Best analytics service

Add your telegram channel for

  • get advanced analytics
  • get more advertisers
  • find out the gender of subscriber
CategoryNot specified
Channel location and language

audience statistics Qaraqalpaqsha Aforizmler

Sen izlep atırģan nárse Seni izlemekte. ✏️Rumiy ☝️Qaraqalpaq tilinde: 🗨aforizmler 🗨citatalar 🗨ushırma sózler  @QqAforizmBot  
964-2
~599
~4
61.94%
Telegram general rating
Globally
2 036 220place
of 7 257 762
33 247place
of 194 190

Subscribers gender

Find out how many male and female subscibers you have on the channel.
?%
?%

Audience language

Find out the distribution of channel subscribers by language
Russian?%English?%Arabic?%
Subscribers count
ChartTable
D
W
M
Y
help

Data loading is in progress

User lifetime on the channel

Find out how long subscribers stay on the channel.
Up to a week?%Old Timers?%Up to a month?%
Subscribers gain
ChartTable
D
W
M
Y
help

Data loading is in progress

Since the beginning of the war, more than 2000 civilians have been killed by Russian missiles, according to official data. Help us protect Ukrainians from missiles - provide max military assisstance to Ukraine #Ukraine. #StandWithUkraine
☝️☝️ Poezd, álbette, qaytıwı múmkin, biraq bándirgide ulıwma basqa adamlar boladı.
462
3
☘☘ Kitap oqıģan hayal ańsatlıqsha súymeydi, ol óziniń mayda detallarına uqsap ketetuģın ruwxıy kásiplesin izleydi. ✏️Qasım Axmet
540
9
☝️⚡️ Siz arzıwlarıńız ámelge asıp atırģanın hátte ańlamaysız... Sizge hámmesi - hárdayım az! ✏️Omar Hayyam
584
3
⚡️🏃‍♂ Ómirde bir zat ushın háreket etiw oģan iye bolģannan mazalıraq. ✏️William Shekspir
580
6
☝️ Jaman nızamlar hám jaqsı hámeldar menen mámleketti basqarsa boladı. Biraq, hámeldar jaman bolsa, eń jaqsı nızamlar da járdem bermeydi. ✏️Otto fon Bismark
588
2
☝️✊ Kópshilik oylaydı, bir adam bir ózi hesh nárse isley almaydı dep. Biraq qátelesedi...
598
4
🤓 Endi eń sońǵı basılımdaǵı elektron sabaqlıqlardı telegram toparlardan izlep otırıw shárt emes. Bar joǵı @kitaplar_bot siziń izlewińizdi jeńillestiredi. @Kitaplar_bot sizge: 📚 Sońǵı basılımdaǵı elektron sabaqlıqlar; 📚 Kóp paydalanıwdaǵı Ádebiy kitaplar; 🔡 Quiztestler; 🔡 Online testler; Bot hár 10 kúnnen jańalanadı hám qosımsha ózgerisler kirgiziledi✅ @kitaplar_bot
294
3

🪂 Bir márte Mark Tven aytqan edi, eger siz azanda ... jeseńiz, kúnniń qalģan bólegi ájayıp boladı, sebebi kúnniń eń jaman bólegi ótip ketti. Siziń "..."ńız bul — siz kóbinese keyinge qoyatuģın, eń úlken hám áhmiyetli is. ✏️Brayan Treysi

