cookie

نحن نستخدم ملفات تعريف الارتباط لتحسين تجربة التصفح الخاصة بك. بالنقر على "قبول الكل"، أنت توافق على استخدام ملفات تعريف الارتباط.

avatar

Toqpaq_ata_uz

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Мойнақ районы "Тоқпақ ата" жаме мешитиниң Telegram каналы!

إظهار المزيد
مشاركات الإعلانات
2 781
المشتركون
لا توجد بيانات24 ساعات
-347 أيام
-12830 أيام

جاري تحميل البيانات...

معدل نمو المشترك

جاري تحميل البيانات...

Photo unavailableShow in Telegram
03—ИЮНЬ 2024—ЖЫЛ МОЙНАҚ РАЙОНЫ НАМАЗ ЎАҚТЫ: 🕌 ТАҢ — 03:32 🕌 ҚУЯШ — 05:24 🕌 ПЕСИН — 13:02 🕌 НАМАЗЛЫГЕР — 18:20 🕌 ШАМ — 20:44 🕌 ҚУПТАН — 22:33 •┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈• Каналға ағза болыў:👇 👉 https://t.me/Toqpaq_ata_uz
إظهار الكل...
3
00:52
Video unavailableShow in Telegram
🕌 Мойнақ районы бас имам-хатиби 🎤 Рахимжан Тлеўбаев ▶️ Тема: 📌 #МАЪРУЗА: Адамлардың жақсысы ⏱ 00:51 📥 19.2 Mб Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 👉  Telegram | https://t.me/Toqpaq_ata_uz
إظهار الكل...
👍 7
01:47
Video unavailableShow in Telegram
Ҳәмме ўақытта бир-биреўге жәрдем етиў керек — Алланияз Өтениязов Алланияз Өтениязов 1936-жылы 1-июнь күни Кегейли районы аймағында дийқан шаңарағында дүньяға келген. Өмири даўамында 40 турақ жай, 2 мектеп, 30 орынлық 2 балалар бақшасы, 2 медициналық хызмет орны, 1 китапхана имаратын өз мийнети арқасында қурып питкерип, халыққа саўға еткен. 2000-жылы 15 гектарлық майданға бағ егеди. «Ҳәмме ўақытта бир-биреўге жәрдем етиў керек, қол ушын бериў керек, қайыр-сақаўатлы, инсаный болыў керек, деген тәрбияда тәрбияландым. Оны ислеўимиз ушын ең биринши нәпсимизди тыйыўымыз керек. Соның ушын мен көп жыллардан берли — 1956-жылдан берли ҳәр жылғы 56 күнлик отпуск ўақтында дем алмай, жәрдемге мүтәж шаңарақларға жай салып берип атырман», — дейди ол Қарақалпақстан телеканалына берген интервьюсында. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
إظهار الكل...
02:18
Video unavailableShow in Telegram
🕌 Мойнақ районы бас имам-хатиби 🎤 Рахимжан Тлеўбаев ▶️ Тема: 📌 #МАЪРУЗА: Пәклик ийманнан ⏱ 02:18 📥 19.2 Mб Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 👉  Telegram | https://t.me/Toqpaq_ata_uz
إظهار الكل...
4👏 3
Photo unavailableShow in Telegram
#тәрбия Ата-анаға жақсылық қылыў перзент ушын саадат 1. Ата-анасына жақсылық қылыў себепли перзенттиң басына түскен күлпетлер кетеди. 2. Ата-анаға жақсылық қылыў перзенттиң несийбеси кең ҳәм өмири узын болыўына себеп болады. 3. Ата-анаға жақсылық қылыў перзенттиң қылған жақсы әмеллери қабыл болыўына себеп болады. Ата-анаға жақсылық қылыў төмендеги ислерде көринеди: 1. Ата-анаға қалыс нийет пенен жақсылық қылыў; 2. Ата-ананы жақсы көрип уллылаў; 3. Ата-анаға ҳүрметли болыў; 5. Ата-ана қуўанатуғын ислерди қылыў; 6. Ата-анадан алдын аўқатланбаў; 7. Ата-ана алдына кириўде, шығыўда сәлем бериў; 8. Ата-ана алдында бәлент даўыста сөйлемеў; 9. Ата-ана ушын мал-дүньясынана сарыплаў; 10. Ата-ана жақсы көретуғын адамларды да ҳүрметлеў; 11. Сапарға шыққанда ата-ана дуўасын алыў; 12. Ата-ананың ашыўы келетуғын ислерди қылмаў; 13. Ата-ананы аты менен шақырмаў; Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 🌐alberuniy.uz             🟥youtube  🌐instagram                🌐facebook Каналға ағза болыўды умытпаң! ✈️@alberuniyuz
