуриентлерге дизимнен өтиў 5-июньнан басланады 2024/2025 оқыў жылынан баслап ЖООна қабыллаў бойынша имтиханлар “алдын тест, кейин таңлаў” принципине муўапық бир ўақытта өткериледи. Бунда: а) абитуриентлер өз таңлаўына көре, тест сынағы нәтийжесинде топлаған балынан келип шығып, дәслеп жоқары билимлендириўдиң бакалавриатына, кейин профессионал билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў ушын таңлаўда қатнасады; б) мәмлекетлик ЖООлары бакалавриатына қабыллаў процеси төмендеги еки басқышта әмелге асырылады: - биринши басқышта абитуриентлер ҳәр жылы 5-июньнан 25-июньға шекем (25-июнь күни де) тест ушын дизимнен өтеди ҳәм тест сынағы тапсырылатуғын пәнлер комплекси, билимлендириў тили ҳәм тест тапсырыў аймағын, кириў имтиханлары қурамында кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан болса, бул имтиханды тапсыратуғын ЖООын таңлайды. Бунда бакалавриат бойынша бирден-бир кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар бағдарламалары ҳәм баҳалаў критериялары тийисли министрликлер (кеңселер) тәрепинен Жоқары билимлендириў, пән ҳәм инновациялар министрлиги менен келисилген ҳалда тастыйықланады; оқыўға қабыллаў бойынша кириў имтиханлары июль-август айларында өткериледи; - екинши басқышта абитуриентлер тест сынақлары толық жуўмақланғанынан кейин 15 күн даўамында ЖОО, бакалавриат тәлим бағдары ҳәм тәлим формасын таңлайды. 👉 @Karakalpak24
33 119188Loading...
16
😱 idea'da texnika ayına 99 000 sumnan! 🔻 Premier Xolodilnik— 99 000 sumnan 🔻 32 Smart Tv – 99 000 sumnan 🔻 Ferre Gaz Plita – 99 000 sumnan 🔻 Redmi 13C (4/128) – 99 000 sumnan 🔻 Honor X6a (4/128) – 99 000 sumnan 🔻 Vivo Y03 (4/128) – 99 000 sumnan Sorawlar boyinsha: 📞 71 230-77-99 | Чат 📍Адрес: г. Нукус, ул. Ерназара Алакоза, 60 ("Мега Нукус") 📍Адрес: г. Кунград, ул. Толеген Айбергенов, дом 1/А ("Mega Park") Telegram | Instagram | Дўконларимиз | Youtube Реклама
30 99572Loading...
17
Нөкисте қамаққа алынған шахсты азатлыққа шығарып бериў есесине 600 АҚШ долларын алған шахс қолға алынды Нөкис қаласында жасаўшы Б.И. пуқара М.Д.ның қамаққа алыў шарасы қолланылған өмирлик жолдасы Ф.К.ны таныслары арқалы азат етип, камаққа алыў шарасын өзгертип бериўге исендирген ҳәм оның есесине 600 АҚШ долларын алдап алып, өзиниң мәпине ислетип жибергенлиги анықланған. Усы жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 168-статьясы, 3-бөлими, «б» бәнти менен жынаят иси ашылған. 👉 @Karakalpak24
31 11712Loading...
18
❗️Мийнет мигрантларының шаңарақ ағзаларына ҳәр жылы 680 000 сўмнан бир мәртелик материаллық жәрдем пулы бериледи 📄 10.03.2022-жылдағы ПҚ-149-сан Президент қарарына бола, ❗️ҳәр жылы ҳәким жәрдемшилериниң усыныснамасына тийкар: ➖ бағыўшысы сырт елге мийнет миграциясына шығып кеткен ҳәм "Социаллық қорғаў бирден-бир реестри" мәлимлеме системасында дизимде болған шаңарақларға БЕМның 2 есеси (680 000 сўм) муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем пулы бериледи. 👉 @Karakalpak24
31 939137Loading...