máyek
shoshqa
tayaq
qurbaqa
suwıq
43
Anonymous voting
981
6
☝️🌘 Qıyanet qol sınıwı menen barabar. Keshiriwińiz múmkin, biraq qushaqlawdı epley almaysız. ✏️L.N. Tolstoy
634
0
ӘЗИЙЗИМ, МЕН ЖОЛДАМАН! (Еле мың гүл әперемен – 2. даўамы) Мине, және сол көринис. Сол ҳаўа, сол дәрья, сол толқынлар. Тек ғана сол ўақыттағы жақтылық қараӊғылыққа дөнген. Бул тас-түнек қызды өз қушағыа алар екен, ол нәпес алған ҳәр бир ҳаўа тамшысы, сессиз мәўиж урған ҳәр бир толқын оны өтмиш ийримине ерксиз сүӊгитип жиберди. - Сәлем, … Қаратпа ағза орнында сизди не деп атарымды да билмей турман. Себеби, буған ҳақылы емеспен, - деди қыз көпир үстинде турып шексиз қулашын жайған дәрьяға қарар екен. – Маған инам еткен барлық нәрсеӊизди өзиизге тапсырғанман, сол күни бәршесин аш толқынларға жемтик қылғанымда қабыллап алған болсаӊыз керек. Қыз көзлерин шырт жумды да, тереӊ дем алып, өз қыялларына ерк берди. Жумыўлы көзлери алдында баяғы демлерин кино ленталарындай избе-из елеслетти… Жигит қызға гүл инам етер екен, оны және де қуўантайын деп қушағына тарта баслады. Нәзик бармақлары менен абайлап тутып турған қыз гүл тикенинен қаншелли сақланып қатнас қылса да, пақалдағы кишкене тикен бармақты жеӊил ғана жарақатлап үлгерди. Буннан жигит жүреги бирден елжиреп, қыз қолларын әлпешлеп тутты да: Ол ядының түпкирине кирип, ўақыяларды қайта жанландырар екен, сол ләҳзениң ҳәр бир үтир-ноқатына шекем есинде екенине бир әжепленип қойды. - Ҳеш нәрсе қылмады ма? Жарақатланыпты ғой, - деди албырағанлықтан басқа сөз айта алмай. - Кел, бул гүлди таслап жиберемиз. Саған азап берген нәрсени мен артық услап турыўды қәлемеймен, деп гүлди қыз қолынан алар екен, оны дәрьяға ылақтырды. Гүл де кетиўди қәлемеген сыяқлы самалға ерди де, дәрьяның жағасындағы бетон майданға түсти. - Бул не қылғаныңыз, ақыры, гүлди сүйген инсан оның тикенине де шыдаўы керек ғой, қараң ол да мени тәрк етиўди қәлемеген. - Қоябер, және басқасын аламыз. Еле мың гүл ... Усы ноқатта қыздың ығал тартып турған көзлери бирден жас төге салды. - Яқ, мениң ана гүлге жаным ашып тур, соны қайтарып алайық. - Мейли, ҳәзир күтип тур, тосықтың арғы тәрепине өтип әкелип беремен, - деп жигит кишкене баланы жубатыў ушын не айтса да қылатуғын адам сыяқлы дәрҳал жуўыра кетти. Кейинги сюжетти ойламасынан алдын қорқынышлы түстен оянған сыяқлы, шоршынып көзин ашты. Алдындағы тосыққа қарады да, өзи ҳәм дәрья арасындағы аралықты қысқартпақшы болып, "сәўбетлес"ине және де жақынлаў турып сөйлесиў мақсетинде тосықтың арғы тәрепине қыз балаға тән болмаған қандай да бир мәртлик пенен дәрҳал өтип алды: - Яқ, артық еслей алмайман. Өмирим ақырына шекем желкемдеги бул жүкти көтериўге де енди шыдай алмайман. Мың гүл әпериўге ўәде еткен ақырғы гәпиңиз еле қулағым астында жаңлар екен, әтирапымдағы ҳәрқандай сес сизиң даўысыңыз болып еситиле береди. Сол күни сизге берген ўәдем бойынша сизиң уллы қәбириңизге гүллер апарар екенмен, сизге деген бул итибарым арқалы мендеги бул тарийх тасқа басылған сыяқлы иш-ишиме еле де терең сиңисип бармақта. Сизди бул толқынлар қушағына шақырған гүл деген өсимлик бар екен, оған деген мендеги ғәрез де артып бармақта. Көпир жийегиндеги темир тосық артына өтип турған қызды көрген жол бойындағы машиналардың гейлери сигнал басып, гей биреўлери тоқтар екен, қыз асықты. Сессиз сөйлеп турған ол көзинен домалаған жасты, әдеттеги өкинишли жасты сыпырар екен, терең нәпес пенен көкирегин керди де, ақырғы шешимин қабыл етти; - Ҳәй толқынлар, оны тартқан қушағыңызға мени де сыйдырып, сүйгенимниң жанына тез де алып барыңлар! Қыз аяғы жерден үзилер екен, аўзынан шыққан ақырғы сөзлери ҳаўада жаңғырық болып жаңлады: - Әзийзим, мен жолдаман!
