cookie

Мы используем файлы cookie для улучшения сервиса. Нажав кнопку «Принять все», вы соглашаетесь с использованием cookies.

avatar

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

Ең соңғы жаңалық ҳәм хабарлар тек ғана "НЕ ЖАҢАЛЫҚ?" каналында. Бизден узақласпаң! 👉 Байланыс: @baylanis24_bot 👉 Реклама: @ne_janaliq_reklama

Больше
Рекламные посты
103 897
Подписчики
-35624 часа
-2 1307 дней
+1 83730 дней

Загрузка данных...

Прирост подписчиков

Загрузка данных...

Жаз басланыўына бир ай қалғанда Россияның Новосибирск ўәлаятында күшли қар жаўды 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Показать все...
❗️Енди бала пулы ҳәм материаллық жәрдем белгилеў онлайн арза арқалы әмелге асырылады My.gov.uz арқалы көрсетилетуғын бул қолайлықтан кем тәмийинленген шаңарақлар, атап айтқанда, шаңарағында 18 жасқа толмаған перзенти бар болған талабанлар пайдаланыўы мүмкин. Балалар пенсиясы 12 ай (бала 18 жасқа толаман дегенше), материаллық жәрдем 6 ай мүддетке төленеди. 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Показать все...
Колумбия Израил менен дипломатиялық байланысларды үзди “Палестинаның ўайран болыўына, палестиналылардың қырылып кетиўине жол қоймаймыз” — деди мәмлекет президенти. 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Показать все...
РӘСМИЙ  МҮНӘСИБЕТ!Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде қызылша жуқпалы кеселлиги анықланды ма?” мазмунында социаллық тармақларда тарқалған хабар бойынша Қарақалпақстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмйиет саламатлығы басқармасы тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылғанлығын ҳәм ол бойынша төмендегилер анықланғанлығын мәлим етемиз: Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде билим алып атырған студентлер арасында бүгинги күнге шекем 17 жағдайда қызылша кеселлигине гүман етилген наўқаслар дизимге алынған болып, соннан 7 жағдайда қызылша кеселлиги лабораториялық ҳәм клиникалық тастыйықланды. Кеселликтиң тарқалыўының алдын алыў мақсетинде гүман етилген наўқасларды ерте бөлеклеў, эпидемияға қарсы тийисли ис-иләжларды өз ўақтында өткериў, наўқаслар менен қатнаста болған ҳәм ҳәр қыйлы себеплер менен шаншыў (вакцинацыя) алмаған 640 студент жасларға қызылша кеселлигине қарсы профилактикалық шаншыў өткерилди. Усы орында, қызылша кеселлигиниң алдын алыў мақсетинде барлық жоқары оқыў орынларында билим алып атырған студент жасларымыз өз оқыў орнында шөлкемлестирилген медицаналық пунктине барып қызылша кеселлигине қарсы вакцина алыўды усыныс етемиз! Қарақалпақстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы Мәлимлеме хызмети 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Показать все...
🇪🇺 Бүгин Чемпионлар лигасының екинши ярым финал беллесиўи болып өтеди Бул ойынды сиз «KARSPORT • TV» телеграм каналы арқалы өзиңизге қолайлы тилде тиккелей эфирде көрсеңиз болады! 🇩🇪 «Боруссия Дортмунд» ─ «ПСЖ»🇫🇷 🏟 «Сигнал Идуна Парк» 🕓 00:00 🟠🟠🟠🟠🟠🟠 ➡️ Ойынды көриў ➡️ Ойынды көриў
Показать все...