19
Жас программистлер ушын «Hackathon» жарысы болып өтеди Жас программистлердиң киберқәўипсизлик тараўындағы қәнигелик билимлерин арттырыў, информациялық ҳәм коммуникациялық технологияларды раўажландырыў, қәўипсизлик мәселелери ҳәм олардың шешими бойынша жаслардың қызығыўшылығын раўажландырыў мақсетинде «Hackathon» (CTF-ТУРНИРИ) жарысы болып өтеди. Жарысқа алдыннан дизимнен өткен 14 жастан 30 жасқа шекемги жаслар бийпул қатнасыў имканиятына ийе. Таңлаў жеке тәртипте оффлайн форматта өткериледи ҳәм қатнасыўшылар ctf.cyberkent.uz платформасының тийисли бөлиминен дизимнен өтиўи керек. Әмелий жарыста барлық орта билим бериў мектеплериниң, колледж ҳәм академиялық лицейлердиң оқыўшылары, сандай-ақ, жоқары оқыў орынларының студентлери қатнасыўы мүмкин. Киберқәўипсизликке қызыққан ҳәр бир жасты жарыста күтип қаламыз! Жарыстың толық қағыйдалары менен арнаўлы УСТАВ арқалы танысып шығың. ДИЗИМНЕН ӨТИЎ 👉 @Karakalpak24
31 85048Loading...
20
Бүгин «Pitkeriwshi party» фестивалы өткериледи Бүгин 25-май күни Жаслар орайы имараты алдында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қоллап-қуўатлаўы менен Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен «Pitkeriwshi party» фестивалы өткериледи. Фестиваль шеңберинде кеўил ашар жойбарлар, DJ шоу бағдарламасы, ҳәм эстрада жуздызлары қатнасыўында гала-концерт болып өтеди. Саат: 19:00 👉 @Karakalpak24
34 854285Loading...
21
Pulmakon«CLEVER» микрокредит шөлкеми. АВТОКРЕДИТ ХӘМ МИКРОҚАРЫЗ 2-СААТТА ШЫГАДЫ Кредит 10 млн нан 300 млн га шекем бериледи Кредит алыў ушын  Сиз тек ғана 2005-жылдан  төмен болмаған Автотранспорт НОТАРИУС арқалы ГИРЕЎге (ЗАЛОГқа) қойып, автомашинаңыздың жағдайына қарап кредит аласыз АВТОКРЕДИТ ЕКЛЕМШИ БАЗАРДАН БЕРИЛЕДИ 6-айдан 1-1,5 ҳемде 2-жыл мүддетке. БАСЛАНГЫШ ТӨЛЕМ ЖОҚ!!! Ҳеш кандай басланғыш төлемсиз! 2010-жылдан төмен болмаған машынды сатып алсаңыз болады КЕРЕКЛИ ҲҮЖЖЕТЛЕР: Сатыушының ҳәм зайыбының паспорты; Машинаның техпаспорты; Сатыушының пластик картасы; Сатып алыушының паспорты 10 млн   884   000 20 млн  1.767 000 30 млн  2.651 000 40 млн   3.534 000 50 млн  4.418 000 60 млн  5.301 000 70 млн  6.185  000 80 млн  7.068  000 90 млн  7.952  000 100 млн  8.835 000 Айма ай график бойынша төлеп барасыз https://t.me/OLX_NUKUS_GRUP Телефон +998930002221 +998977890782 +998907003777 Мәнзил: Нөкис қаласы, Ағаш базар жанындағы «Металл профиль» атлы бәндирги. Реклама
34 51325Loading...
22
🔔 Бүгин 25-май — Соңғы қоңыраў! Бул қосықты еситкен ҳәр бир адам мектеп дәўирин еске алса керек. 👉 @Karakalpak24
76 4542 704Loading...
