cookie

نحن نستخدم ملفات تعريف الارتباط لتحسين تجربة التصفح الخاصة بك. بالنقر على "قبول الكل"، أنت توافق على استخدام ملفات تعريف الارتباط.

avatar

Абдикадир Каипов

Бул каналда сиз шайыр Әбдиқадир Қайыповтың өмири хәм дөретиушилиги менен таныссаңыз болады ✅ Бизден узақласпаң !!! Каналымыз: 👉 t.me/Abdiqadir_Qaypov

إظهار المزيد
مشاركات الإعلانات
225
المشتركون
+124 ساعات
+37 أيام
-230 أيام

جاري تحميل البيانات...

معدل نمو المشترك

جاري تحميل البيانات...

ӘБДИҚАДИР МЕНЕН ЗУЛЬФИЯ (СҮМБИЛШАШ) ТУРЫМБАЕВАНЫҢ ДЕГИШПЕСИ. 12.07.2024 Súmbilshash: Дизилисип көп жигитлер иркилмей, Узын бойлы көз қысады бир күлмей, Жалынлы қарасы тап мен күткендей Мәжнун яңлы бир жигит өтти де кетти. Abdiqadir Qayipov: Оҳ ләблери нағыз шийе мүйўасы, Өзине жарасар назы-жилўасы, Сеслеринде сахра симфониясы, Мәжнүнниң Ләйлиси өтти де кетти. Súmbilshash: Сөйлегенде маржан яңлы дизилер, Тамсанып қараса көзи сүзилер, Ел басы екени соннан билинер, Айтқаны жүректи тилди де кетти. Abdiqadir Qayipov: Сейил етип шыққан ышқы шәрине*, Сол қыз ушын көнемен мен бәрине, Отырғызса зыққа келмес кәриме, Мәжнүнниң Ләйлиси өтти де кетти. *шәҳәрине Súmbilshash: Қанша қатты болсадағы минези, Салмақ басым ҳәрбир сөзи тәрези, Көзди қысып, үнсиз ымлап мыйықтан, Ярға таңсық басып өткен ҳәр изи. Abdiqadir Qayipov: Ең соңында қалған жарық жулдыздай, Тынық суўға ойнап шыққан қундыздай, Жалғыз өзи көринеди мың қыздай, Мәжнүнниң Ләйлиси өтти де кетти. Súmbilshash: Тап мен ушын туўылғандай анадан, Ақылы алық , озық ой- санадан, Туў алыстан көзге түсер қарасаң, Ләйлиниң Мәжнүни өтти де кетти. Abdiqadir Qayipov: Көз тартады оның ҳүсни бойлары, Соған сайдур ақыл менен ойлары, Қайда екен оның жасаў жайлары, Мәжнүнниң Ләйлиси өтти де кетти. Súmbilshash: Ҳәремимде гүлге қонған бүлбулдей, Көрген сайын нурланаман ай, күндей, Қарсыласа шықтым менде билгендей, Ләйлиниң Мәжнүни өтти де кетти. Abdiqadir Qayipov: Бир көргенде лаўлап турған жалындай, Ай сәўлеси түскен сайда сағымдай, Оҳ, сәўбети пал ҳәррениң палындай, Мәжнүнниң Ләйлиси өтти де кетти. Súmbilshash: Ҳәр қәдеми он қарыстай шамасы, Жигитлер ишинде өзиң дарасы, Таңлап алып қыз ишинде данасын, Мәжнүндей ышқымды сөтти де кетти. Abdiqadir Qayipov: Ҳәр қәдемде батпан жилўа назы бар, Күлисинде бәҳәр менен жазы