Show more ...
512
0
☝️🪐 Ómirdi taza betten baslaw ańsat, biraq qol tańbasın ózgertiw qıyın boladı. ✏️Paulo Koelo
472
2
Ол бул сөзлерден кейин қайсы тили менен булай айтқанына өзи де ҳайран қалды. Себеби, оның өз қәлеўи менен емес, тәғдир ҳүкимине бола таслап кеткенин биле тура, оған ашыўланғанына бираз қапа да болды. Жаңа ғана ашшы тарийхты көз алдына келтирген қағазды ҳәлсиз түрде және қолына алып, күшсиз ғана мыжымырлап таслады. Соңынан өкинди ме, оны енди әширеплеп-абайлап жаздыра баслады, лекин оған және көз таслаўға батылы жетпеди. Өзиниң мәнзилсиз туйғыларына қайта оралыўды қәлемеди ҳәм ортасынан бир бүкледи. Жүрегинен ақлы үстем шығып, ойындағы исти қылды: қағазды жырта баслады. «Көз қорқақ, қол батыр». Қолларының ҳәрекетин көриўди қалемеген көзлер зорға жумылып турды, лекин хаттың жыртылғысы келмей турғанын иш-ишнен көрип турар еди. Гөнерген хәм бүклене берип қырлары шығып кеткен қағаз аңсат жыртыла қойды. Өз қылмысынан «қуўанған» қыз қәддин тиклеп гердейип сөйлей баслады: «Ҳәй дәрья! Буншама керилип ағасаң?! Сол күннен бери сен мениң салмақлы мухаббатымды ҳәм ол ушын төгилген сонша көз жасымды қойныңа ала турып, және қалай емин-еркин толқынланасаң? Сиз!? Сиз мени усы жерде көзимди жаслатып таслап кетесиз де, және усы мәнзилге шақыра бересиз. Мени сиз бенен не байлап турыпты? Усы хат па? Сизди ерксиз елеслетиўши ондағы естеликлер ме? Маған берген бир дана ғана гүлиңиз бе, я әпере алмаған мың гүлиңиз бе?! Мине, енди оны өзиңизге қайтарып беремен» деп ол қуўраған гүл жапырақларын, соңынан майдалап жыртылған хат бөлеклерин канал үстине ушырып жиберди. «Бул биринши ҳәм ақырғы гүлиңиз, ҳәм соңғы естелигиңиз еди. Әлўидағ!» деп ишинен жаңғыртып айтты да, суў қойнына кирип кеткен «шығындылар» мен хошласты. Қыз машақатлы ўазыйпаны орынлағанынан «кеўли толып», лекин барлық естелигин жоғалтқанына өкинип, басын төмен ийиўи менен кейинги мәнзилге – жигит қәбирине қарай жол алды… *** Қыз қәбир басында узақ отырып, мухаббатының қүдирети алдында өзи бәрибир әззи екенлигин аңлап жетти. Жыллар даўамында жүрегин тырнаған жигит ўәдесин енди өз мойнына алды ҳәм оған ўәде берди: «Еле мың гүл әкелемен!» Дәме Султан 10.03 – 18.06.2021 theend
Show more ...
452
3
Сол күни пулды қай жерге салып қойған болсам, еле сол жерде муқыятлап сақлап қойыппан. Сумкамның, және қайсы сумканың, билесиз бе, сиз маған саўға еткен сумканың бир мүйешинде бул кишкене ғана инамди алып журиў арқалы Сиз бенен жүргендей боламан. Кеше бир қызық әңгиме оқып қалып едим: “Гитлер палкерге барып, өзиниң қашан өлиўин сорапты. Палкер жуўап берипти: -Сен байрам кўни өлесең. -Сиз қалай буншелли исеним менен айтып атырсыз? - сорапты  Гитлер. -Себеби сен өлген күни пүткил дүнья байрам қылады, - депти палкер.” Буны оқып, тәсирленгеним соншелли, бул сораўды өзиме де берип көрдим: -Мен қашан өлемен? -Сиз өлген күни. Бул сораў-жуўапты ойлағанымнан соң өзим де сескенип кеттим. Өйткени, мен хешкимниң, әсиресе Сизиң бул жағдайға түсиўиңизди қәлемеймен. Дурыс, ҳәрким бир күни келип, бул өмирди тәрк етеди, лекин мен Сиз бенен, тек Сиз бенен узақ ҳәм мазмунлы өмир сүриўди қәлеймен. Билип қойың, Сиз жоқ болсаңыз, маған да өмир ақырына жетеди. Сонлықтан, Сиз жасаң! Сизиң барлығыңыз – мениң барлығым! Әжепленемен. Сизди танығаныма еле көп болмады. Лекин, Сизге соншелли үйренип пе, я исенип пе қалыппан, Сизди