23
❓Айдаўшы мәс ҳалда автомобиль басқарса оған қандай жәрийма қолланылады? 1⃣ Айдаўшы мǝслик жағдайы бойынша тексериўден бас тартса, 1 жыл 6 айдан 3 жылға шекем мүддетке транспортты басқарыў ҳуқықынан айрылады ҳәм 5 млн 100 мың сўм муғдарында жәриймаға тартылады. 2️⃣ Тап сондай ҳуқықбузарлық транспортты басқарыў ҳуқықы болмаған шахс тәрепинен ǝмелге асырылса, 10 млн 200 мың сўм муғдарында жәрийма ямаса 15 сутка ҳǝкимшилик қамақ жазасы қолланылады. 3️⃣ Усы ҳуқықбузарлықтың мопед, велосипед айдаўшы, тиркемели арбаны басқарыўшы шахс тәрепинен ǝмелге асырылыўы БЕМның 3 есеси ( 1 млн 20 мың сўм) муғдарында жәрийма салыўға себеп болады. Дерек: huqiqiymalimleme 👉 @Karakalpak24
40 47338Loading...
24
❗️Турақ-жайлардың баҳасы түсиўи мүмкин Айтыўларына қарағанда, бүгинги күнде бирге ислесиўши коммерциялық банклер тәрепинен Ипотеканы қайта қаржыландырыў компаниясының қаржылары есабынан екилемши базардан үй-жай сатып алыў ушын арзан ипотека кредитлериниң (17-18 процент) ажыратылыўы ўақтынша тоқтатылған. 👉 @Karakalpak24
40 27793Loading...
25
❓Турақ жай ушын субсидия кимлерге бериледи? Нызамшылыққа муўапық, турақ жай сатып алыў ямаса жеке тәртиптеги турақ жайларды қурыў ҳәм реконструкция қылыў ушын субсидия дараматы жоқары болмаған ҳәм турақ жайын жақсылаўға мүтәж пуқараларға ажыратылыўы белгиленген. Яғный орташа айлық дараматы төмендегише болғанлар дараматы жоқары болмаған пуқара ямаса шаңарақ деп есапланады: Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда белгиленген мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 2,7 есесинен 8 есесине шекем (2 млн 835 мың сумнан 8 млн 400 мың сумға шекем); ❕Мағлыўмат ушын: бүгинги күнде мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары 1 млн 50 000 су́м. 👉 @Karakalpak24
41 689121Loading...
26
▪️▪️▪️▪️ ▪️▪️▪️▪️ 🎤 Парахат Жолдасбаев 🎧 «Бәҳәрим» атлы шоу концерти 📍 Қарақалпақстан көркем-өнер сарайы 🖥 25-26-май 🔜 15:00 ҳәм 18:00 де ✔️ 95 707-86-86 Реклама
35 91325Loading...
27
💰 Жасларға ажыратылатуғын 13 млн сумлық субсидияны алыў тәртиби қандай? 📑 Министрлер Кабинетиниң 312-санлы қарарына бола, жаслар өз исбилерменлигин жолға қойыўы ямаса өзин-өзи бәнт етиўи ушын зәрүр болған әсбап-үскенелерди сатып алыўы ушын 13 млн сумға шекем субсидия ажыратылады. 📬 Субсидия алыў ушын пуқара районлық (қалалық) ҳәкимликке арза менен мүрәжат етиўи керек. Арза Қәўендерлик Кеңеси тәрепинен 3 жумыс күни ишинде, ҳәким жәрдемшиси тәрепинен 5 жумыс күни ишинде көрип шығылады. 💰 Сондай-ақ, бул субсидия ҳәким жәрдемшисинен унамлы усыныс алған, «Жаслар дәптери»не киргизилген пуқараларға бериледи. 👉 @Karakalpak24
34 73494Loading...
