cookie

Sizning foydalanuvchi tajribangizni yaxshilash uchun cookie-lardan foydalanamiz. Barchasini qabul qiling», bosing, cookie-lardan foydalanilishiga rozilik bildirishingiz talab qilinadi.

avatar

КарПресса

📍Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстанда болып атырған жаңалықлар ҳәм ўақыялар бойынша халыққа исенимли мағлыўмат беремиз 📬 Байланыс: @KarPressa_admin

Ko'proq ko'rsatish
Reklama postlari
23 751
Obunachilar
-24624 soatlar
-8137 kunlar
-1 33130 kunlar

Ma'lumot yuklanmoqda...

Obunachilar o'sish tezligi

Ma'lumot yuklanmoqda...

Photo unavailable
⚡️Қарақалпақстанда көп муғдардағы сапасыз арақ өнимлери анықланды Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Қоңырат, Нөкис район, Шымбай районларында өткерилген оператив илажда, Қоыңырат районында 720 дана, Нөкис районында 552 дана, Шымбай районында 501 дана, жәми болып 1773 дана "Қаратаў" атлы сапасыз алкоголь өнимлери айғақлы дәлиллер менен анықланып нызам бузыўшылар өз ўақтында усланған. Бул жағдайлар бойынша Жынаят кодексиниң 176-статьясы (жасама пул, ацсиз маркасы ямаса қымбатлы қағазлар соғыў, оларды өткериў) менен жынаят ислери қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери өткерилмекте. ➡️ @KarPressa — соңғы жаңалықлар!
Hammasini ko'rsatish...
👍 16😎 1
  • Photo unavailable
  • Photo unavailable
#Видео_мүражатКүнде тәкирарланатуғын аҳўаллар Бизге Қанлыкөл районында жасаўшы пуқараның мүрәжат етиўинше "Agro Bank" тың Қанлыкөл район филиалында адам жүда көплиги ҳәм төлем кассаларының тек биреўи ислеп турғаны, нақ төлеў ушын "учерет" азлығы бирақ банкоматта пул жоқлығы ҳәмде ол жерде де адам жүда көплигин айтып мүражат етпекте. Мүражатшының қосымша етиўинше бул аҳўаллар күнде тәкирарланатуғынын айтпақта. Бул жағдай бойынша тек рәсмий мүнасәбет күтип емес әмелде де банк пайдаланыўшыларына қолайлықлар жаратыўды сорап қаламыз... ➡️ @KarPressa — соңғы жаңалықлар!
Hammasini ko'rsatish...
11.82 MB
6.58 MB
👍 46❤‍🔥 3👌 2
Photo unavailable
ҲӘЗИРГИ ЖАСЫҢЫЗДА ҚАН БАСЫМЫҢЫЗ (ДАВЛЕНИЕ) НЕШЕ БОЛҒАНЫ МАҚУЛ? *️⃣20-30 жаста Жигитлер — 123/76. Қызлар — 116/72. *️⃣30-40 жаста Еркеклер — 126/79. Ҳаяллар — 120/75. *️⃣40-50 жаста Еркеклер — 129/81. Ҳаяллар — 127/80. *️⃣50-60 жаста Еркеклер — 135/83. Ҳаяллар — 137/84. *️⃣60-70 жаста Еркеклер — 142/85. Ҳаяллар — 144/85. *️⃣70-80 жаста Еркеклер — 145/82. Ҳаяллар — 159/85. *️⃣80 жастан кейин Еркеклер — 147/82. Ҳаяллар — 157/83. 👉 Хабарды тарқатың ➡️ @KarPressa — соңғы жаңалықлар!
Hammasini ko'rsatish...
👍 22😎 2
00:13
Video unavailable
Oyoq va tovonlar uchun uqalagich EMS Foot Massager 💯EMS oyoq massajchisi mikrotoklar va impulslarni yuborish orqali oyoq mushaklarining nerv-mushak stimulyatsiyasini ishlab chiqaradi. ✔️Buning natijasida markaziy asab tizimi mushaklarni qisqartiradi va shu bilan ularni kuchaytiradi. ✅EMS oyoq massajchisi oyoqlarning akupunktur nuqtalarida harakat qilib, insonning umumiy sog'lig'ini yaxshilaydi, chunki odamning oyoqlarida 70 mingga yaqin asab tugunlari yoki oyoq qismlarini ma'lum ichki organlar bilan bog'laydigan akupunktur nuqtalari mavjud. 🏪15 daqiqalik terapiyadan so'ng siz dam olishni va charchoqni yo'qotishni his qilasiz. ✅Massajni muntazam ravishda ishlatish bilan salomatlikning umumiy yaxshilanishi kuzatiladi. Buyurtma berish👇 https://100k.uz/oqim/483616 https://100k.uz/oqim/483616 ✅ To'lov mahsulotni qo'lingizga olgach to'laysiz! 📢📢📢📢📢
