cookie

Ми використовуємо файли cookie для покращення вашого досвіду перегляду. Натиснувши «Прийняти все», ви погоджуєтеся на використання файлів cookie.

Рекламні дописи
6 196
Підписники
-324 години
+407 днів
-36630 днів
Архів дописів
Repost from Joqarǵi keńes.uz
Ишимлик суўы менен тәмийнлениўи аўыр болған 76 аймақтың суў тәмийнаты жақсыланады Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында аппарат мәжилиси өткерилди. Мәжилисте бүгинги күнде халқымызды таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў бағдарында жүзеге келип атырған машқалаларға шешим табыў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Айтып өтиў орынлы, 2024-2027-жылларда халықаралық қаржы институтлары қатнасыўында ишимлик суўы тармақларын раўажландырыў ҳәм модернизациялаў бойынша улыўма баҳасы 238 млн. АҚШ доллар болған 2 инвестиция жойбарын әмелге асырыў режелестирилген. Усы қаржылар есабынан 3 мың 114 км ишимлик суўы тармақлары ҳәм 124 дана ишимлик суўы объектлерин қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары алып барылыўы белгиленген. 246 мың пуқара таза ишимлик суўы менен тәмийинлениўи, 422 мың пуқараның ишимлик суўы тәмийнатының жақсыланыўы, нәтийжеде 3 жылда таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў дәрежеси 72,4 пайыздан 83,1 пайызға жетиўи күтилмекте. Толық оқыўЎзб Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Показати все...
Фото недоступнеДивитись в Telegram
Хабарландырыў Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң алпыс үшинши сессиясына шақырылады Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң алпыс үшинши сессиясы 2024-жыл 21 – май күни саат 16:00 де Шымбай районы ҳәкимлигиниӊ мәжилислер залында болып өтеди. Сессия Шымбай районы ҳәкимлигиниӊ facebook каналы арқалы туўрыдан-туўры алып көрсетиледи. Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети Каналға ағза болыў : 👉 https://t.me/shimbayrk
Показати все...
03:21
Відео недоступнеДивитись в Telegram
#Ҳәптеликте #Шымбай_районы Ҳаяллар ҳәм жаслар дәптеринде дизимде турған ҳаял-қызларға субсидия тийкарында әсбап-үскенелер тапсырылды Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети Каналымызға ағза болың : 👉 @shimbayrk
Показати все...
Фото недоступнеДивитись в Telegram
Қарақалпақстанда мийманхана хызметлерин раўажландырыў бойынша әҳмийетли қарар қабыл етилди Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Қарақалпақстан Республикасында мийманхана хызметлерин раўажландырыў ҳәмде қолайлы шараятлар жаратыў ис-илажлары ҳаққында»ғы 287-санлы қарары қабыл етилди. Қарарға муўапық, Қарақалпақстанда үш жулдызлыға айландырылатуғын бар болған мийманханалар ушын субсидия ажыратыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды. Реже менен, Туризм комитетиниң Туризмди қоллап-қуўатлаў фонды Қарақалпақстанда жумыс алып барып атырған, жулдыз категориясына ийе болмаған бар болған мийманханаларды үш жулдызлыға айландырыў мақсетинде исбилерменлик субъектине мийманхана ханаларын үскенелеў ушын жумсалған қәрежетлердиң бир бөлегин қаплап бериў ушын субсидия бериледи. Субсидия Мәмлекетлик хызметлер орайы яки Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер Порталы арқалы ажыратылады. Субсидия Қарақалпақстанда жумыс алып барып атырған ҳәм катеорияға ийе болмаған мийманхана белгиленген тәртипте үш жулдызлығы ийе болғанда ажыратылады. Исбилерменге үш жулдызлы категорияға айландырылатуғын бар болған мийманханалардың ҳәр бир ханасына 20 млн. сумнан субсидия бериледи. Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Показати все...
Repost from Joqarǵi keńes.uz
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе мүрәжатлар менен ислесиў жағдайы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында болып, бул мәселе бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасы баслығы С.Худайбергенов баянат жасады. Бүгинги күнге шекем Президент Виртуал ҳәмде Халық қабыллаўханаларына пуқаралардан келип түскен мүрәжатлардың көпшилиги өзиниң унамлы шешимин таўып атыр. Бунда мүрәжатлардың унамлы шешилиў дәрежесиниң көтерилиўиниң тийкарғы себеплериниң бири Жоқарғы Кеңесте шөлкемлестирилген мүрәжатлар платформасы, Министрлер Кеңесиндеги Арнаўлы штаб жумысы, соның менен бир қатарда, министрликлер ҳәмде сектор басшылары тәрепинен орынларда пуқаралар менен турақлы түрде ушырасыўлар өткерилип атырғанлығы себепли, көпшилик мүрәжатлар өзиниң унамлы шешимин таппақта. Күн тәртибиндеги мәселе депутатлар тәрепинен толық қарап шығылды ҳәм арнаўлы қарар қабыл етилди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Показати все...