28
❗️Оқыўға кириў ушын минимал өтиў баллары усы жылы ҳәм келеси оқыў жылында көтериледи Усы жылғы, яғный 2024/2025-оқыў жылы ушын өтиў баллары: ➖ денсаўлықты сақлаў, ҳуқық, бизнес ҳәм басқарыў жөнелислери ушын — 75,6 балл; ➖ басқа жөнелислер ушын — 66,5 балл етип белгиленеди. ✅ Келеси жылы, яғный 2025/2026-оқыў жылында болса өтиў баллары төмендегише: ➖ денсаўлықты сақлаў, ҳуқық, бизнес ҳәм басқарыў жөнелислери ушын — 94,5 балл; ➖ басқа жөнелислер ушын — 75,6 балл етип белгиленеди. 👉 @Karakalpak24
34 650109Loading...
29
👨‍🏫 Кимлер класс басшысы болыўы мүмкин? 📑 Класс басшысы төмендеги критерияларға тийкар, мектеп директоры тәрепинен лаўазымға тайынланады ҳәм азат етиледи: 🟢кеминде 3 жыллық педагоглық жумыс стажына ийе болған; 🟢мектепте тийкарғы жумысшы ретинде жумыс ислеп киятырған; 🟢басқарыўшылық қәбилетине ийе болған; 🟢оқыўшылар менен ислесиў процессинде жуўапкершилик пенен жантаса алатуғын; 🟢баслаўыш класларда класс басшылығы баслаўыш классқа бириктирилген оқытыўшыларға жүклетиледи. ❌ Мектеплерде саатлы график (сондай-ақ, еки жумысты қатар ислеўшилик) тийкарында жумыс ислейтуғын оқытыўшылардың классқа басшылық етиўине жол қойылмайды. 🥇 Бир оқытыўшыға тек ғана бир класс басшылық етиў ушын тапсырылады. Директор орынбасарлары, психологлар класс басшысы болыўы мүмкин емес. 💻 Класс басшылары жумысын руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша директор орынбасары қадағалайды ҳәм муўапықластырады. 👉 @Karakalpak24
32 82856Loading...
30
⚡️⚡️ Ашшы ҳақыйқатларды ҳәмде аҳмийетли жаңалықларды жасырмастан тезлик пенен хабарлантырып туратуғын Қарақалпақстандағы @ҚарақалпақLIVE телеграм каналына ағза болың. Қарақалпақша каналды, Қарақалпақстанлылар қоллап қуўатлаң ✅ ➡️ Каналға қосылыў ➡️ Каналға қосылыў ❗️ Телеграм каналына ағза болың❗️ 👉Каналға қосылыў
35 25112Loading...
31
Алдаўшылық жынаяты анықланды Нөкис қаласында жасаўшы пуқара Б.И. 2024-жылдың 3-май күни пуқара М.Д.ның исенимине кирип, оның камаққа алыў шарасы қолланылған өмирлик жолдасы Ф.К.ны таныслары арқалы азат етип, камаққа алыў шарасын өзгертирип бериўге исендирип, оның 600 АҚШ долларын алдап алып, өзиниң мәпине ислетип жибергенлиги анықланған. Усы жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 168-статьясы 3-бөлими «б»-бәнти менен жынаят иси қозғатылған. 👉 @Karakalpak24
35 68512Loading...
32
📱 Атақлы инсайдер Мажин Бу iPhone 16'ның ақ ҳәм қара реңиндеги сүўретлерин жәриялады. 👉 @Karakalpak24
32 76742Loading...
33
Шымбай районындағы өзин-өзин бәнт етиўди қәлеўши ҳаял-қызларға субсидия тийкарында әсбап-үскенелер тапсырылды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районы аймағындағы ҳәким жәрдемшилери усыныслары менен 18 ҳаял-қызларға субсидия тийкарында тигиў машиналарын тапсырды. Жоқарғы Кеңес Баслығы пуқаралар менен сәўбетте өз үстинде ислеўди, өзин-өзи бәнт етиўди қәлеўши ҳәр бир пуқара ушын, әлбетте, жардем берилетуғынлығын, мәмлекетимиз тәрепинен берилип атырған имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў кереклигин атап өтти. 👉 @Karakalpak24
37 32122Loading...