ҳәтте туўылмасымнан бурын билетуғын сыяқлыман. Қызық туйғы! Бәлким, бул мухаббаттың қүдирети болса керек. Теңизден тамшы болған сезимлеримниң буншелли толқып, тап роман жазыўға кирискендей етип мени қағаз, қәлемге мықлап қойғаны да мухаббаттанбекен? Билмедим. Негизи, менде бундай жазыўшылық қәбилети жоқ еди, туқымымда да бундай дөретиўши адам болмаған. Билдим. Сиз бенен танысқанда мен қайтадан туўылғанман ҳәм бул қәбилет Сизден өткен. Лекин, сиз дөретиўши емессиз ғой. Енди билдим кимнен өткен! Мендеги бул қәсийет мухаббатымыздан өткен. Тап усы сезим мени жазыўға ийтермелеген. Сораў, сиз де мен туўралы қандай да бир сезимлерди жәриялағыңыз келип, қағаз қаралап турасыз ба? Бәлким, солай болып, хатларыңызды маған бериўге қысынып жүрген шығарсыз? Мен болса ҳәзир қарар еттим: бул хатты Сизге, әлбетте, беремен. Усы ўақытқа дейин Сиз меннен сезимлеримди сораған ўақтыңызда ҳеш айта алмағанман, Сизди сағынғанымды тил менен баянлай алмағанман. Мине, енди усы хатым арқалы билип алсаңыз болады... Хаттың усы жерине келгенде қыз ерксиз жылап жиберди. “Хат еле қолымда” деген нәзер менен қағазға қарап, өкинишли ойлап қойды: “Бәлким, буны сол күни бергенимде ҳәммеси басқаша болар ма еди?!” Сезимлер мәўиж урып, ишке сыймай турғанлықтан, қағазды тежеў мақсетинде жазыўлары майдалап, тығыз етип жазылған хатты енди оқыўдан пайда жоқ. Хат алыўшы тәреп хат ийесин таслап кеткенликтен, хаттың мәнзили  қыз ушын енди жабық. Буны нешше мәрте аңласа да, жалған үмитлер етип жүрген ол ҳәзир түсинди ҳәм хатты жыйнастырып, күнделик дәптердиң ақырғы қалың бетине және жүзленди. Ол жерден хаттың астында турганлықтан қағаз сыяқлы жуқарып, қуўраған ҳәм қарайып кеткен гүл жапырақларын алып, олардың қандайдур ашшы ийисинен ентигип дем алды. Ийистен кейип алғандай бираз көзлери жумылды, ҳәм кирпиклер арасынан сығылып шыққан көз жаслары менен жапырақларды ығаллап, оларға жүзленип үнсиз сөйледи: – Мени сағындыңыз ба? – … – Шынын айтың, сағындыңыз ба? – … – Неге үндемейсиз?! – … – Мен сол күним ушын, оннан алдынғы күним ушын, оннан кейинги пүткил өмирим ушын да ҳәзир жуўап беремен: Мен Сизди сағындым! Ҳәрдайым сағындым! Ҳәзир де сағынаман, сол күнги ўәдеңизди – гүллериңизди күтемен. Неге сөзиңиздиң үстинен шықпадыңыз? Мени алдадыңыз! Еле мың гүл әперемен, деп мени алдап кеттиңиз. Алдаўшы! Сол күнги бир дана гүлиңизди де маған көп көрдиңиз. Қызғаншақ! tobecontinued
Show more ...
544
1
☝️✊ Islegen nárseńizden zawıqlanıń, sonda ómirińizde heshqashan jumıs islewińizge tuwra kelmeydi. ✏️Bill Geyts
599
3
Қыяллары өтмишке соншелли сүңгип, қоркынышлы түс сыяқлы тереңлесип баратырған мәўритте көз оңындағы көринис кескин ноқатқа жетип, қызды оятып жиберди. Жигиттиң қызға қып-қызыл гүл инам етип атырғаны атырғаны оның көзине оттай басылды. Қыял дәрьясынан жағаға шыққан қыз дәрҳал орнынан турды да, жуплық тәрепке қарай ерксиз, лекин батыл қәдемлер менен жүрип кетти. – Ҳәрдайым усы гүлдей ашылып жүр. Мен саған еле… – Тоқтаң! Тоқтаң, олай демең! – деди ҳәўликкенше өтинишли ҳәрекет пенен. – Ўәде бермең! Жалған ўәделер бермең! Оны орынлай алмаўыңыз да мүмкин ғой. Қызды үмитлендирмең! Оны таслап кетсеңиз ше? Ақырғы гәпин төмен қарап, пәсең ҳәм буўылган даўыста жаңлатты. Жигит ҳәм қыз оны делбе деп ойлап, үркиген болса керек, ары қарай кетти. Қыз болса ентиккенше, көпир үстинде турып каналға жүзин бурды. Тыпыршылаўы менен сумкасынан күнделик дәптерин шығарды да, ақырғы қалың бетин ашып, муқыятлап желимлеген жерин жыртып ашты. Бетлер арасынан бүкленип-бүкленип