бар, Ырғағында Бетховенниң сазы бар, Мәжнүнниң Ләйлиси өтти де кетти. Súmbilshash: Шөлистанды гүл етеди келгени, Жайнатады кеўилимди күлгени, Сыр шашпайды ишинде бар билгени, Бир дана боп ақлым алды да кетти. Abdiqadir Qayipov: Жаныңа ҳәз берер саялы гүжим, Инамын бергендей о алтын гүзим, Жеп қойғың келеди бир солқым жүзим, Мәжнүнниң Ләйлиси өтти де кетти. Súmbilshash: Гейде қабақ үйсе болғаны үстем, Көз қарас билдирген сыны да көркем, Сөзи де нық, көпке бас болып жүрген, Айбатлы Мәжнүним бир қарап кетти. Abdiqadir Qayipov: Сөйлемей ақ қыялыңды уғады, Ийбе менен кеўилиңнен шығады, Қыя бақса ықласыңды жығады, Мәжнүнниң Ләйлиси өтти де кетти. Súmbilshash: Сәҳәр ўакта әйнектен нурларын төгип, Жүзлеримнен аймалап турғандай өбип, Көз қарастан сонша меҳирин төгип, Жүрегим жупласы өтти де кетти. Abdiqadir Qayipov: Сығалар айнадан сәўлеси айдың, Шалынар қулаққа сылдыры сайдың, Сүйкимли гүликен бир әжеп жайдың, Мәжнүнниң Ләйлиси өтти де кетти. Súmbilshash: Ишсең суўсын қанар суўлары тынық, Мен десе басқаға жүреги илик, Алыстан көргенде дүрсили урып, Жанымнан бир Мәжнүн өтти де кетти. Abdiqadir Qayipov: Өкшеси қыдықлап асфальт жолларды, Жүрсе таңландырып оңлы-солларда, Көргенлер қалмақта созып қолларды, Мәжнүнниң Ләйлиси өтти де кетти. Súmbilshash: Гүжимдей ҳәммеге саясы түсип, Интизар кеўили өз ярын күтип, Қағазға түсирген сезимин питип, Мәжнүндей ашық яр өтти де кетти. Abdiqadir Qayipov: Әтиринен жупар ийис тараған, Жасы оның он сегизге қараған, Көрген инсан пери ме деп сораған, Мәжнүнниң Ләйлиси өтти де кетти. Súmbilshash: Арасы, арасы талдың арасы, Көп жигит ишинен таўып сарасын, Басқаға бақпасын маған қарасын, Мәжнүндей Ләйлисин сүйди де кетти. Дегишпе ушын рахмет Устазым. Илҳәм йош сизди тәрк етпесин.🙏🤝 Abdiqadir Qayipov: Қызлар көринеди талдың арасы, Ләйли екен ишиндеги сарасы, Қуп жарасар қас-кирпиктиң қарасы, Мәжнүнниң Ләйлиси өтти де кетти. ЗУЛЬФИЯ ХАНЫМ СИЗГЕДЕ РАХМЕТ ДЕГИШПЕ УШЫН. ҚӘЛЕМИҢ ӨТКИРЛЕНЕ БЕРСИН. 12.07.2024
إظهار الكل...
АЛТЫЛЫҚ Нәр алып саяда, Гүжим астында, Гәп сатып шығарар түрли қыйқаңды. Салқын түссе сол Гүжимге тас атып, Қылўалары жуўлатады қуйқаңды. Өз нанына аяқ басқан сол пақыр, Билсеңиз ондайдың маңлайы тақыр. МУҢЛЫ ШАЙЫР
إظهار الكل...
إظهار الكل...
Абдикадир Каипов