34
📢📢 Diqqat , Diqqat📢📢 Garant Bilim Nukus tayarlíq kursí mektep oqíwshilaríníñ jazģí dem alísín nátiyjeli ótkiziw hãm de taza oqíw jílína òz tayarlíqlarin ertelew baslawína òz jãrdemin beriw ushín BIOLOGIYA, XIMIYA, MATEMATIKA pãnlerinen 25-27-may sãnelerinen baslap 7-8-9-10 klaslar ushín arnawlí TAZA gruppa ashílíwín xabarlaydi. Barlíq sabaqlíqlar 0den baslap maydalap ùyretiledi. Jazģí dem alís waqtíñízdí biz benen paydalí nãrsege jumsañ! Asíĝín orínlar sani sheklengen! Qabíllaw 25-may saat 14⁰⁰de baslanadi hãm keyinde dawam etedi. Biologiya: Saypov Elmurat 973560129 Ximiya: Qádirimbetov Kewnimjay 913851216 Matematika: Bekbauliev Anvar 999577879 T/me topar: @garant_education Mãnzil: Ernazar alakõz koshesi 55-jay 2-sanlí Mono oraydiń 2-etají. Baģdar: 3-poliklinika hãm SAG gilem dúkaníníñ arqa tãrepi. (Oraylíq bazarģa jaqín)
34 04423Loading...
35
❗️Кегейлиде 3 адамның өлимине себепши болған айдаўшы 10 жылға қамалды Мәлим болыўынша, 2023-жыл 18-декабрь күни "Кобалт" автомобили айдаўшысы машинасына төрт жолаўшыны миндирип, Нөкис-Кегейли жөнелисинде ҳәрекетленип баратырғанында музғалақ жолда тез жүрип басқарыўшы жоғалтқан. Машина жолдың қарама-қарсы тәрепине шығып кеткен ҳәм Кегейли-Нөкис жөнелисинде киятырған басқа бир "Кобалт" автомобили менен дүгискен. Ақибетте басқарыўды жоғалтқан "Кобалт" айдаўшысы ҳәм еки еркек дене жарақатларын алған. Усы машинада болған еки ҳаял ҳәм бир еркек ўақыя орында қайтыс болған. Суд музғалақ жолда тез жүрип басқарыўды жоғалтқан "Кобалт" айдаўшысын Жынаят кодексиниң 266-статьясы 3-бөлими "а" бәнти менен айыплы деп тапқан. Ол 3 жылға транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан айырылып, 10 жыл мүддетке азатлықтан айырылған. Сондай-ақ айыплыдан жәбирлениўшилер пайдасына жәми 209 млн 905 мың сўм өндириў белгиленген. 👉 @Karakalpak24
37 080130Loading...
36
📸 Күн фотосы Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районындағы «Бахытлы» мәҳәллесинде жасаўшы Бекмирзаева Бийбайым апаның шаңарағында болды. 👉 @Karakalpak24
38 15966Loading...
37
Ўзбекистоннинг 2023-йилдаги энг яхши IT-маркази Хоразмда! 85-95% гача ишга кирган ва 6500 битирувчиларга эга "Najot Ta'lim" замонавий касблар маркази Хоразмда ҳам очилди! Ўзига ҳос муҳит ва замонавий шароитларга эга марказ очилиш маросими ҳамда атмосферасини ҳис қилинг! 🔥 «Najot Ta'lim» — келажагингиз ишончли қўлларда! najottalim.uz
40 76210Loading...
38
👩‍💻 Бақшалардағы педагоглардың айлығы мектеп педагогларының айлығына теңлестириледи ⌨️ Президенттиң 2023-жыл, 26-май күнги пәрманына бола, 2024-жыл 1-июннан баслап мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериндеги жоқары мағлыўматлы педагог хызметкерлердиң базалық тариф ставкасы улыўма орта билим бериў мәкемелериндеги тийисли педагог хызметкерлердиң базалық тариф ставкасының әмелдеги муғдарына теңлестириледи. 👉 @Karakalpak24
46 995242Loading...