Қарақалпақстанлы 8 жетекши ТОП-100 жаслар жетекшилери рейтингинен орын алды 2024-жылдың I шереги даўамында мәҳәлледе жаслар сиясатын нәтийжели әмелге асырыўда жоқары нәтийжелерге ерисип атырған жаслар жетекшилериниң ТОП-100 рейтинги анықланды. Бул дизимге Қарақалпақстан Республикасынан жәми 8 жетекши киргизилген. Олар: • Гоззал Жақсымуратова — Нөкис қаласы, «Жас әўлад» МПЖ жаслар жетекшиси; • Жанар Хожанова — Нөкис қаласы, «Ватанпарвар» МПЖ жаслар жетекшиси; • Шохрух Исмоилов — Беруний районы, «Саркоп» АПЖ жаслар жетекшиси; • Алишер Ҳасанов — Қоңырат районы, «Қаңлы» АПЖ жаслар жетекшиси; • Темур Муратбаев — Қанлыкөл районы, «Мәденият» МПЖ жаслар жетекшиси; • Раўшанбек Жанибеков — Төрткүл районы, «Шодлик» МПЖ жаслар жетекшиси; • Батыр Умаров — Хожели районы, «Жайҳун» ППЖ жаслар жетекшиси; • Дамир Бийимбетов — Шымбай районы, «Кеңес» АПЖ жаслар жетекшиси. Мағлыўмат орнында атап көриў керек, усы рейтинг нәтийжелери ҳәр шеректе жаңаланып барылады. 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Показать все...
«FARUS» натяжной паталок фирмасы сизге еӊ сапалы, еӊ заманагой дизайндағы, тез тайын болатын, жанеде еӊ қолайлы баҳадағы натяжной потолокларды усыныс етеди🔥🔥 Егер сиз бизге 2 яки одан коп комнатаңызга натяжной паталок ислетсеңиз 1 жалюзи  бизден сизге бонус етип бериледы✅✅ Фирмамыз өнимлери ушын ҳүжжетли түрде 10 жыллық кепиллик береди. Егер буйыртпаӊыз кеӯлиӊизден шықпаса пулыӊыз толық қайтарылыды🤝🤝 Бизде профессионал дизайнерлерден консультация алыӯ, өлшем алыӯ ҳәм орнатып бериӯ хизметлери БИЙПУЛ✅✅ Телеграм группамызда ҳәр түрдегы каталогларымызды көрсеңиз болады📉 https://t.me/FARUS_GROUP Instagram📱 https://www.instagram.com/farus_uz?igsh=MXZ0Mm91Zjdnb25mMg== Мағлыўмат ушын телефон номерлер⤵️ Нөкис 📍 +998995451500☎️ +998904242040☎️ +998932422040☎️ Қоңырат📍 Тел +998944514170☎️ +998941381500☎️ ⚜️Гранд жалюзи перделеры⚜️ Тел +998975087007☎️ +998913897007☎️ 📢📢📢📢📢
Показать все...
Нөкисте «пикник» шөлкемлестирсеңиз жәрийма төлеўиңиз мүмкин Билесиз, күнлер жылып, апрель айы келиўинен баслап Нөкис қаласындағы Дослық каналы бойында «пикник» шөлкемлестириў мапазы басланып кетеди. Бул өз гезегинде ана тәбиятымызға өз зыянын тийдирместен қалмайды. Себеби, биреўлер азықлық өнимлердиң шығындысын таслап кетсе, биреўлер өсип турған жасыл шөпти басқылап, оның қуўрап қалыўына себепши болмақта. Социаллық тармақларда буған байланыслы видеоконтент пайда болды. Буны сиз де көриўиңиз керек деп ойлаймыз. 😊 ✈️ Видеоны «пикник» шөлкемлестириўди жобаластырып жүрген танысларыңызға жиберип қойың. 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Показать все...
Қазақстан пайтахты Астанада 1-май күни қар жаўды 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Показать все...
АҚШта жумыс ислеп жүрген шахс лотереяда 1,3 млрд доллар утып алды Америкадағы Powerball лотереясында Лаослы жумысшы жеңимпаз болды. Ол ҳәзирги ўақытта аўыр қәстеликтиң соңғы басқышын басынан өткерип атыр. Лотереядағы пулды бир жола алыў ушын ол салықлар себепли утыстың үлкен бөлегин жоғалтыўға да разы болған. Нәтийжеде оған барлық ғәрежетлерден тысқары 422 миллон АҚШ доллары қалған. Ол бул пулға өзи ушын жақсы шыпакер жаллаўын ҳәм шаңарағына ғамхорлық етиўин айтып өткен. 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Показать все...