Бул каналда сиз шайыр Әбдиқадир Қайыповтың өмири хәм дөретиушилиги менен таныссаңыз болады ✅ Бизден узақласпаң !!! Каналымыз: 👉 t.me/Abdiqadir_Qaypov

ӘБДИҚАДИР МЕНЕН СҮМБИЛШАШТЫҢ ДЕГИШПЕСИ Тема: БАРДЫ Súmbilshash: Сөзлериң булбулдей сайрайды ушып, Көрген жананлардың аҳўалы нешик, Жазарсаң, жазсаңда қылыштай кесип, Усындай елимниң ерлери барды. Abdiqadir Qayipov: Көргенде бузылар қәлбтиң қамалы, Мени дилгир етип ҳүсни жамалы, Ескендей болады бәҳәр самалы, Елимниң усындай қызлары барды. Súmbilshash: Сазын шертсе сезимниң қумары бар, Сағыныштан сарғайған жамалы бар, Белинде тоқпақтай кәмары бар, Дәў киби усындай жигитлер барды. Abdiqadir Qayipov: Ашыққа болады аламан қазы, Арбаға жүк болар жүргенде назы, Нур шашар қәлбинде мудамы жазы, Елимниң усындай қызлары барды. Súmbilshash: Қас қақса өте алмай қыз топары, Наз етип бир қарап тоқтап қалады, Бир қарасы жанды ойып барады, Сымбаты көз тартар ерлери барды. Abdiqadir Qayipov: Қалқыған ай киби тынық жүзлери, Палдан шекер дегишкенде жүзлери, Көзге сүрме басып өткен излери, Елимниң усындай қызлары барды. Súmbilshash: Гүрескенде бир әмелден жеңеди, Буншелли кеўилли жүзи, кең еди, Дос деп билсе излерине ереди, Ақылы өзине сай ерлери барды. Abdiqadir Qayipov: Сыңқылдысы суў аққандай қарықтан, Қәлбимизге ышқ сезимин дарытқан, Булттан шыққан қуяш киби жарытқан, Елимниң усындай қызлары барды. Súmbilshash: Патша киби ҳүкимлерин жүргизген, Билмегенди ақылына енгизген, Зер сөзлери кеўил бағын гездирген, Ышқы нама шалған ерлери барды. Abdiqadir Qayipov: Астарласаң гәп мағызын уғады, Дегишпеде ништерли сөз суғады, Ашық, бирақ ийбе сақлап буғады, Елимниң усындай қызлары барды. Súmbilshash: Пәлпеллеп кетпейди аўыр минезли, Шийрин сөзлерине қызлар ғәрезли, Сөзлери өлшемли нағыз тәрези, Қабағы ништерли ерлери барды. Abdiqadir Qayipov: Тартымлы минези суўдай шабақлы, Алдыңа қояды асты табақлы, Қыйылған қаслары бадам қабақлы, Елимниң усындай қызлары барды. Súmbilshash: Кийгеним көк көйлек миллий нағысы, Жағар ма яр тәреп қасты қағысы, Сөзлериң маржандай, қәлем нақышы, Зибанлы гүл қәлем ерлери барды. Abdiqadir Qayipov: Көксимди теседи қыя бақышы, Көз тартады жаға-жеңниң нақышы, Самалға желбиреп тартқан шалқышы, Елимниң усындай қызлары барды. Súmbilshash: Кийими тигилген алтын сабақлы, Сүйгени ҳүр сулыў бадам қабақлы, Жанында жүргени қызыл янақлы, Саўлаты жарасық ерлери барды. Abdiqadir Qayipov: Салланысып ақ отаўдан шығады, Оңирине ҳәйкел-моншақ тағады, Нәзери көксиңе қанжар суғады, Елимниң усындай қызлары барды. Súmbilshash: Қолында қамшысы, мингени тулпар, Билдирмес өзгеге ишинде сыр бар, Соныңдай жигитке ашық бир дилбар, Елимниң баҳадыр уллары барды. Abdiqadir Qayipov: Сулыўлық тымсалы, периден асқан, Мадонна жүристе қәдемин басқан, Көргенде жүзлерин кеўилим тасқан, Елимниң усындай қызлары барды. Súmbilshash: Алақаны кең, сақыйлық еткен, Алып жүретуғын алғысты көптен, Ҳәр күни еселеп саўап ис еткен, Елимниң кең пейил ерлери барды. Abdiqadir Qayipov: Сәўбетлессең ҳал қосады ҳалыңа, Мәс боласаң тилден тамған палына, Жан берсең де арзыр жүзде қалына, Елимниң усындай қызлары барды. Súmbilshash: Аўыр жүкти көтереди нар киби, Кеўиллери шексиз кеңдей сай киби, Ҳаўазы жағымлы шерткен най киби, Елимниң өнерли ерлери барды. Дегишпе ушын рахмет Устазым. Илҳам-йош сизди тәрк етпесин.🙏 Abdiqadir Qayipov: Жигитлерге көпдур оның кереги, Тилегени өз ярының тилеги, Ақ пахтадан пәк болады жүреги, Елимниң усындай қызлары барды. ЗУЛЬФИЯ ХАНЫМ СИЗГЕ ДЕ ДЕГИШПЕ УШЫН РАХМЕТ. ЗУЛЬФИЯ ИСРАЙЛОВАНЫҢ ЖОЛЫН БЕРСИН. 11.07.2024
إظهار الكل...