39
▪️▪️▪️▪️ ▪️▪️▪️▪️ 🎤 Парахат Жолдасбаев 🎧 «Бәҳәрим» атлы шоу концерти 📍 Қарақалпақстан көркем-өнер сарайы 🖥 25-26-май 🔜 15:00 ҳәм 18:00 де ✔️ 95 707-86-86 Реклама
43 10425Loading...
40
#Рәсмий_мағлыўмат Үшинши қабаттан өзин таслаған ҳаял ҳәмиледар болмаған Социал тармақлар арқалы тарқалған ҳәм көпшиликтиӊ пикир тартысларына себеп болып атырған “Қарақалпақстанда ҳәмиледар ҳаял 3-қабаттан өзин таслады” атамасындағы ўақыя бойынша Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниӊ рәсмий мағлыўматы. 1990 жылы Қашқадәрья ўәлаятында туўылған М.Ю. –ҳәзирде Кегейли районы “Жалпақ жап” АПЖ да жасайды. М.Ю усы жылдыӊ 11 май күни Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайы, Қарақалпақстан филиалында операция жолы менен баласын дүньяға келтиреди. 15 май күнине келип М.Ю бөлимниӊ 3 қабатында жайласқан “Реанимация” бөлимине көшириледи. Усы күни кешки саат 21_00 шамасында М.Ю терезеден секиреди ҳәм сол жерден Республикалық қыстаўлы тез жәрдем илимий-әмелий медицина орайы, Қарақалпақстан филиалына тез жәрдем автотранспорты арқалы алып келинип,биринши жәрдем көрсетиледи.Орайдыӊ тәжрийбели хирург шыпакерлери тәрепинен М.Ю барлық медициналық тексериўлерден өткериледи ҳәм 16 май күни ҳаялға “Сан сүйегин жабық түрде бириктириў” операциясы әмелге асырылады. Наўқас бөлимниӊ “Травматология” бөлимине көширилип шыпакерлер қадағалаўында болады. 23 май күни шыпакерлер тәрепинен М.Ю ға емлеўханадан шығыўға рухсат бериледи. Ҳәзирде наўқастыӊ ҳәм туўылған баласыныӊ денсаўлығы жақсы жағдайда. Демек социал тармақларда тарқағанындай емес: “Қарақалпақстанда ҳәмиледар ҳаял 3-қабаттан өзин таслаған” -деген хабарға келсек ол ўақытта ҳаял ҳәмиледар болмаған. Ҳаялдыӊ нәсиллик кеселликлер (психоз) бойынша дизимде турғаны анықланған деген түсиникке келетуғын болсақ - Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайы, Қарақалпақстан филиалы админстрациясы мағлыўматты асығыс түрде ҒХҚ ўәкиллерине усынған. 1996-жыл 29 август күнги “Пуқаралардың Денсаўлығын сақлаў туўрысында”ғы №265-I санлы Өзбекистан Республикасы Нызамының 45-статьясы талапларына муўапық пуқаралардыӊ медициналық ҳүжжетлериндеги мағлыўматлар шыпакерлик сыры болып, ол тек 45-статьясыныӊ үшиниши бөлиминде көрсетилген жағдайлардағана пуқараныӊ разылығысыз әшкара етилиўи мүмкин деп белгиленген. Жағдай шеңберинен бир қатар медицина хызметкерлерине төмендеги шаралар қолланылды: Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайы, Қарақалпақстан филиалыныӊ “Реанимация” бөлиминиӊ нәўбетши шыпакерине,нәўбетши мийирбийкесине, нәўбетши киши медицина хызметкерине 15 май күнги жумыс ўақтындағы нәўбетшилигинде наўқас ҳаял М.Ю ны қараўсыз қалдырғаны ҳәм жумысқа немқурайдылық пенен қарағаны ушын ӨР Мийнет Кодексиниӊ 312-статьясыныӊ 2 бөлимине тийкар орташа айлық ис ҳақысыныӊ 30 пайыз муғдарында жәрийма интизамый жаза шарасы қолланылды. Бул ўақыяны сол күнниӊ өзинде, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги өз қадағалаўына алды ҳәм ана менен бала денсаўлығы тиккелей қадағалаўда турды. ҚР Денсаўлықты сақлаў министриниӊ “Аналықты ҳәм балалықты қорғаў” бойынша орынбасары Г.Абдисаметова Республикалық қыстаўлы тез жәрдем илимий-әмелий медицина орайы, Қарақалпақстан филиалына барып наўқас М.Ю дыӊ денсаўлығынан хабар алды. Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайы, Қарақалпақстан филиалы медицина хызметкерлериниӊ бәршесине бул ўақыяға тийкарланып-ҚР Денсаўлықты сақлаў министриниӊ биринши орынбасары А.Асқаров мәжлис өткерип түсиндириў жумысларын алып барды. ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети 👉 @Karakalpak24
41 51478Loading...