тозыған, сарғайыўға жетпесе де, лекин ғонергени билинип турған хатты епсиз ғана қолы менен алды. Бул оның сүйиклисине жазған ең дәслепки (ҳәм ақырғы) хаты еди. Калтыраған қоллары менен бүкленип теп-тегис болып қалған қағазды аша баслады. Хатқа жасаўраған көзлерин жуўыртар екен, ең дәслеп беттиң ҳәр-ҳәр жеринде жайылған сыя орынларын көрди. Жазыў ўақтында жалынлы қәлбтен лава сыяқлы атылып шыққан сезимлер қайнак көз жасқа айланып қағазды бүристирип жиберген еди. Оқыўға кириспекши екен, көзлерин бир майдан кысып алды да, бар жасын шығарып таслап, жеңин жүзине әсте ғана басып алды. Себеби, енди шығатуғын көз жаслары баяғыларының үстине түсип, алысып кетиўинен ҳәм бул естеликтиң өртенип күл болыўынан қорқты. Бетиндеги қайғыны жойыў ушын өзин зорлап болса да, мыйығына азмаз рең берди ҳәм хатты енди күлимлеген жуз бенен қарсы алды. Таңда көз ашып, шийрин уйкыдан оянаман. Өзгеше кейпият ҳәм өзгеше қәлеў менен оянаман. Себеби, ояныўдан мақсет бар. шийрин үмитлер менен уйқыға кетип, гөззал мақсетлер менен тураман. Сизлик мақсет пенен көз ашаман! Не нәрсе мени жасаўға соншелли қуштар етти екен деген өз сораўыма өзим еркелеп ғана жуўап беремен. Сөз бенен емес, сезим менен, қыялымдағы шийрин ойлар менен тәкирарлайман: Сиз! Сиз! Жасаўымның себеби – Сиз! Қызық! Адамның ишинде де адам жасайды екен. Өз ишимде өзим барман деп ойлар едим. Яқ, мен бул жерде жоқ екенмен. Лекин, кимдур бар, қандай да бир жан жасайды. Бирақ, бул Сиз де емес. Ким болыўы мүмкин? Мениңше, ол сиз ҳәм мениң – екеўимиздиң жанымызды бирлестирген бир пүтин жан. Шынында да, ортамызда “мен”, “сен” деген түсиник жоқ сыяқлы. Тек ғана “Биз” бар – еки қәлбтиң бирлиги! Билесиз бе, мен сизиң маған мүнәсибетиңиз, яки шийрин сөзлериңиз ушын емес, ал жай ғана барлығыңыз ушын бахыттан елжирер едим. Сиз жасап атырсыз. Алла Сизди жаратқан. Анаңыз Сизди дүньяға келтирген. Ҳәм бул еки дерек алдында өмиримше бас ийиўге таярман. Себеби сиздей жаратылысты омиримниң бир бөлеги етип, яқ, пүткил барлығы етип маған инам етти. Сиз барсыз. Дүньяның қайсы мүйешинде болса да, бир аспан астында, бир ҳаўадан дем алып атырмыз. Қандай бахыт, бәлким сиз жутып, қайта шығарған ҳаўаны мен де жутып калатуғын шығарман. Мениң шығарган нәпесим сизиң димағыңызға урылатуғын шығар! Бул әпиўайы ғана хаўа тамшылары да мен ушын соншелли әзиз, өйткени онда сиз ҳукимрансыз. Қызық, базда сизге тәшне бул қәлбим ҳаўаны да басқалардан қызғанып, тек өзиники қылгысы келеди. Сиз ҳүким сүретуғын ҳәрқандай орталық, сизиң нәзериңиз түскен ҳәрқандай орын, және нәпесиңиз араласқан ҳәрқандай ҳаўа – мен ушын бийбаҳа мүлк. Есиңизде болса, бир мәрте маған пул берип турған едиңиз. Мен болса оларды саўмай, естелик сыпатында сақлап алып қойыппан. Себеби ол да сизге тийисли болған мендеги бир мүлк. Егер оларды саўатуғын болсам, сиз меннен жырақласқандай, яки сизди өзимнен жырақлатқандай сеземен. Дурыс, ол пул ҳәм қолдан-қолға өтип, алмасыўда болатугын нәрсе, Сизге де биреўлерден өтип келген, лекин Сиз берген нәрсени мен қалайынша басқалар менен бөлисиўим мүмкин?! Ақыры, мен Сизди... Қызғанаман ғой! tobecontinued
Show more ...
569
1
