cookie

ما از کوکی‌ها برای بهبود تجربه مرور شما استفاده می‌کنیم. با کلیک کردن بر روی «پذیرش همه»، شما با استفاده از کوکی‌ها موافقت می‌کنید.

avatar

Билимлендириў жаңалықлары

Педагоглар, студентлер, абитуриентлер ҳәм оқыўшылар ушын билимлендириў тараўына байланыслы ең соңғы жаңалықларды сәўлелендирип барамыз. Мүрәжат: @bilimlendiriwbot Реклама: @channeladdsbot

نمایش بیشتر
پست‌های تبلیغاتی
26 141
مشترکین
+2 13224 ساعت
+9 7087 روز
+21 18730 روز

در حال بارگیری داده...

معدل نمو المشتركين

در حال بارگیری داده...

Photo unavailableShow in Telegram
Магистратураға кириўде тил билиў сертификаты бийкарланама? Рәсмийлердиң мәлим етиўинше, магистратура ҳәм докторантураға қабыллаўда сертификат талабы бир дәреже төменге — В1 дәрежесине түсириледи. Буған мәденият, көркем өнер, спорт, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, ислеп шығарыў, инженерлик иси, аўыл хожалығы, ветеринария, архитектура ҳәм қурылыс, физика ҳәм тәбийий пәнлер, транспорт хызметлери бағдарлары киреди. Сертификат талабы шет тиллер бағдарларында С1 дәрежеде, анық пәнлер, биология, математика, ҳуқық, журналистика, АКТ ҳәм экономика бағдарларында В2 дәрежеде сақланып қалады. 📤 Постты жақынларыңызға тарқатың. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
نمایش همه...
👍 14
Photo unavailableShow in Telegram
ДЫҚҚАТ! Нөкис қаласы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине жалған даўыс (накрутка) берилгени ушын таңлаўдан шетлестириледи. Сондай-ақ, басқа талабанларда да жалған даўыс жыйнаў жағдайы бақланса сол заматта таңлаўдан шетлестирилетуғынын ескертемиз. Администрация.
نمایش همه...
👍 16
Рекорд жаңаланды: Қанлыкөлде мектеп питкериўшиси ЖООға кириў ушын мүддетинен алдын 178 баллды қолға киргизди Қанлыкөл районындағы 19-санлы айырым пәнлер тереңлестирилип оқытылатуғын класслары бар улыўма орта билим бериў мектебиниң 11-класс оқыўшысы Дүрдана Жеңисбаева өзбек тили ҳәм әдебияты, математика, инглис тили пәнлери бойынша миллий және халықаралық сертификатқа ийе болды. Сондай-ақ, жоқары оқыў орнына кириў ушын мүддетинен алдын 178 балдлы қолға киргизди. Енди тек мәжбүрий пәннен (тарийх) имтихан тапсырса жеткиликли. 📤 Постты жақынларыңызға тарқатың. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
نمایش همه...
👍 63
Тақыятаста мектеп оқыўшысында вируслы гепатит А анықланды Мәлим болыўынша, ол райондағы 7-санлы мектептиң 1-класында билим алған. Усы мүнәсибет пенен наўқас жасайтуғын үй ҳәм ол оқыйтуғын класста дезинфекция жумыслары алып барылды. 📤 Постты жақынларыңызға тарқатың. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
نمایش همه...
👍 8
Photo unavailableShow in Telegram
🏫 3-курстың сыртқы тәлим формасында оқып атырған студент сабақ бериўи мүмкин бе? 👩‍🏫 Министрлер Кабинетиниң 275-санлы қарары менен тастыйықланған нызамның 8-бәнтине бола, жоқары оқыў орнының педагогика бағдарларында күндизги, кешки ҳәм сыртқы бөлимлердиң 3-курсында оқып атырған студентлер педагоглық жумысын әмелге асырыўы мүмкин. 💰 Оларға орта арнаўлы, кәсиплик мағлыўматқа ийе болған тийисли лаўазымдағы хызметкердиң базалық тариф ставкасына тең муғдарда ис ҳақы белгиленеди. ✅ Солай екен, педагогика бағдарының 3-курсында оқып атырған студентлер биймәлел сабақ бере алады. Бирақ, оларға орта арнаўлы хызметкер есабында ҳақы төленеди. 📤 Постты жақынларыңызға тарқатың. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
نمایش همه...
👍 4
00:09
Video unavailableShow in Telegram
ДЫҚҚАТ ХАБАРЛАНДЫРЫЎ Билимлендириў мәкемелериниң искерлигин каналда сәўлелендирип барыў бойынша шәртнама тийкарында бирге ислесиўге шақырамыз. Сондай-ақ, бизнес ийелери ҳәм исбилерменлер ушын қолайлы шәртлерде реклама хызметлерин усынамыз. 📨 Байланыс ушын: @channeladdsbot
نمایش همه...
👍 6
Photo unavailableShow in Telegram
👩‍💻 Бақшалардағы педагоглардың айлығы мектеп педагогларының айлығына теңлестириледи ⌨️ Президенттиң 2023-жыл, 26-май күнги пәрманына бола, 2024-жыл 1-июннан баслап мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериндеги жоқары мағлыўматлы педагог хызметкерлердиң базалық тариф ставкасы улыўма орта билим бериў мәкемелериндеги тийисли педагог хызметкерлердиң базалық тариф ставкасының әмелдеги муғдарына теңлестириледи. ✅ @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
نمایش همه...
👍 18
🏆 ​Сораўнама жуўмақланыўына 4⃣ күн қалды. Беруний районы МШҳМБ бөлими 7⃣4⃣8⃣6⃣ даўыс пенен 1-орында бармақта 👨‍💻 Социаллық сораўнама нәтийжесине муўапық бөлимлердиң категорияларға бөлистирилиўи (21-май, 23:15 жағдайына бола): 🟥 ҚЫЗЫЛ категорияда: ▪️ Нөкис районы МШҳМБ бөлими — 334 даўыс; ▪️ Тахтакөпир районы МШҳМБ бөлими — 332 даўыс; ▪️ Бозатаў районы МШҳМБ бөлими — 353 даўыс; ▪️ Мойнақ районы МШҳМБ бөлими — 423 даўыс; ▪️ Елликқала районы МШҳМБ бөлими — 497 даўыс; ▪️ Шоманай районы МШҳМБ бөлими — 519 даўыс; 🟨 САРЫ категорияда: ▪️ Тақыятас районы МШҳМБ бөлими — 579 даўыс; ▪️ Кегейли районы МШҳМБ бөлими — 626 даўыс; ▪️ Хожели районы МШҳМБ бөлими — 997 даўыс; ▪️ Қанлыкөл районы МШҳМБ бөлими — 1098 даўыс; ▪️ Қараөзек районы МШҳМБ бөлими — 1158 даўыс. ▪️ Төрткүл районы МШҳМБ бөлими — 1928 даўыс; 🟩 ЖАСЫЛ категорияда (TOP-5 лик): ▪️ Әмиўдәрья районы МШҳМБ бөлими — 2122 даўыс; ▪️ Қоңырат районы МШҳМБ бөлими — 3624 даўыс; ▪️ Нөкис қаласы МШҳМБ бөлими — 5430 даўыс; ▪️ Шымбай районы МШҳМБ бөлими — 6824 даўыс; ▪️ Беруний районы МШҳМБ бөлими — 7486 даўыс. ☑️ Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, категорияларға тек ғана сораўнама нәтийжесине (даўыслар санына) қарай бөлистирилди. 👉 ДАЎЫС БЕРИЎ УШЫН УСЫ ЖЕРДИ БАСЫҢ 👈
نمایش همه...