Photo unavailableShow in Telegram
ЖОО магистратурасы ушын шет тили дәрежеси талабы пәсейтилди Ендигиден былай магистратура жөнелислерине қарап талап етилетуғын шет тили сертификаты «В1» ден «С1»ге шекем парықланады. 👉 @Karakalpak24
إظهار الكل...
01:10
Video unavailableShow in Telegram
Нөкисте «пикник» шөлкемлестирсеңиз жәрийма төлеўиңиз мүмкин Билесиз, күнлер жылып, апрель айы келиўинен баслап Нөкис қаласындағы Дослық каналы бойында «пикник» шөлкемлестириў мапазы басланып кетеди. Бул өз гезегинде ана тәбиятымызға өз зыянын тийдирместен қалмайды. Себеби, биреўлер азықлық өнимлердиң шығындысын таслап кетсе, биреўлер өсип турған жасыл шөпти басқылап, оның қуўрап қалыўына себепши болмақта. Социаллық тармақларда буған байланыслы видеоконтент пайда болды. Буны сиз де көриўиңиз керек деп ойлаймыз. 😊 ✈️ Видеоны «пикник» шөлкемлестириўди жобаластырып жүрген танысларыңызға жиберип қойың. 👉 @Karakalpak24
إظهار الكل...
Photo unavailableShow in Telegram
Ертең 26-27-май күнлери Путин Өзбекстанға келеди. 👉 @Karakalpak24
إظهار الكل...
00:34
Video unavailableShow in Telegram
Социаллық тармақларда айдаўшы ЖПХ хызметкерин урғанлығы бойынша видео тарқалды. 👉 @Karakalpak24
إظهار الكل...
01:07
Video unavailableShow in Telegram
❗Жаңа үлгидеги Жол ҳәрекети қағыйдаларына "Ўақтыншалы жол белгилери" косылды. 👉 @Karakalpak24
إظهار الكل...
Photo unavailableShow in Telegram
⚡️Жер астынан алынып атырған суўға «счетчик» қоймағанлар жәриймаға тартылады ❗️Президенттиң 07.12.2022-жылдағы ПҚ-439-санлы қарары менен жер астынан суў алыў қурылмаларына (скважина, қудық) суў есаплағыш (счетчик) орнатыў шәрт етип қойылды. Бунда суў есаплағышлар орнатылмаған ҳалда жер астынан суў алып отырған шахсларға жәрийма қолланылыўы белгиленген. 🚫Усыған көре, Президенттиң 07.05.2024-жылдағы ПП-74-санлы Пәрманы менен қудықларға счетчик орнатқанлығы жағдайын 3 айдың ишинде үйренип, «счетчик»сиз жер асты суўынан пайдаланып отырған шахсларға жәрийма салыў белгиленген. Сондай-ақ, қағыйданы бузғанлардын суўдан пайдаланыўы ўақытша шекленеди.