«ЕЛЕ МЫҢ ГҮЛ ӘПЕРЕМЕН!» (новелла) – А-ға-а! – деп қыз жуўырып шықты да, әкесиниң қушағына атылды. Қызының бақшадан шығыўын күтип турған әке, қызы келиўден оны жеңил ғана баўырына басты да, қалтасындағы затты шығарып, оған усынды. – О-о, шикала-ат! – деп қызы қуўанышы қойнына сыймай, ағасының мойнына ерксиз асылды. Жалт-жулт, шытыр-шытыр еткен қағаз ишиндеги кишкене ғана конфетке қуўанған қызын көрген ағасы: – Егер сен тётяңның айтқанын қылып, бақшада ақыллы қыз болсаң, саған еле мың шикалат әперемен, ай қызым-аў! – деди… Балалар бақшасы жайласқан көшеден өтип баратырған қыз жол-жөнекей әке ҳәм қыздың бул сәўбетин еситип үлгерген еди. Ол кисиниң акырғы гәпин еситти де, қалған жағы қулағына кирмей қалды. Ерксиз еситкен бул гәптен кейин ол, үстинен муздай суў қуйғандай, бир жерде қатып турып қалды. Қолларын мушлап, көзлерин шырт жумып, бет-әлпети бүрискенинен, мәселе оның сыртында емес, ал ишинде екенин билиўге болар еди. Жүрегиндеги дәрттен өршиген мың сан ойлар, естеликлер оның қыялына ҳүжим жасар, ишки дүньясында қозғалаң көтерер еди. – Яқ! Я-ақ! Олай демең! Ўәде бермең! – деп тисин тисине қойғанша әсте, лекин бар күши менен сөйледи де, көзин қорқа-қорқа ашып, әтирапка алаңлар екен, өзин қолға алыўға мәжбүр болды. Орнынан зорға жылжып, адымын аўыр-аўыр ата баслады. Бул қәдемлер оны «белгисиз» бир мәнзилге жетеледи. Суўлары мәўиж урып турған канал. Мәўиж урған сезимлерди ығызып кеткен баяғы канал. Ылайсыған болса да, куяш нуры менен шағылысып, мухаббат толы көзлердиң жаўын алатуғын баз-баяғы толқынлар. Бийбастақ сезимлерди көтерген көпир. Ҳеш нәрсе өзгермеген. Тек оның әтирапындағы аламанда ғана өзгерис бар… Булардың бәрин әсте гүзетип барар екен, гөзлеген орнына емес, ал канал бойындағы бос скамейкалардың бирине барып отырды. Буған бираз ренжисе де, оның «қәдирдан» орны – көпир үстин бәнт еткен жуплықтың өз-ара бахтын көрип мыйығында күлип, қуўанып қоя берди. Оларды узақтан гузетип отырған қыздың көзлери нышанда болса да, ойлары әллеқашан қыял дәрьясының ийримине түсип, ығып кеткен еди. Көзи менен олардың ис-ҳәрекетлерин тамашалар екен, сөзсиз ҳәрекетлеринен тысқары ортада болып атырған сәўбетин, олардың даўысларын узақ аралық себепли еситпес еди. Сонлықтан, ол көриниске қарап турып, өз қыялындағы ўақыяға дубляж ислемекши болды ҳәм оларға даўыс бере баслады. Көптен берли шаң басып жатырған естелик китабын бетледи. – Мени сағындың ба? – … – Я, мухаббатым? – Яқ! – еркелеп қарсылық билдирди қыз. – Алдама! – Ырас айтаман! – Шыны менен?! – деп жигит кызды әсте өзине тартты. – Аўа… – Қәне, онда бир сынап көрейик! Жигит қыздың белинен қушты да, оған жақынлағаны сол еди, қыз қолындағы бир дана гүлге азар жетпесин деп беккемирек услайын дегенинде, гүл тикени абайсыздан бармаққа кирип, қызды шапшытып жиберди. Ал, жигит нәпеси болса, қыздың димағына урыла сала артқа қайтты. Қыз кишкене жаракатын билдирмеўге тырысса да, жигит оны сезип, дәрҳал оның нәзик ғана қолы менен әўере болып, буған себеп болған гүлге ашыўлы нәзерде қарап қойды. – Саған тийген кишкене ғана жара маған үлкен жарақат болып батады. Бул гүлди таслап жиберейик, саған еле тикенсиз, рәңбәрең гүллер инам етемен. – Яқ, неге енди? Гүлди сүйген адам оның тикенлерине де шыдаўы керек ғой, ақыры?! - Бул астарлы мәниске туўырлап айтылған ғой, шүкирим-аў! Егер биреўди сүйсең, оның тикенлерин – қәте-кемшиликлерин де сүйе билиўиң керек, билдиң бе?-деп жигит нәсият уқтырған кейипте ҳәзиллесип қойды. Дурыс, лекин ҳәзир мен буны сизге туўра мәнисте айтып турман. – Жаным, билемен. Сонда да, оның сени жаралаўын қәлемеймен. Кел, буны таслап жиберейик. Еле саған мың гүл әперемен! Қыз гүлдиң қойыў қызыл жапырақларын әсте-ақырын сытып алып, оларды сумкасына салды да, пақалын суўға ығызбақшы болды. Суў бойына жақынлай бергени еди, қәпелимде пақал менен қоса өзи де канал қушағына атылды… tobecontinued
Show more ...
504
3