Repost from Joqarǵi keńes.uz
Фото недоступнеДивитись в Telegram
Күн тәртибинде және бир әҳмийетли болған Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының жаңа қурамын дүзиў туўралы мәселе қарап шығылды. «Сайлаў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 12-статьясына муўапық Халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслери тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы ағзалығына 21 адам қурамында талабанлар усынылды ҳәм депутатлар тәрепинен мақулланды. Депутатлар тәрепинен бул мәселе бойынша да арнаўлы қарар қабыл етилди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Показати все...
Repost from Joqarǵi keńes.uz
Фото недоступнеДивитись в Telegram
Сессияның күн тәртибиндеги соңғы мәселе Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў ҳаққында болып, депутатлар бул мәселе бойынша да тийисли қарар қабыл етти. Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз елиўинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Показати все...
Repost from Joqarǵi keńes.uz
Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри, 3-сектор басшысы Б.Торебеков баянат жасады. Республиканың 3-секторына Тахтакөпир, Қараөзек, Шымбай, Бозатаў ҳәм Кегейли районлары бириктирилген болып, усы жылда 3-сектор аймағындағы 5 районда мийнет базарына кирип келиўши жәми 22 мың 122 пуқара бәнтлиги тәмийинлениўи лазым болған пуқаралар болып, соннан улыўма билим бериў мектебиниң 2 мың 918 питкериўшилери, 9 мың 816 мигрaциядан қайтып келетуғынлар, 9 мың 388 жумыссыз шахсларды қурайды.  Өткен 1-шерек даўамында 3 мыӊ 467 жаңа жумыс орынлары жаратылып, белгиленген реже 136,9 % орынланды. Халықты исбилерменликке қамтыў, бәнтилигин тәмийинлеў ҳәм кәсипке оқытыў мақсетинде де бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Президентимиздиң басламасы менен «Абат шаңарақ, абат көше, абат маҳәлле» бағдарламасы тийкарында да салмақлы жумыслар әмелге асырылмақта. Сондай-ақ, аймақларда жасаўшы аўыр жағдайға түсип қалған шаңаракларды қоллап-куўатлаў бойынша да жумыслар даўам еттирилмекте. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Показати все...
Repost from Joqarǵi keńes.uz
Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик Салық басқармасы баслығы, 4-сектор басшысы Х.Бекчанов баянат жасады. Айтып өтиў орынлы, Президентимиздиң басламасы менен халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың машқалаларына шешим табыў ҳәмде оларға қолайлы шараятлар жаратыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Республиканың 4-секторына Нөкис қаласы, Хожели, Тақыятас ҳәм Нөкис районлары бириктирилген. Салық уйымлары тәрепинен «мәҳәлле жетилиги» жумысының нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасындағы 452 мәҳәллеге 220 салық хызметкери бириктирилип, жумыслар системалы даўам еттирилип атырғанлығы атап өтилди.  Күн тәртибиндеги дәслепки мәселе бойынша депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Показати все...
Repost from Joqarǵi keńes.uz
Буннан соң әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша Қарақалпақстан Республикасы прокуроры, 2-сектор басшысы Э.Таджиев баянат жасады. Айтып өтиў орынлы, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы уйымлары тәрепинен мәмлекетимиз басшысы тәрепинен алға сүрилген «Инсан қәдири ушын» нормалары ҳәм нызам үстемлигин әмелде тәмийинлеў бойынша бир қатар салмақлы жумыслар әмелге асырылғаны атап өтилди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Показати все...
Repost from Joqarǵi keńes.uz
Күн тәртибиндеги дәслепки мәселе халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, кем тәмийинленген шаңарақларды камбағаллықтан шығарыў, Сайхунабад тәжирийбесин енгизиў, мәҳәлле жетилигиниң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм жуўапкершилигин асырыў бойынша 2024-жылдың биринши шереги даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында аймақларды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша сектор басшыларының есабатлары туўралы болып, бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, 1-сектор басшысы Ф.Эрманов баянат жасады. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Показати все...
Фото недоступнеДивитись в Telegram
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ гезексиз елиўинши сессиясы басланды Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Ҳүкимет ағзалары, Республика сектор ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнасып атыр. Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып бармақта. Сессия «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы туўрыдан-туўры эфирде жарытып барылады. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Показати все...
01:14
Відео недоступнеДивитись в Telegram
Бираздан соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ гезексиз 50-сессиясы басланады. — Бироздан сўнг Қорақалпоғистон Республикасы Жўқорғи Кенгесининг навбатдан ташқари 50-сессияси бошланади. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Показати все...
01:14
Відео недоступнеДивитись в Telegram
Бираздан соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ гезексиз 50-сессиясы басланады. — Бироздан сўнг Қорақалпоғистон Республикасы Жўқорғи Кенгесининг навбатдан ташқари 50-сессияси бошланади. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter‌‌ Перевод: kk-ru Скоро начнется 50-я сессия Совета Ёкаргы Республики Каракалпакстан. — Через некоторое время начнется 50-я сессия Верховного Совета Республики Каракалпакстан. Информационная служба Совета Ёкаргы Республики Каракалпакстан Подписывайтесь на канал: @joqargikenes ✉Telegram 🌐Сайт 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter‌‌
Показати все...