إظهار الكل...
👍 3🥰 1
Photo unavailableShow in Telegram
Ассаламу алайкум! 👏 😌Бүгин Екшемби күни ☪️☪️☪️☪️☪️☪️☪️☪️☪️☪️ Екшемби күниңиз қайырлы болсын! 🤫 02-Июнь 2024 25-Зулқаъда 1445 👨‍✈️👨‍✈️👨‍✈️👨‍✈️👨‍✈️👨‍✈️👨‍✈️👨‍✈️👨‍✈️👨‍✈️ Аллаҳ таала бүгинги күниңизди тынышлық-аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып өтиўин сизге несип етсин! 👈Күниңиз жақсылықларға, саўаплы ислерге ҳәм берекетлерге толы болсын! 👈Ойлаған ийгиликли ҳәм жақсы нийетлериңизди Аллаҳ таала абзалы менен әмелге асырсын! 👈👈👈👈👈👈👈👈👈👈 🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙 Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! 🏠Telegram 🫡Instagram😍Youtube 🤪Facebook
إظهار الكل...
🥰 2
Photo unavailableShow in Telegram
02—ИЮНЬ 2024—ЖЫЛ МОЙНАҚ РАЙОНЫ НАМАЗ ЎАҚТЫ: 🕌 ТАҢ — 03:33 🕌 ҚУЯШ — 05:24 🕌 ПЕСИН — 13:02 🕌 НАМАЗЛЫГЕР — 18:19 🕌 ШАМ — 20:43 🕌 ҚУПТАН — 22:32 •┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈• Каналға ағза болыў:👇 👉 https://t.me/Toqpaq_ata_uz
إظهار الكل...
9👍 2
"ӘКЕҢ КИЯТЫР!.." Перзент ушын ўақты таўсылмайтуғын ең мықлы антивирус - ол анасы. Еркек - дүздиң адамы. Сонлықтан бала көбинесе анасына жақын болып өседи. Бала көп нәрсени өзи улыўмаластырып, шешим қабыллай алмағанлықтан, барлық исте анасының айтқанына жүгинеди. Анасы жақсы көретуғын адамларды ериксиз түрде ол да жақсы көреди. Анасы биреўге өкпелеп қалса, баланың жүрегинде де сол адамға деген ренжиў пайда болады. * Егер ҳаял үйинде отырып күйеўин жаманлай беретуғын болса ямаса балаларының көзинше оған ҳүрмет көрсетпесе, ертең балалары да тап сондай әкесин сыйламайтуғын болады. Оның сөзин зорға тыңлап, адам қурлы көрмейди. Ал ақыллы ҳаял 🍃 "Әкең киятыр!" 🍃 "Ҳәзир әкең келеди!" 🍃 "Әкең ренжийди" 🍃 "Әкеңнен сора" деген сөзлерди жийи-жийи айтыў арқалы бала санасына әкеге деген өз алдына ҳүрмет пенен сыйласықтың урығын егеди. Бүгин әкесинен қаймығып, керек гезде оның көз-қарас, қабағынан тайсалып өскен бала ертең жәмийетке опалы, жас-үлкенди сыйлайтуғын тәрбиялы, салмақлы болып өседи ҳәм өзге биреўге емес, ең алды менен, өз әкесине еликлейтуғын болады! Демек, бул - перзент тәрбиясындағы ең пайдалы тәсирлердиң бири. 🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙 Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! 🏠Telegram 🫡Instagram😍Youtube 🤪Facebook
إظهار الكل...
IYMAN.UZ | Рәсмий канал

Қарақалпақстан Мусылманлары қазыяты, Шымбай районы "ХАН" жаме мешитиниң телеграм каналы.