👍 18👎 3 1🥰 1
✅ Даўыс бериў
Photo unavailableShow in Telegram
Хожелиде 11-класс оқыўшысы Британия университети филиалына грант жеңип алып, оқыўға қабыл етилди Хожели районы 3-санлы мектептиң 11-класс оқыўшысы Казахбаева Тумарис Британияның Ковентри (Coventry) Университетиниң Ташкент филиалына грант тийкарында оқыўға қабыл етилди. Уллы Британия Агробанкиниң толық қаржыландырылған «Социаллық байланыслар ҳәм маркетинг» жөнелиси бойынша грантын утып алған Тумариске 4 жыллық оқыўы ушын улыўма 136 миллион сум қаржы ажыратылды. Айтып өтиў орынлы, Ковентри (Coventry) Университети бакалавриат тәлим жөнелиси бойынша дүньяның ең жақсы 500 университети қатарына киргизилген болып, билимлендириўдеги жетискенликлери ушын «Алтын» рейтингди қолға киргизген. 📤 Постты жақынларыңызға тарқатың. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
نمایش همه...
👍 85🥰 5👏 2
Photo unavailableShow in Telegram
Қарақалпақстанда 8-класс оқыўшылары ушын Қарақалпақстан географиясы пәни енгизилиўи күтилмекте Оқыў қарақалпақ тилинде алып барылатуғын улыўма орта билим бериў мектеплериниң 8-класслары ушын Қарақалпақстан географиясы пәни енгизилиўи күтилмекте. Бул ҳаққында ҚР Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлигиниң баспасөз хызмети хабар берди. 📤 Постты жақынларыңызға тарқатың. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
نمایش همه...
👍 50🎉 6👎 2