Фото недоступнеДивитись в Telegram
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ гезексиз елиўинши сессиясыныӊ ашылыўы ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз елиўинши сессиясы 2024-жыл 20-май күни саат 9:00 де Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәжилислер залында ашылады. Сессия «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы туўрыдан-туўры эфирге бериледи. — Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг навбатдан ташқари эллигинчи сессиясининг очилиши тўғрисида Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг навбатдан ташқари эллигинчи сессияси 2024 йил 20-май куни соат 9:00 да Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг мажлислар залида очилади. Сессия "Қарақалпақстан" телеканали орқали тўғридан-тўғри эфирга берилади. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Показати все...
Фото недоступнеДивитись в Telegram
"Baxtımdı úyme-úy izlep taptım..." Ómir jolında kóp qıyınshılıqlardı kórse de, ele qáddi búgilmegen hayal táǵdiri... Tolıq sandı YouTube kanalımızdan kórseńiz boladı YouTube: https://youtu.be/QcBWqWDeOos
Показати все...
07:03
Відео недоступнеДивитись в Telegram
Жоқарғы Кеңес Баслығы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 49-сессиясында соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында “Инсан қәдири ушын” принципи тийкарында кең кѳлемли ийгиликли ислер әмелге асырылып атырғанлығын айрықша атап өтти. Айтыў орынлы, халқымыз абаданлығы жолындағы реформалар бүгин ҳәр бир шаңараққа кирип бармақта. Ѳткен қысқа дәўир ишинде тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген тарийхый Пәрман ҳәм Қарарлар тийкарында халқымызға бурын болмаған имканиятлар жаратылмақта. Жоқарғы Кеңес Баслығы өз сөзинде усы имканиятлар ҳаққында кең түрде тоқталып, елимизде әмелге асырылып атырған ийгиликли жумыслар халқымызды және де уллы дөретиўшилик ислерге руўхландырып, кеўиллерге мақтаныш сезимлерин бағышлап атырғанлығын атап өтти. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Показати все...
Фото недоступнеДивитись в Telegram
⚡️Шақмақтан қалайынша қорғаныў мүмкин? 1 - Айна ҳәм есиклерди ашық қалдырмаң. 2 - Жалғыз турған терек астында турмаң. 3 - Темир тосықлар ямаса темир материалларға жақынласпаң. 4 - Тоғайда болсаңыз ой жерлерге түсип, пәс бойлы тереклер астын паналаң. 5 - Егер ашық майданда болсаңыз, жерге отырыў керек ямаса шуқырлаў жер таўып жатыў керек. 6 - Үйдеги электр үскенелерин электр тармағынан ажыратың. 7 - Егер, велосипед ямаса мотоциклда болсаңыз дәрҳал тоқтаң. 8 - Қол телефоныңызды өширип қойың. 9 - Жуўырмаң. 10 - Антенна ҳәм кабеллерден узақлаў турың. Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы Мәлимлеме хызмети
Показати все...
Президент Шавкат Мирзиёев ва Бош вазир Анвар Иброҳим Кўксарой қароргоҳининг Фахрий меҳмонлар хиёбонида биргаликда дарахт экдилар. — Президент Шавкат Мирзиёев и Премьер-министр Анвар Ибрагим вместе посадили дерево на Аллее почетных гостей в резиденции «Куксарой». #Mirziyoyev #tashrif #Malayziya #daraxt Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Показати все...
"Үш әўлад" ушырасыўы өткерилди Шымбай  районындағы  Балалар музика мектебинде   "Үш әўлад" ушырасыўы өткерилди. Президентимиздиң басламасы менен жас әўладты тәрбиялаўда "устаз-шәкирт "дәстүрине әмел етиў, устазларды улығлаў, оларды арттырған тәжирийбесинен өнимли падаланыў мәселесине айрықша итибар қаратылып атырғаны бийкарға емес. Илажда нураныйлар ҳәм жаслар мирәт етилген ушырасыўда бир қатар нураныйлар ҳәм белсенди жаслар сөзге шығып, елимизде әмелге асырылып атырған жедел реформалар тийкарында халықтың абаданлығы, жаслардың бахытлы келешегин тәмийнлеў сыяқлы ийги мақсетлер жәмленгенлигин атап өтти. Бүгинги еркин ҳәм абат жәмийетимиз, пәраўан турмысымыз, булардың бәри мәмлекетимиз басшысы тәрепинен әмелге асырылып атырған өзгерис ҳәм жаңаланыўлар нәтийжеси екенлиги атап өтип, жасларды илимли, билимли болыўға, тынышлығымызды көз қарашығындай асыраўға шақырды.
Показати все...