AnimatedSticker.tgs

255
1
☝️✨ Adamda mehir qanshelli bolsa, ondaģı ómir de sonshelli boladı. ✏️Ralf Uoldo Emerson ❄️Jańa jılıńız benen!
253
1
Камера бақлаўындағы кең жазықлық дала. Алды тәрепин қуяш бәнт еткен бул дәргайға кирген қой-ешкилер иркилместен жоқарыға шығып төрлемекте. Шопан болса алысқа жайылып кеткен қойларды алдыға айдады. Қақаманның күни болса да, төбеден күлимлеп турған күн бул жәниўарларды отлы нурлар менен сыйлап атыр. Олар илажсыздан, қолларын басына тиреў менен шопанның айтқанларын шыжбайлап отыр. Терезе тәрептегилер 4800 секунд даўамында қуяш астында отлады. Поток…
633
5
☝️🔥 Balańızdı tárbiyalamań, báribir ol sizge uqsaydı. Ózińizdi tárbiyalań. ✏️Inglis maqalı
871
9
Жәҳән Чемпионатын қарақалпақша каналда бақлап барың! Канал силтемаси👇 https://t.me/futbol_qaraqalpaqsha
564
2
⚡️✊ Hesh nárseni erteńge qaldırmań. Jaqsısı, erteńniń arģı kúnine qaldırıń, siziń eki bos kúnińiz boladı.😁 ✏️Lev Izrailevich
1 005
15
Kanalimiz iqlasbentinen novella😃
572
0
АНА ЭЛЕГИЯСЫ Алтаў едик, бесеў болдық. Және екеўин қушағымнан суўырып алды. Енди еки қундызым менен қалдым. Тәрбиялап өсирген перзентлеримниң биринен кейин бирин қарыйдарларына узатып атырман... Сонша ўақыт бойымда әлпешлеп, абайлап-асырағанларым бул жарық дүняьны таныўдан мени таслап кетпекте. Ҳәр демде жуўып-тарап, меҳир берген, мениң етимниң бир паршасынан дөреген баўырларым ўақыт өткен сайын меннен узақласып бармақта. Олар мениң жыллылығмды, ийисимди, кең қушағымды тек ғана сезип жасайды. Мен де анаман. Кишкене пәнжелерине кирип турған жумсақ тырнақлары менен көксимди тырнап маған талпынғанында, оның бойына ақ сүтимди сиңдирип қарынларын тойдырған ўақтымда аналық бахтының қаншелли шыңына жеткенимди билсеңиз еди! Моншақтай қара көзлерин маған қадап өз тилинде “анажан” деп айтқанында-ше! Мен де перзентлеримниң өсип, үлкейип, көз алдымда қаналаслары менен қуўысып ойнап жүргениниң гүўасы болғым келеди. Ҳеш болмаса бир жигербентимди өзим менен алып қала алсам еди. Ул перзентимди алып қалыў да арасында бир несип етеди. Ал, гейде жекке-жалғыз өзим қаламан. Не илаж, Жаратқан бизге усындай тәғдир жазған екен... Не болса да, олардың қарыйдарлары жақсы адамлар болып, күшиклерим ийесине опадар, зәбердес ийт болып жетилиссин! Биз аналардың жалғыз тилеги усы...
Show more ...
512
7