Hammasini ko'rsatish...
1.66 MB
👍 4😎 1
00:39
Video unavailable
💰 Армияға барыўдан бас тартқанлар 1 млн 700 мың сумға шекем жәрийма төлейди Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 237-статясына муўапық, әскерий ямаса алтернатив хызметтен бас тартыў БЕМниң 2 есесинен 5 есесине шекемги муғдарда жәрийма салыныўына себеп болады. Қандай жағдайлар армияға барыўдан бас тартыў деп есапланатуғынын жоқарыдағы видео арқалы билип алың. ➡️ @KarPressa — соңғы жаңалықлар!
Hammasini ko'rsatish...
Sequence 05.mp429.72 MB
👍 15😎 3❤‍🔥 1👏 1
Photo unavailable
«Биткоин, ноткоин ҳәм криптовалюталар менен саўда-сатық ислеў мүмкин емес» — Пәтиўа орайы Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтиўа орайы Ислам дининде биткоин, ноткоин ҳәм басқа сол сыяқлы криптовалюталарда саўда-сатық ислеўге мүнәсибет қандай екенлиги ҳаққындағы сораўға жуўап берди. Пәтиўа орайына бола, криптовалюталарды өз-ара алмастырыў ҳәм олар менен саўда-сатық ислеў (шәрият бойынша) мүмкин емес. Себеби, криптовалюталарда шәрият тәрепинен пулға қойылған талаплар табылмайды. Сондай-ақ, оларды бир мәмлекет ислеп шығармағаны ямаса рәсмий тән алмағаны, олардың баҳасы кескин өзгерип туратуғыны және онда қумар белгилери бар екенлиги оның ҳарам екенлигине тийкар болады. ➡️ @KarPressa — соңғы жаңалықлар!
Hammasini ko'rsatish...
👍 27😇 3😎 2👏 1
02:23
Video unavailable
⚡️Ташкентте «Бахти Ташкентский» дың суды басланды. ➡️ @KarPressa — соңғы жаңалықлар!
Hammasini ko'rsatish...
455.mp416.07 MB
😎 6👍 4🦄 3
Photo unavailable
сораунама❓ Қызық Арал теңизиниң майданы канша екенин билесизбе?🤔 "Сораунама" каналына өтип өз билимиңзди сынап көриң👇🔗
Hammasini ko'rsatish...
👍 26🔥 6🙏 4❤‍🔥 2🎉 2🏆 2🤗 2 1👏 1👌 1
жууапты көриу
Photo unavailable
⚡️Рәсмий: 5 пән, 90 тест, 3 саат ўақыт! Максимал балл 189 болады! Кириў имтиханында 5 пәннен жәми 90 сораў түседи. 👉 Барлық тест тапсырыўшылар ушын мәжбурий болған 3 пән бойынша:Ана тили (өзбек, рус ямаса қарақалпақ тили) - 10 сораў. Ҳәр бири ушын 1,1 баллдан. Максимал балл – 11 балл.Математика - 10 сораў. Ҳәр бири ушын 1,1 баллдан. Максимал балл – 11 балл.Өзбекстан тарийхы - 10 сораў. Ҳәр бири ушын 1,1 баллдан. Максимал балл – 11 балл.Жәми топлаў мүмкин болған балл - 33 балл. 👉 Бакалавриат тәлим бағдарына мас болған 2 пән: 1-пән: 30 сораў х 3.1 балл = 93.0 балл ➖ 2-пән: 30 сораў х 2.1 балл = 63.0 балл ✅ 60 сораўдан жәми 156,0 балл. ⏳ Улыўма, абитуриентлерге 5 пән бойынша жәми 90 тест тапсырмасы бериледи. 90 тест ушын ажратылатуғын ўақыт 3 саат. ➡️ @KarPressa — соңғы жаңалықлар!
Hammasini ko'rsatish...
👍 26😎 3🎉 1
00:10
Video unavailable
⚡️Трамп Хабибге Израилды тоқтатыўға ўәде берди АҚШтың бурынғы президенти ҳәм болажақ сайлаўларда президентликке кандидат болыўы мүмкин болған Доналд Трамп Россиялық бурынғы "UFC" чемпионы Хабиб Нурмагомедовге Израилдың Ғаза секторындағы агрессиясын тоқтатыўға ўәде берди. Хабибтың сөзлери: «Билемен, сиз Палестина дағы урысты тоқтатасыз». «Биз буны тоқтатамыз. Мен буны тоқтатаман», деп ўәде берди Трамп Хабибге. ➡️ @KarPressa — соңғы жаңалықлар!
Hammasini ko'rsatish...
68k5m5om14u21buxk1br.mp41.70 MB
👍 102👏 7 1🙏 1