cookie

نحن نستخدم ملفات تعريف الارتباط لتحسين تجربة التصفح الخاصة بك. بالنقر على "قبول الكل"، أنت توافق على استخدام ملفات تعريف الارتباط.

avatar

KRuz.uz |Рәсмий канал

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

إظهار المزيد
مشاركات الإعلانات
21 387
المشتركون
-2124 ساعات
+1717 أيام
+77830 أيام

جاري تحميل البيانات...

معدل نمو المشترك

جاري تحميل البيانات...

⚡️Қарақалпақстанлы дзюдошы Шарофиддин Болтабоев Астанадағы беллесиўде финалға шықты Спорттың дзюдо түри бойынша Қазақстанның Астана қаласында болып өтип атырған «Үлкен дубылға» турниринде -81 кг салмақ категориясында қатнасып атырған қарақалпақстанлы жерлесимиз Шарофиддин Болтабоев ярым финалда япониялы Сотаро Фуживараны вазари баҳасы менен жеңип финалға шықты. Шарофиддин Болтабоев бүгин кеште АЛТЫН медальды жеңип алыў ушын германиялы дзюдошы Тимо Кавелиус пенен беллесиўи күтилмекте. ✅ 👉 @KRuzuz Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
إظهار الكل...
👏 30👍 4 3🔥 1
#Вакансия Қарақалпақстанның қала ҳәм районларындағы бос жумыс орынлары жәрияланды Қарақалпақстанның Нөкис қаласы ҳәм басқа барлық районлар бойынша бос жумыс орынларын жәрияланды. Төменлеги силтемелер үстине басып толық танысыўыңыз мүмкин. 1.Нөкис қаласы  2.Тахтакөпир районы  3.Хожели районы  4.Шымбай районы  5.Шоманай районы 6.Мойнақ районы 7.Қоңырат районы  8.Тақыятас районы 9.Нөкис районы 10.Кегейли  районы   11.Қараөзек районы   12.Қанлыкөл районы  13.Бозатаў районы 14.Беруний районы 15.Төрткүл районы 16. Әмиўдәрья районы 17. Елликқала районы ✅ 👉 @KRuzuz Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
إظهار الكل...
👍 4👎 3💯 1😨 1
Аралдың суўлары теңизге сыймай турған дәўирлер Арал теңизиниң Мойнақ районына тутасқан жағалары, 1957-жыл. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
إظهار الكل...
😢 46👍 23 2
📸 «Газета.uz» журналисти Евгений Сорочин Нөкис қаласынан фоторепортаж таярлады ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
إظهار الكل...
👍 38😢 35🤣 20👎 12🤔 3😁 1🤩 1
🔥«Хорезм» — «Арал» ойынында «Арал» жеңиске еристи ПроЛиганың 7-тур ойынлары шеңберинде «Арал» «Хорезм»ди 0:1 есабында жеңди. Гол Саламат Қутыбаев тәрепинен урылған. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
إظهار الكل...
👍 90👏 7🎉 3🤔 2
Бизлердиң орнымызда жақынларыңыз болса да усылай ислермедиңиз? Абаданластырыў хызметкерлери (Хорезм мысалында) адамлардан қолындағы шығындыларын, баклажкаларын көшеге, олар тазалаған, тазалап атырған орынларда таслап кетпеўди соранады. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
إظهار الكل...
👍 38😢 3
🌊Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрьяға суў келиў прогнозлары қандай? Быйылғы жаўынлар нәтийжесинде Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья дәряларында суў көлеми жақсы болыўы күтилмекте. Көп жыллық нормаларға салыстырғанда Сырдәрьяда 85-90%, Әмиўдәрьяда 90 -95 %ке шекем суў болыўы болжаў етилип атыр. Бүгинги күнде суў базаларымызда өткен жылға салыстырғанда 1,5 млрд куб артықша суў резерви жаратылған, — дейди Суў хожалығы министри Ш.Ҳамроев. Соның менен бирге, министр соңғы жыллардағы ашықлық сиясаты нәтийжесинде қоңсы мәмлекетлер менен көп мәселелерде, атап айтқанда, суў мәселесинде де жақыннан шерикликте жумыслар алып барылып атырғанын айтып өтти. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
إظهار الكل...
👍 48🎉 4 1
Университетти өзим таңламағанман - Мийригул менен АҚШтағы ЖООна алмасыў программасы ҳәм ҳужжет тапсырыў процесслери ҳаққында Мийригул Уразымбетова ҳәзир АҚШта Global UGRAD студентлер алмасыў программасы арқалы Алабама университети Химия инжиниринг факультетинде оқыйды. Ол “KRuz”ға UGRAD программасы, ҳужжет тапсырыў процесслери ҳәм бул бағдарлама беретуғын имканиятлар ҳақкында айтып берди. Толық оқыў👇 https://kruz.uz/uz/news/show/370 ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
إظهار الكل...
👍 17👏 2
Мойнақтағы каналға зәҳәрли кислота төгилдиме? Социаллық тармақларда Мойнақ районы, Мойнақ МПЖ аймағындағы "Жеткиншек" каналына "тоник" аўдарылып кеткени ҳәм ишинде кистола бар болыўы мүмкинлиги соның нәтийжесинде суўға зәҳәрли затлар араласқаны бойынша хабарлар тарқалды. «Қарақалақ суў тәмийнаты» АЖ мәлимлеме хызмети жазыўынша, қәнигелер ҳәм лаборотория хызметкерлериниң өткерген лабороториялық тексериўлери нәтийжесинде суў қурамында ҳеш қандай зиянлы химиялық бирикпелер анықланбаған. Канал суўлары ирригация хызметлери ушын яғный абаданластырыў ҳәм тереклерди суўғарыў мақсетинде пайдаланылады. Мағлыўмат сыпатында, ҳәзирде ҳәдийсени әмелге асырған жүк машинасы ийеси излестирилмекте. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
إظهار الكل...
👍 17
Оқыўға кириўдеги минимал өтиў балы 2 басқышта асырылады ЖOOларда грант тийкарында оқыған студентлердиң оқыўды тамамлағаннан кейин 3 жыл ислеп бериў миннетлемеси бийкар етиледи. Оқыўға кириў ушын минимал өтиў балын 2 басқышта асырып, денсаўлықты сақлаў, ҳуқық, бизнес ҳәм басқарыў бағдарлары ушын - 94,5 балл, басқа жөнелислер ушын - 75,6 балл етип белгилениўи күтилмекте. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
إظهار الكل...
👍 24👎 4 2