cookie

نحن نستخدم ملفات تعريف الارتباط لتحسين تجربة التصفح الخاصة بك. بالنقر على "قبول الكل"، أنت توافق على استخدام ملفات تعريف الارتباط.

avatar

"Кеўилим кеширмелери"

Хүрметли қатнасыўшылар! *** Каналдағы қосықларға пикир, тилек, өтиниш хәм усынысларыңызды мына силтемедеги группа арқалы билдириўиңизге болады. https://t.me/Kewilim_keshirmelerleri Акшолпан Аманияз

إظهار المزيد
مشاركات الإعلانات
638
المشتركون
+524 ساعات
+107 أيام
+3230 أيام

جاري تحميل البيانات...

معدل نمو المشترك

جاري تحميل البيانات...

Photo unavailableShow in Telegram
ЖАСАҒЫҢ КЕЛЕР Өмир кәрўанынан қалмай илесип, Таласып- тармасып татып дуз несип, Сынақлары менен тынбай гүресип, Әне! Соның ушын жасағың келер. Жаңылмастан таўып жүрер жолыңды, Қаўсырып отырмай еки қолыңды, Гүл жайнатыў ушын оңлы- солыңды, Арзыўға илесип жасағың келер. Жетискенлик пенен қалмастан тойып, Кеўил нағысларын оймақтай ойып, Уллы мәқсетлерди алдыңа қойып, Әрманға талпынып жасағың келер. Ығбал отларыңыз күтпеген жерден, Сөнип қалса, кетпей түңилип бирден , Әжайыбат күтип ертеңги күннен, Үмитиңди үзбей жасағың келер. Ялғаншыға - кетиў ушын келсең де, Ҳеш ким тулға болмаслығын билсең де, Жетер- жетпес болып өмир сүрсең де, Аманат дүньяда жасағың келер. Ақшолпан Аманияз 14.06.2024 жыл
إظهار الكل...
👍 10🔥 1
Сөзи: ✍️Ж. Махаметдинова Атқарған: 🎤 Сарбиназ Сейтова https://t.me/Kewilim_keshirmeleri
إظهار الكل...
SEN USHIN.mp36.94 MB
00:04
Video unavailableShow in Telegram
ЖҮРЕГИҢДЕ БӘРҲА ЖАСАҒЫМ КЕЛЕР Мен әлўидағ айтып қызлық тахтыма, Мәңги садық қалып берген аҳдыма, Аманат дүнья да, аман ўақтымда, Жүрегиңде тәнҳа жасағым келер. Пәк қәлбиңниң жалғыз ийеси болып, Ышқы- муҳаббаттың кийеси болып, Нәзик сезимлердиң жүйеси болып, Жүрегиңде пинҳәм жасағым келер Қарысып тамырдан аққан қаныңа, Бир өмирге жалғаў болып жаныңа, Магар мени сүйсең, мендей жаныға, Жүрегиңде жанып жасағым келер. Қурқылтайдай беккем уямды тоқып, Өзиң менен бирге несийбем шоқып, Жан дүньяңды қарап көзиңнен оқып, Жүрегиңде бәрҳа жасағым келер. Кеўил сарайымның зулпын илместен, Өкпе- гийнелерди жипке дизбестен, Қыянеттиң не екенин билместен, Жүрегиңде мәңги жасағым келер. Ақшолпан Аманияз
إظهار الكل...
41c703dbf5fe32fcfc2e297fb11d403a.gif.mp42.14 KB
👍 9
03:12
Video unavailableShow in Telegram
video_2024-06-12_10-48-04.mp422.28 MB
🎤Айдос Ережепов
إظهار الكل...
AYDOS QARAQALPAQ AYTISI +.mp38.04 MB
Photo unavailableShow in Telegram
БИР БАҒДЫҢ ГҮЛИМИЗ, БИР САЗДЫҢ БӨЗИ Кимимиз жас үлкен, ал, кими жаслар, Ҳәзили жарасқан, қосылса баслар, Қосықтан қырманды суўырып шашлар, Бир бағдың гүлимиз, бир саздың бөзи. Бәрине шайырлық салқынын салған, Ҳинжи- маржан сөзлер ақылын алған, Мәқсет бир. Қәдирдан дос болып қалған, Бир бағдың гүлимиз, бир саздың бөзи. Болса да узынлы - келте бойымыз, Шығады бир жерден мудам ойымыз, Көз тиймесин бир түпирип қойыңыз, Бир бағдың гүлимиз, бир саздың бөзи. Ертели кеш бир тынбаған қәлеми, Гөззаллыққа толы ишки әлеми, Айтыс алаң мисли дослық шәмени, Бир бағдың гүлимиз, бир саздың бөзи. Қарап турсаң тап Өмирбек лаққыдай, Айтыс қурса тиллери ғой шаққыдай, Йош тулпарын минип жүрген шапқылай , Бир бағдың гүлимиз, бир саздың бөзи. Көп заманнан үни шықпай байғусым Ҳалдан тайған қарақалпақ айтысын Жан ендирген алып халық алғысын Бир бағдың гүлимиз, бир саздың бөзи. Ақшолпан Аманияз 12.06.2024 жыл P.S: Қосығым “Қарақалпақ Айтысы” топарының барлық белсенди Айтыскерлерине бағышланған.
إظهار الكل...
👍 11😢 1
00:53
Video unavailableShow in Telegram
16.16 MB
9👍 1
Сөзи: ✍️ Ақшолпан Аманияз Намасы 🎼 ҳәм атқарған: 🎤Бахадыр Разымбетов. @Kewilim_keshirmeleri Жаңа жылға, жаңа намалы қосық!
إظهار الكل...
Baxadir Razimbetov - Aytpa.mp37.64 MB
👍 5
✍️Ақшолпан Аманияз 🎙Дильфуза Сейтимова               @Kewilim_keshirmeleri @Tumaris_izinen
إظهار الكل...
Айтпасаң айтпа.m4a1.07 MB
Photo unavailableShow in Telegram
АЙТПАСАМ БОЛМАС Тынық сезимимди бүлдирип, Қулағыма лагман илдирип, Бийопа яр, мени күйдирип, Жандырғаның айтпасам болмас. Исендирип суўқыйт сөзиңе, Ашық қылып мени өзиңе, Күйик болып енди көзиме, Жүргениңди айтпасам болмас. Тал жипектей болып есилген, Үмит жиби шорта кесилген, Бийҳуш етип мени есимнен, Тандырғаның айтпасам болмас. Бир өмирге бер деп қолыңды, Кеўлиме гәп айтып қонымлы, Айра салып соңыра жолыңды, Кеткениңди айтпасам болмас. Ҳәй, қәлбимниң болған урысы, Ўәдең жалған екен турысы, Бузылды өмирим шырысы, Бәрин- бәрин айтпасам болмас. Ақшолпан Аманияз 10.06.2024 жыл P.S: Қарақалпақ Айтысы топары темасына
إظهار الكل...
🔥 8