👍 7 2
Photo unavailableShow in Telegram
#Әдеп Әдептиң тийкары өзин нуқсанлы, ал басқаны кәмил көриўде. Әдеби аз болған өзин кәмил, басқаларды нуқсанлы көреди. Бенде мына төрт нәрсе менен көтериледи: - илим; - әдеп; - аманат; - ийбе. 👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇      Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube 👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
إظهار الكل...
👍 4
БАЛА – ӘДЕБИ МЕНЕН ӘЗИЙЗ Ата-бабаларымыз әзелден жас балаларға кишкене ўақтынан баслап: «алым болма, адам ҳәм инсан бол» деп уқтырып келген. Бул пәндиў-нәсиятта негизинде үлкен мәни бар. Көпшилик балалар алым болыў қыйын екенлигин жақсы биледи, бирақ, адам болыў да қыйын ба екен, деп ойланыўы мүмкин. Себеби, алым болыў ушын көп китап оқып, илим және билим сырларын ийелеп, түнлерди уйқысыз өткериўи керек. Буған ҳәммениң де шыдамы ҳәм тақаты жетпейди. Келиң, инсаный қәдир-қымбат не менен өлшенеди? деген сораўға жуўап излеп көрейик. Бул саўалға бир бала «қәдир-қымбат байлық пенен өлшенеди» десе, және бири «сулыў шырайлы ҳәм қәдди-қәўметли болыў жетерли» дейди. Ал және бир бала болса, кийими ҳәм және бири басқа нәрсени инсаный қәдир-қымбатқа өлшем деп биледи. Данышпанлар инсаный қәдир-қымбаттың тийкарында әдеп-икрамлылық, әлпайым минез-қулық ҳәм адамлар менен қарым-қатнас турады, деп айтып кеткен. Бердақ бабамыз инсанның уллылығын әдеп ҳәм уят белгилейтуғынын, себеби, әдеп-икрамлық болмаса, инсанды ҳайўаннан парықлап болмайтуғынын өзиниң қосық қатарларында: Адам улы адам қәдирин билмесе, Оннан дүзде отлап жүрген мал жақсы,- деп белгилеп өткен. Алым болыў ушын көп китап оқыў да керек болады, бирақ адам болыў ушын тек илимниң өзи жетерли емес. Егер ата-ана перзентине жаслығынан дурыс тәлим-тәрбия бермесе, ол ериншек ҳәм жалқаўға айланып, илим алыўға ҳәрекет қылмайды ҳәм кәсип өнер де үйренбейди. Нәтийжеде бул бала жеңил-желпи «аўырдың үсти, жеңилдиң асты менен» турмыс кешириўди ойлайды, жетерли тәлим-тәрбия алмағаны ушын әдепсиз ҳәм илимсиз ҳалда ержетеди. Мине усы себепли ол турмыста көп сүрнигеди ҳәм жәмийетте өзиниң орнын таба алмайды. Данышпанлар: «Бала – әдеби менен әзийз», деп бийкар айтпаған. Себеби, ҳәр бир перзент өз ата-анасы ушын әзийз болып, перзенттиң сулыў ҳәм әлпайым және шырайлы әдеби оны ата-анасына да, басқаларға да сүйкимли етеди. Солай екен, бәршеге сүйкимли бала болыў ушын илим алыў менен бирге әдепли ҳәм тәрбиялы болыўға да умтылыў пайдалы нәтийже береди. Солай екен, сүйкимли бала болыў ушын илим алыў менен бирге әдепли ҳәм тәрбиялы болыўға умтылыў унамлы нәтийже берип, алынған илими де келешекте пайда келтиреди. 🌐🌐🌐🌐🌐🌐🌐🌐🌐🌐🌐🌐🌐 Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! https://t.me/Toqpaq_ata_uz
إظهار الكل...
Toqpaq_ata_uz

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Мойнақ районы "Тоқпақ ата" жаме мешитиниң Telegram каналы!

6👍 3