☝️Бирақ, бунда итибарлы жери, «счетчик» орнатыў талабы жеке өзи ҳәм хожалығы ушын суткасына 5 куб метрге шекем муғдарда жер асты суўынан пайдаланып отырған пуқараларға тийисли емес. Яғный олар қудықларына суў есаплағышын орнатыўға мәжбүр емес. Соның ушын оларға жәрийма қолланылмайды.
💡Мағлыўмат ушын. ҲЖҲКтиң 74-статьясына тийкар, жер асты суўларынан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў пуқараларға БЕМның 2 есесинен (680 мың сумнан) 5 есесине (1,7 млн сумға) шекем, лаўазымлы шахсларға – 5 есесинен (1,7 млн сумнан) 7 есесине (2,3 млн сумға) шекем жәрийма салыўға себеп болады. 👉 @Karakalpak24
إظهار الكل...
Photo unavailableShow in Telegram
Магистратураға кириўде тил билиў сертификаты бийкарланама? Рәсмийлердиң мәлим етиўинше, магистратура ҳәм докторантураға қабыллаўда сертификат талабы бир дәреже төменге — В1 дәрежесине түсириледи. Буған мәденият, көркем өнер, спорт, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, ислеп шығарыў, инженерлик иси, аўыл хожалығы, ветеринария, архитектура ҳәм қурылыс, физика ҳәм тәбийий пәнлер, транспорт хызметлери бағдарлары киреди. Сертификат талабы шет тиллер бағдарларында С1 дәрежеде, анық пәнлер, биология, математика, ҳуқық, журналистика, АКТ ҳәм экономика бағдарларында В2 дәрежеде сақланып қалады. 👉 @Karakalpak24
إظهار الكل...
Photo unavailableShow in Telegram
Айлық кешиктирилген ҳәр бир күн ушын неше сум төлениўи керек? 💰Мийнет кодексиниң 333-статьясына көре, жумыс бериўши ис ҳақыны ҳәм басқа төлемлерди төлеў мүддетин бузған жағдайда ҳәр бир кешиктирилген күн ушын пуллы компенсация төлеўи шәрт. Бунда компенсация ис ҳақының кешиктирилиўинде жумыс бериўшиниң айыбы бар ямаса жоқ екенлигине қарамастан төленеди. 🗓 Кешиктирилген күнлер ушын пуллы компенсация Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң тийкарғы ставкасының (14%) 1/10 бөлеги муғдарында белгиленеди. ☝️Әмелиятта усы компенсацияны төлеў тәртибинде түсинбеўшиликлер ҳәм даўлар келип шықпақта. ✅ Сонлықтан, Өзбекстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги тәрепинен усы компенсацияны төлеўдиң тәртиби түсиндирилген. Хатта айлық муғдары 2 млн сум етип алынған. 👉 @Karakalpak24
إظهار الكل...
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Турақ-жайлардың баҳасы түсиўи мүмкин Айтыўларына қарағанда, бүгинги күнде бирге ислесиўши коммерциялық банклер тәрепинен Ипотеканы қайта қаржыландырыў компаниясының қаржылары есабынан екилемши базардан үй-жай сатып алыў ушын арзан ипотека кредитлериниң (17-18 процент) ажыратылыўы ўақтынша тоқтатылған. 👉 @Karakalpak24
إظهار الكل...
00:22
Video unavailableShow in Telegram
Hamshira kelin - yaxshi! U Ilm-u Ziyo'da o'qigan bo'lsa - undanda yaxshi! Ilm-u Ziyo tibbiyot kollejida siz: ➖ Respublika bo'ylab joylashgan filiallarimizda malakali ustozlardan ta'lim olasiz; ➖ Amaliyot davomida bilimingizni real shifoxonalarda sinovdan o'tkazasiz; ➖ Tibbiyotda talab eng yuqori bo'lgan kasb egasiga aylanasiz; 📄 Litsenziya ( № 026116 23.04.22 ) Ro'yxatdan o'tish: Bu yerga bosing! 📞 Murojaat uchun: +998(78)113-93-93 Instagram | YouTube | Telegram Реклама
إظهار الكل...