cookie

We use cookies to improve your browsing experience. By clicking «Accept all», you agree to the use of cookies.

Advertising posts
11 257Subscribers
-9224 hours
-4187 days
+1 05730 days

Data loading in progress...

Subscriber growth rate

Data loading in progress...

Қарақалпақстан Республикасы бойынша 1972 исбилерменлик ушын жер участкалары мүлк ҳәм ижара ҳуқықы менен саўдаға шығарылды e-auksion.uz 🔷Нөкис қаласы 5 (көриў) 🔷Әмиўдәрья районы 22 (көриў) 🔷Беруний районы 140 (көриў) 🔷Бозатаў районы 69 (көриў) 🔷Қараөзек районы 145 (көриў) 🔷Кегейли районы 133 (көриў) 🔷Қоңырат районы 259 (көриў) 🔷Қанлыкөл районы 97 (көриў) 🔷Мойнақ районы 184 көриў) 🔷Нөкис районы 151 (көриў) 🔷Тақыятас районы 60 (көриў) 🔷Тахтакөпир районы 102 (көриў) 🔷Төрткүл районы 181 (көриў) 🔷Хожели районы 168 (көриў) 🔷Шымбай районы 132 (көриў) 🔷Шоманай районы 85 (көриў) 🔷Елликқала районы 39 (көриў) социаллық тармақларда: Telegram | Facebook | Instagram | Youtube
Show all...
School 21 мектеби ўәкилли Нөкис қаласы ҳәм Хожели районларында мийманда. Усы жылдың 27-март күни Нөкис қаласы ҳәм Хожели районларында School 21 мектеби искерлиги бойынша жасларға семинар тренинг болып өтти. Семинарда School 21 мектеби менежери А.Хайитбоев, Санлы технологиялар министрлиги Қарақалпақстан Республикасы аймақлық секторы бас қәнигеси А.Жуматов ҳәмде қала ҳәм район ҳәкимликлериниң жуўапкер қәнигелери қатнасты. Ушырасыў даўамында қәнигелер тәрепинен School 21 мектебинде жаратылған қолайлылықлар ҳәм имканиятлар, оқыў жөнелислери ҳаққында толық түсиниклер берилип өтти. Жаслар өзлериң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды ҳәмде өзлериниң усыныс ҳәм пикирлерин билдирди. School 21 мектеби веб-сайты https://21-school. uz/
Show all...
Мойнақта гигант асқабақлар жетистирилмекте Жеримиз өнимдар. Ҳәрекет еткен инсан алақандай жерден де мол дәрамат ала алады. Буны жақсы аңлаған Мойнақ районы "Ҳәким ата" АПЖдағы Таңбаевлар шаңарағы мине усы жөнелисте айырықша жумыс алып бармақта.Хожалық басшысы Аманбай Таңбаев ҳәр бир қарыс жерди бос қалдырмай, дийханшылық ҳәм шарўашылықтан басқа қусшылық, қояншылық пенен шуғылланады.Сондай-ақ, биогумус жетистирип келмекте ҳәм пал ҳәррешиликти де жолға қоймақшы. - 1 гектарға шамалас қыйтақ жерим бар. Сатыўға 15 тонна биогумус таярлап қойыппан. 25-30 лаған қояным бар, жәми 200 түп терегимниң соннан қырығы мийўе терек. Ыссыханаға қулпынай, қыяр, пияз ектик - дейди А.Таңбаев. Оның өмирлик жолдасы Генжегүл Мәмбетпанаева ҳәм перзенти Ерназар Жаңабаевлар жумысларда хожалық басшысының ең жақын жәрдемшиси ҳәм мәсләҳәтшиси. Олардың өткен жылы жерден алған ғәзинелери еле баршылық. Соннан 2023-жылы жетилискен салмағы аўыр, гигант асқабақлар олардың ең үлкен мақтанышы. muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Show all...
#Халық_пенен_бирге ҚЫЙТАҚ ЖЕРДЕН НӘТИЙЖЕЛИ ПАЙДАЛАНЫЎ БОЙЫНША УШЫРАСЫЎ ӨТКЕРИЛДИ Мойнақ районы ҳәкими, биринши сектор басшысы Бахтияр Менглибеков қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў, өнерментшилик түрлери менен шуғылланыў мәселелери бойынша "Ҳәким ата" АПД турғынлары менен ушырасыў өткерди. Онда ҳәким Б.Менглибеков бийбаҳа байлығымыз болған елимиздиң парахат ҳәм тынышлығының қәдирине жетип, ҳәр бир мәўриттен утымлы пайдаланған ҳалда үй шараятында дийханшылық, шарўашылық, өнерментшилик ҳәм басқада тараўларда өзин-өзи бәнт етиўге шақырды. Соның менен бирге, район ҳәкими бул бағдарда қандай усыныс ҳәм пикирлер бар болса, қоллап-қуўатлаўға, жәрдем бериўге, жумыс басламақшы болып кредит ямаса әсбар-үскенелер алыў тилегин билдирген пуқараларға шараят ҳәм имканиятлар жаратып бериўге таяр екенлигин мәлим етип билдирди. Соннан соң мәҳәлледеги қыйтақ жерден мол дәрамат таўып атырған хожалықлардың бири,  Таңбаевлар шаңарағы пуқаралар жыйыны турғынларына үлги етип көрсетилип, аймақ турғынлары тәжирийбе алмасты.
Show all...
