cookie

Sizning foydalanuvchi tajribangizni yaxshilash uchun cookie-lardan foydalanamiz. Barchasini qabul qiling», bosing, cookie-lardan foydalanilishiga rozilik bildirishingiz talab qilinadi.

avatar

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

Ең соңғы жаңалық ҳәм хабарлар тек ғана "НЕ ЖАҢАЛЫҚ?" каналында. Бизден узақласпаң! 👉 Байланыс: @baylanis24_bot 👉 Реклама: @ne_janaliq_reklama

Ko'proq ko'rsatish
Reklama postlari
130 842
Obunachilar
+3 66124 soatlar
+19 4267 kunlar
+24 69630 kunlar

Ma'lumot yuklanmoqda...

Obunachilar o'sish tezligi

Ma'lumot yuklanmoqda...

❗️Қарақалпақстанда рекорд нәтийже 5-класс оқыўшысы Оралбаева Зилола оқыў орайында инглис тилинен таярланып 🅱️2️⃣ (57 балл) сертификатын алыўға еристи. Зилоланы таярлаған устазлары: Юулдашев Тимур, Аташова Нодира. Қоңырат районы ҳәкимлиги 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Hammasini ko'rsatish...
Бүгин Бозатаўдың айырым жерлеринде жол жабылады Бозатаў районы Ишки ислер бөлиминиң берген мағлыўматына тийкар, усы жылдың 16-май күни Бозатаў районында Республика “Жаслар ҳаўазы” фестивалы өткерилиўи мүнәсибети менен орайлық майданларда өткерилетуғын ғалабалық кеўилашар мәдений илажлары қатнасыўшыларының қәўипсизлигин тәмийинлеў, ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў, сондай-ақ жол транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў мақсетинде “Бердақ гүзары” - “Амир Темур” , “Амир Темур” - “Қарақалпақстанның 60 жыллығы” ҳәм “Бердақ гүзары” көшелери кесилиспелерине 3.1 “Кириў қадаған” жол белгилери ўақтынша орнатылыўын мәлим етип билдиремиз. Бозатаў районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Hammasini ko'rsatish...
Субсидия ажыратыў бирден-бир электрон платформа арқалы әмелге асырылады ✅Нызамшылыққа муўапық, пуқаралар ҳәм исбилерменлерге субсидия ажыратыў менен байланыслы барлық хызметлер басқышпа-басқыш «Пуқаралар ҳәм исбилерменлерге субсидия ажыратыўдың бирден-бир электрон платформа»сына өткерилиўи белгиленген. ▶️Сондай-ақ, субсидияларды ажыратыўдың мақсетке муўапықлығы электрон платформа арқалы онлайн тексериледи. 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Hammasini ko'rsatish...
❗️«2023/2024 ОҚЫЎ ЖЫЛЫНЫҢ ЕҢ ҮЛГИЛИ МЕКТЕБИ» социаллық сораўнамасының аймақлық басқышына даўыс бериў процесси 2024-жыл 16-май күни саат 20:00 де жуўмақланады Берилген даўыслар саны бойынша аймақлық рейтингде топ-3 ликке кирген мектеплер Республикалық басқышқа қатнасады. ➡️Республикалық басқыш 18-22-май күнлери болып өтеди. Республикалық басқышта даўыслар саны бойынша 1-2-3-орынды ийелеген мектеплер ❓«НЕ ЖАҢАЛЫҚ» телеграм каналы администрациясы тәрепинен қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланады. Ең үлгили ҳәм ең белсенди деп билген мектебиңизге даўыс бериң!👇 👉МЕКТЕПКЕ ДАЎЫС БЕРИЎ
Hammasini ko'rsatish...
Словакия бас министри Роберт Фицоның жанына қаслық шөлкемлестирилди Ол ҳүкимет жыйналысы болып өтип атырған имаратта жүз берген атыста жарақат алған. Ҳүкимет басшысы қарны ҳәм қолынан жарақат алып, емлеўханаға жатқарылған. Жергиликли ғалаба хабар қураллары ҳүжим еткен шахс қолға алынғанын мәлим етти. 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Hammasini ko'rsatish...
Сурхандәрьяның Сариосиё районында айыў адамларға ҳүжим етти Экология министрлиги айыў атып өлтирилгенин мәлим етти. Себеби, айыў халықтың үйлерине шекем кирип барып, инсанлардың өмирине қәўип туўдырған. Оны зыянсызландырыўға ҳәрекет етилген, бирақ айыў басқыншылықты еле де асырып, ИИБ хызметкерине жарақат жеткизген. 74-санлы мектепке де кирип барып, оқыўшылардың өмирине қәўип салған. 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Hammasini ko'rsatish...
📍Нөкисте варикоздан аўырыўсыз, кеспелерсиз, кепиллик берилген ҳалда қутылың! 17 ҳәм 18-май күнлери Нөкис қаласындағы «GRAND MED SERVIS» клиникасында флеболог-шыпакер Султанова Севара Гайратовна консултация ҳәм операцияларды өткереди. Егер сиз де варикоздан бир мәртеде мәңгиликке қутылыўды қәлесеңиз, доктор Севара қабыллаўына келиң. 📞 Қабыллаўға жазылыў ушын: 91 828-01-01 Telegram | Instagram | Facebook
Hammasini ko'rsatish...
Бүгин Бозатаўда нөсер жаўын, Хожелиде буршақ жаўып өтти 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Hammasini ko'rsatish...
МҚХ: Нөкисте пуқараны Мәмлекетлик қәўипсиз хызметине жумысқа киритип қоймақшы болған алдаўшы усланды Хожели районында жасаўшы, 1983-жылы туўылған К.Ж. алдаў жолы менен өзге шахсты МҚХ шөлкемлерине жумысқа киритип қойыў есесине 11 мың АҚШ доллары талап етеди. Бирақ, ол соралған пулды Нөкис қаласында алған ўақтында МҚХ ҳәм прокуратура шөлкемлери хызметкерлери тәрепинен айғақлы дәлиллер менен усланды. Сондай-ақ, тергеўге шекемги тексериў даўамында, ол алдын 4 пуқараны МҚХ шөлкемлерине жумысқа киритип қойыўды ўәде етип, алдаўшылық жолы менен олардан жәми 65 мың АҚШ доллары алғанлығы да анықланды. Ҳәзир оған Жынаят Кодексиниң 168-статьясы ҳәм 28, 211-статьясы менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта. 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Hammasini ko'rsatish...
❗️Өзбекстан Республикасы аймақларында халықтың қаншасы орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинленген? ➡️Қарақалпақстан Р — 72,4 процент. ➡️Әндижан — 90,0 процент; ➡️Бухара — 73,2 процент; ➡️Ферғана — 79,4 процент; ➡️Жиззақ — 70,4 процент; ➡️Наўайы — 84,7 процент; ➡️Наманган — 82,7 процент; ➡️Қашқадәрья — 59,4 процент; ➡️Самарқанд — 75,4 процент; ➡️Сурхандәрья — 62,9 процент; ➡️Сырдәрья — 86,9 процент; ➡️Ташкент — 79,4 процент; ➡️Хорезм — 90,4 процент; ➡️Ташкент қаласы — 97,7 процент; 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Hammasini ko'rsatish...