РЕКЛАМА. Өзимизди өзимиз қалыс қоллау мақсетинде бир-биримиздиң канал, топарларымызды реклама қылып барайық қәдири бәлент Қарақалпақстанымыздың қәдирданлары. ●Сиз хәм бизди хикмет, хидәятқа шақырыушы; каналлары хызметте. ●Егер сиз турмыс тәшүишлеринен, шанарақлық машқалалардан қыйналғанларға қалыс мәслахатларыңызды берип, сауап етемен десеңиз каналына қосылып шийеленискен уақыялар менен танысып барың. ●Егер сиз елимиздеги жаңаланыулар, хабарлар, өткир сын мақалалар менен танысыуды қәлесеңиз төмендеги каналларға ағза болың. ●Егер сизди хәр түрли тараулардан жазып барыушы канал қызықтырса сиз ушын каналы хызметте. ●Егер сизди Қарақалпақша айтыс қызықтырса мына топарға ағза болың. ●Егерде ден саулығыңызды қайғырсаңыз, каналы бар. ●Тарийхымызды жарытыушы, каналлары бар. ●Қарақалпақ тарийхы, этнографиясы ҳәм мәденияты қызықтырса; ()-Шаҳзода Алламуратова. ●Қарақалпақ байтереклери ()-Светлана Жәлменова; ●Медициналық пайдалы мағлыуматлар хаққында ()-Бийбиажар Бекмуратова; ●Қарақалпақ нақыл -мақаллары (); ●Қарақалпақ бақсы-жыраўлары ҳәм сазенделери () Рустем Жанназаров; ●Лабиринт- ()-Гүлнара Ибрагимова; ●Чаржаў Елмуратовтың; . ●Ана тилим-қалқаным () -Гәўҳар Патуллаева; ●Қарақалпақ әдебияты ()- Муҳаррама Оразбаева; ●Қарақалпақнамадан саза ()-Светлана Жәлменова; ●Қарақалпақ шайырлары ()-Азамат Нуратдинов; ●Қарақалпақ әдебияты ()-Азамат Шамуратов); ●Сондай-ақ Қарақалпақ әдебиятындағы тулғалы шайыр-жазыўшылардың каналлары; Хошҳаўаз бүлбилзибанлар Жәнеде басқа Қарақалпақстандағы жас дөретиўшилердиң каналлары: @sen_haqqinda. Сарбиназ Айтмуратова. @keuylge_zhol. Мукаррама Оразбаева. @a_blognot. Абадан Турдымуратова. @SSirgabaeva. Сахибжамал Сырғабаева. @TurganQarli Турғанбай Қарлыбаев. @Kewilim_keshirmeleri. Ақшолпан Аманияз. @jango0173. Жанго. @kewil_mulki. Перий. Кириң, қосылың. Кириу тегин. Каналларымыз жақса, хызметлеримиз унаса төбемиз көкке көтериледи.
Show more ...
Ибрайым Юсупов
Ибрайым Юсупов - XX әсирдеги Қарақалпақ халқының уллы шайыры... Биз Бенен Биргеликте: 👇 @Tolepbergen_Qayipbergenov @Jansawle_official
516
17
⚡️⚡️⚡️ Biz isley almaymız, tapsırmanıń qıyınlıģı ushın emes. Al, biz isley almaģanımız ushın tapsırma qıyın boladı. ✏️Seneka
718
3
☝️☕️ Ómir kofe sıyaqlı. Ol geyde mazalı, geyde ashshı. Lekin, gáp mazasında emes, al onı kim menen ishiwińizde!
671
9
☝️✊ Eger siz súyseńiz, sizdi súymese — qoyıp jiberiń. Eger sizdi súyse, siz súymeseńiz — qádirleń hám oylanıp kóriń. Eger muxabbat eki tárepleme bolsa — gúresiń. ✏️Osho
516
17
Сап қарақалпақ тилинде ЕВРО футбол жаңалықларын жарытып барыўшы канал! Ағза боламыз: https://t.me/futbol_qaraqalpaqsha Реклама
728
6
1
0
Last updated: 10.11.22
Privacy Policy Telemetrio