Bugun BMT taraqqiyot dasturining Oʻzbekistondagi vakolatxonasi rahbari vazifasini bajaruvchi Anas Fayyad Karman bilan uchrashuv oʻtkazdik. Suhbat chogʻida tibbiyot sohasidagi hamkorlik masalalari muhokama qilindi. - Сегодня мы провели встречу с и.о. главы представительства ПРООН в Узбекистане Анасом Файядом Карманом. Мы обсудили актуальные вопросы в системе здравоохранения и договорились о реализации совместных проектов.
Show all...
⚡️Joqarǵı Keńes Baslıǵınıń orınbasarı “Biznes klub” aǵzaları menen ushırastı Qaraqalpaqstan Respublikası Joqarǵı Keńesi Baslıǵınıń orınbasarı Rustam Saparbaev “Biznes klub” jasları menen ushırastı. Ushırasıw dawamında R.Saparbaev biznes boyınsha óziniń turmıslıq tájiriybelerinen kelip shıqqan halda jaslarǵa másláhátlerin berip, olardıń pikir-usınısların tıńladı. Sonday-aq, jaslardı qollap quwatlawǵa hár qashan da tayar ekenligin bildirdi. Maǵlıwmat ornında atap ótiw kerek, erteń, 27-mart kúni Qaraqalpaqstan Respublikası Joqarǵı Keńesiniń qollap-quwatlawı menen klub aǵzaları ushın Samarqand wálayatındaǵı iri islep shıǵarıw kárxanalarına biznes-sayaxat shólkemlestiriledi.
📹 VIDEONÍ TOLÍQ KÓRIW
Telegram | Instagram | Facebook | Twitter
Show all...
Silk Avia Нөкис-Мойнақ жөнелиси бойынша турақлы авиақатнаўларды жолға қояды Uzbekistan Airways компаниялары топарына кириўши Silk Avia бренди астындағы Uzbekistan Helicopters Нөкис – Мойнақ – Нөкис жөнелиси бойынша турақлы қатнаўларды жолға қоймақта! 1-апрельден баслап компания пәрўазлары Нөкис-Мойнақ жөнелиси менен толтырылады. Қарақалпақстанға пәрўазлар ЛЕТ L-410 ҳаўа кемелеринде әмелге асырылады, олар дерлик ҳәр қандай ушыў-қоныў жолларында, соннан, 510 метр узынлықтағы жүдә қысқа ушыў-қоныў жолларында ушыў ҳәм қоныў имканиятына ийе. Бул ҳаўа кемелери 1500 км. ге шекемги аралықта пәрўаз ете алады. — Silk Avia Нукус – Мўйноқ йўналиши бўйича мунтазам авиақатновларни йўлга қўяди Uzbekistan Airways компаниялари гуруҳига кирувчи Silk Avia бренди остидаги Uzbekistan Helicopters Нукус – Мўйноқ – Нукус йўналиши бўйича мунтазам қатновларни йўлга қўймоқда! 1 апрелдан бошлаб компания парвозлари Нукус – Мўйноқ йўналиши билан тўлдирилади. Қорақалпоғистонга парвозлар ЛЕТ L-410 ҳаво кемаларида амалга оширилади, улар деярли ҳар қандай учиш-қўниш йўлакларида, шу жумладан 510 метр узунликдаги жуда қисқа учиш-қўниш йўлакларида учиш ва қўниш имкониятига эга. Мазкур ҳаво кемалари 1500 км гача бўлган масофада парвоз қила олади. Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Show all...
2024-ЖЫЛ 28-МАРТ КҮНИ МОЙНАҚ РАЙОНЫНЫҢ АЙЫРЫМ АЙМАҚЛАРЫНДА ТӘБИЙҒЫЙ ГАЗ ТӘМИЙИНАТЫ ЎАҚЫТША ТОҚТАТЫЛАДЫ «Ургенчтрансгаз» унитар кәрханасының 2024 жыл 27-март кунги 820-д санлы телефонограммасына тийкарланып, Мойнақ районы аймағын тәбийғый газ бенен тәмийинлеп турған «Мойнақ» автоматластырылған газ бөлистириўши станциясында, газ тармақларында оңлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы 2024-жыл 28-март күни саат 14:00 ден 18:00 ге шекем район аймағындағы "Мойнақ", "Арал", "Жайхун", "Таллы-өзек" ҳәм "Дослық" МПЖлар, "Тикөзек" АПЖ ҳәм "Тоқпақ ата" аўылы аймақларында тәбийғый газ жеткерип бериў ўақытша тоқтатылады. Оңлаў жумыслары жуўмақланғаннан соң тәбийғий газ тәмийинаты қайта тикленеди. Оңлаў ҳәм профиллактикалық жумыслар себепли жеткизилип атырған қолайсызлықлар ушын «Мойнақтумангаз» газ тәмийнаты болими тутыныўшылардан кеширим сорайды. ✍️ «Moynaqtumangaz» GTB
Show all...
#Күн_фотосы Мойнақта 25-30 килограмлық асқабақ жетистирилмекте Мойнақ районы "Ҳәким ата" аўыл пуқаралар жыйыны турғыны Ерназар Жаңабаев биогумус өнимин ислеп шығарыўды жолға қойды. Ол туңғыш биогумус өнимлерин өзиниң атызына пайдаланды. Нәтийжеде асқабақлар 25-30 килограмм салмақ берди. Ол быйылғы жылы да мол зүрәәт алыў мақсетинде шаңарақ ағзалары менен биргеликте қызғын таярлықлар алып бармақта.
Show all...
Шахсга доир маълумотлар_ролик
Show all...
Sign in and get access to detailed information

We will reveal these treasures to you after authorization. We promise, it's fast!