ӘБДИҚАДИР МЕНЕН СҮМБИЛШАШТЫҢ ДЕГИШПЕСИ 9.07.2024 Súmbilshash: Гүллерге оранып келди ашығың, Арамыз алыста нешше қашырым, Сезермисең, излермисең кешлери, Ойлайды, сағынар деп тез асығың.️ Abdiqadir Qayipov: Гүллер саған бералмайды шырайды, Гүллерге сән берип турыпсаң өзиң. Тайынман ушпаға қанатты қомлап, Жетеди жоллаған бир аўыз сөзиң. Súmbilshash: Гүллер арасынан қарайды күлип, Ярдың сағынышын турыпты билип, Өзиңнен басқаға жүрегим илик, Ышқыда жандырмай тезден асығың. Abdiqadir Qayipov: Сағыныпсаң оны жаным билемен, Саратанда сени дейип желемен. Дым өртенип кетпей, азмаз пысқый тур, Баратырман, тез де жетип келемен. Súmbilshash: Бағ ишинде мени жалғыз гездирмең, Ашықлығың өзгелерге сездирмең, Қандай сулыў болсадағы көз илмең, Тек мени көриўге тезден асығың. Abdiqadir Qayipov: Гүманланба басқаға ҳеш бақпайман, Сени ышқы отларында жақпайман, Ышқымызды полат киби таплайман, Баратырман, тез де жетип келемен. Súmbilshash: Жүрегиң берместен ийелеп турсам, Бир өмир айрылмай жаныңда болсам, Сен жазған қосықты намаға салсам, Дилгир етпей, тез де маған асығың. Abdiqadir Qayipov: Ашық болған инсан өзи ийилер, Жүрегиңе ышқ нықабы кийилер, Муз болмаса сүйер ҳәм де сүйилер, Баратырман, тез де жетип келемен. Súmbilshash: Муз қәлиблер неге керек тоңдырса, Оны сүйген инсан маңлай шор болса, Еки жүрек дәрриў уғар бир болса, Жалғызлатпай тезден жетиң, асығың. Abdiqadir Qayipov: Көзим түспей жүрип Сүмбил айыма, Бир муз жүрек тап болыпты пайыма, Сени таптым жүрек түсти жайына, Баратырман, тез де жетип келемен. Súmbilshash: Муз жүрекке , жүрек қәсте болмасын, Кеткенлер келип ҳәм ҳәлек қалмасын, Исмим жүрегиңе мәңги орнасын, Сағындым яргенем тезден жетип кел. Abdiqadir Qayipov: Қыйсайсаң күледи өзлери аўған, Жүректи жаралап басқасын таўған, Муңлы өзгелерге жүрегин жаўған, Баратырман, тез де жетип келемен. Súmbilshash: Хабарың келди-аў таң атыўдан-ақ, Өткенге өкинип жүрмегил бирақ, Деп билгин оны өмирде бир сынақ, Мени ойлап жетип тез де кел бүгин. Abdiqadir Qayipov: Ҳәр бир күним мың дозаққа татыр дым, Өткен иске неге басты қатырдым, Сени ойлап бүгин таңды атырдым, Баратырман, тез де жетип келемен. Súmbilshash: Өткен ислер ким басында болмаған, Ким айыплап, кимнен кегин алмаған, Өткенди қой, алға қарай барайық, Қолым усла, енди бирге жол маған. Abdiqadir Qayipov: Турақсызды енди еске алмайық, Өзлеримиз туўры жолды таңлайық, Сүйген жанның жүрек муңын аңлайық, Баратырман, тез де жетип келемен. Súmbilshash: Көралмаслар өз отына күйсин де, Опасызлар опасызды сүйсин де, Ал ашықлар бахытына жетсин де, Дилгир болдым тез де жетип кел маған. Abdiqadir Qayipov: Бул гәплериң турыпты ғо жарасып, Турғандай журт тек те саған қарасып, Опазызлар келмегей дә таласып Баратырман, тез де жетип келемен. Súmbilshash: Өзиңнен басқаны көрмесин көзим, Саған арналады шийрин бул сөзим, Журт не айтсадағы беремен төзим, Қустайын асыға тезден жетип кел. Дегишпе ушын рахмет Устазым.🙏 Abdiqadir Qayipov: Сен турсаң басқаға түспейди көзим, Қәлбимнен тыслайды тек ышқы сезим, Сен менлик, мен сенлик, кепилмен өзим, Қапыны аш, үй алдына келдим ғо. ЗУЛЬФИЯ ХАНЫМ СИЗГЕ ДЕ РАХМЕТ ДЕГИШПЕ УШЫН.
إظهار الكل...
ТӨРТЛИК Турақсыз барлығын мен қойдым деп те, Ышқы сезимлерден кеталмас қашық. Опасыз болса да, дым "аппақ" өзи, Бир есик жабылды, мың есик ашық. МУҢЛЫ ШАЙЫР
إظهار الكل...
21:12
Video unavailableShow in Telegram
YADNAMA_04-07-24
إظهار الكل...
YADNAMA_04-07-24.mp4194.69 MB
Photo unavailableShow in Telegram
Photo unavailableShow in Telegram
Жиу житсу бойынша Нөкис қаласында өткерилип атырған халық аралық турнирдиң сыйлықлаў мәресиминен көринислер.
إظهار الكل...
~"~ АРХИВТЕН ~"~ ЖҮРЕГИМ  ҚӘСТЕ Гезип бағды, бир әжайып гүл көрдим, Қолларым бәнт, қолымда бар гүл дәсте. Әрман болды, үзе алмадым сол гүлди, Ышқы зардабынан жүрегим қәсте. Өзине тартады ийси аңқыған, Ериксиз қасына мен бардым әсте. Үзбедим, қызғандым ҳәтте өзимнен, Өзгеге қыя алмай, жүрегим қәсте. Үзгим келди, создым қолым жетпеди, Турғандаймыз ол аспанда, мен пәсте. Бул гүл маған буйырмаған аңладым, Бир гүлдиң ышқында жүрегим қәсте. Жоғалттым, соңынан излеп таппадым, Уйқласам түсимде, оянсам есте. Сол гүлди излеймен, излеймен еле, Айралық дәртинен жүрегим қәсте. МУҢЛЫ ШАЙЫР "ШҮКИРЛИК" китабынан
إظهار الكل...
اختر خطة مختلفة

تسمح خطتك الحالية بتحليلات لما لا يزيد عن 5 قنوات. للحصول على المزيد، يُرجى اختيار خطة مختلفة.