cookie

We use cookies to improve your browsing experience. By clicking «Accept all», you agree to the use of cookies.

Advertising posts
12 658Subscribers
-724 hours
+177 days
-18530 days

Data loading in progress...

Subscriber growth rate

Data loading in progress...

#спорт #5000_қәдем ⚡️Бүгин районда «Саламат турмыс ушын» жойбары шеңбериндеги спорт илажы райондағы 4 сектор басшылары, жаслар ислери агентлиги районлық бөлими, мәкеме кәрхана басшылары менен нураныйлардың қатнасыўында өткерилди. Онда илаж қатнасыўшылары узақ аралыққа жүриў менен физикалық шынығыўлар алып барды. Спорт илажлары районда ҳәр күни даўам етип атыр. Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети ➡️@QaraozekHakimligi
Show all...
#Китапқумарлық_ҳәптелиги. Қараөзек районы Мәлимлеме китапхана орайында “Китапқумарлық ҳәптелиги” ниң ашылыў кешеси болып өтти. Илажға Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қараөзек районлық бөлими, “Мийнет байрағы” газетасы, Қараөзек районларара Қорғаў бөлими, Жаслар ислери районлық бөлиминен мийманлар қатнасты. Олар өз сөзинде жазыўшы шайырлардың дөретиўшилик жумысларын өзинде сәўлелендирген китапларының жаслар турмысындағы орны ҳәм әҳмийети, тәрбиялық характерге ийе екенлигин айтып өтти ҳәм илаж қатнасыўшыларын китап оқыўға, китапқумарлық мәдениятын раўажландырыўға шақырды. Жәнеде "Жети ықлым" баспаханасынан сатып алынған таза китаплар ҳаққында көргизбе шөлкемлестирилип, китап оқыўшыларға жақыннан таныстырылды. Сондай-ақ, усы жылдың 22-26-апрель күнлери Мәлимлеме-китапхана орайында «Китапқумарлық ҳәптелиги» шеңберинде акциялар, көшпели китапхана шөлкемлестириў, закаўат ойынлары, жазыўшы-шайырлар менен ушырасыў кешелери ҳәм басқада илажлар өткерилиўи режелестирилген. ➡️@QaraozekHakimligi
Show all...
ХАБАРЛАНДЫРЫЎ! Ҳүрметли район турғынлары! «Қарақалпақ суў тәмийнаты» АЖ Қараөзек районы филиалы тәрепинен ишимлик суў ушын дүзилген шәртнаманың белгиленген 2-1-бәнтинде ишимлик суўдан атыз ҳәм тереклерди суўғарыў ушын пайдаланыўға төмендеги жағдайларда жол қойылады: 1-ирригация суўы болмағанда, тәмийинлеўшиниӊ суў жеткерип бериў қуўатлылығы бар болған жағдайда ҳәм жергиликли ҳәкимият органлары тәрепинен тастыйықланған график бойынша тек ғана түнги ўақытларда (саат 00-00 ден, саат 05-00 шекем) жол қойылады деп көрсетилген. Ҳәзирги ўақытта суў көлеминиӊ аз болыўы ҳәм суў басымыныӊ төмен болаўына байланыслы район аймағында жасаўшы айырым хожалықларға суў жетип барыўы қыйыншылық туўдырмақта. Сонлықтан жоқарыда көрсетилген тәртипке әмел етиўиӊизди сораймыз. Егер ишимлик суўдан нызамсыз пайдаланған ҳәм ысырапгершиликке жол қойылған жағдайларда тийисли шара көрилетуғынлығын ескертемиз. «Қаракақпақ суў тәмийнаты» АЖ Қараөзек районы филиалы администрациясы. 👇👇👇 @QaraozekHakimligi
Show all...
Әскерий спорт илажы өткерилди. ⚡️Жасларды әскерий-ўатансүйиўшилик ҳәмде Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаў, шақырыў жасындағы жас өспиримлерди Қураллы күшлер қатарында хызмет қылыўға таярлаў мақсетинде, Қараөзек районы прокуратурасы, Өзбекстан Республикасы Қорғаныўға көмеклесиўши “Ватанпарвар” шөлкеми, қорғаныў ислери бөлими, Руўхыйлық ҳам ағартыўшылық ислери бөлимлери менен биргеликте «Суңқарлар» әскерий спорт ойынлары шөлкемлестирилди. Онда районымыздың "Ўатан сүйениши" отряд ағзаларынан ибарат 11 команда белгиленген шәртлер тийкарында өз-ара беллести. Илаж жуўмағында жеңимпаз топарлар анықланып, оларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен естелик саўғалар ҳәм дипломлар тапсырылды. Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети 👇👇👇 @QaraozekHakimligi
Show all...
Қараөзек районында “Таза ҳаўа” илажы өткерилди. ⚡️Қарақалпақстан Республикасы Экология қоршаған орталықты қорғаў ҳәм ықлым өзгериў министрлигиниң Республика аймағында “Таза ҳаўа” режесин өткериў ҳаққындағы 2024-жыл 5-апрель күнги 91-санлы буйрығы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер Министирлиги менен биргеликте тастыйықланған қоспа ис режелери тийкарында Қараөзек районында “Таза ҳаўа” илажы өткерилди. Толық оқыў:👉https://qaraozek.uz/news/9996/ Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети 👇👇👇 @QaraozekHakimligi
Show all...
белсене қатнасыўға шақырамыз! Қараөзек районында “Таза ҳаўа” илажы өткерилди. Қарақалпақстан Республикасы Экология қоршаған орталықты қорғаў ҳәм ықлым өзгериў министрлигиниң Республика аймағында “Таза ҳаўа” режесин өткериў ҳаққындағы 2024-жыл 5-апрель күнги 91-санлы буйрығы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер Министирлиги менен биргеликте тастыйықланған қоспа ис режелери тийкарында Қараөзек районында “Таза ҳаўа” илажы өткерилди. https://qaraozek.uz/news/9996/ Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети 👇👇👇 @QaraozekHakimligi
Show all...
📣 «Digital Forum Karakalpakstan — 2024» forumına 1 kún qaldı Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası jaslar isleri basqarması, Sanlı texnologiyalar ministrligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarması, IT PARK hám Sirius IT Academy menen birgelikte  Qaraqalpaqstanda birinshi ret “Digital Forum” shólkemlestirilmekte. Forumda IT, innovaciya, biznes, oqıw orayları, startap joybarlar hám qábiletli jaslar birlesedi. 🚀 Digital Forum — eń sońǵı texnologiya trendleri dodalanatuǵın, tájiriybe hám ideyalar almasılatuǵın orın. Bizge qosılıń hám taza zatlardı úyreniń, qánigeler menen sáwbetlesiń, bizler menen rawajlanıń! 💡Egerde siz forumǵa óz joybarıńızdı, islep shıǵarǵan ónimlerińizdi yamasa xızmetlerińizdı usınajaq bolsańız tómendegi siltemeden dizimnen ótiń: https://forms.gle/gvXBZ17ZBKdYkoR98 ☎️ Maǵlıwmat ushın: 906601020 📍 Mánzil: Nókis qalası, Manej Bizdi sociallıq tarmaqlarda baqlap barıń: Telegram | Instagram | YouTube | Facebook
Show all...
"E-auksion" платформасында 3330 жеке тәртипте турақ-жай қурыў ушын жер участкаларын сатып алын!!!! Ендиликте Сиз өзиңизге мақул аймақтан уй-жай қурыў ушын жер участкаларын онлайн аукцион саўдаларында қатнасып сатып алыўыӊыз мумкин. e-auksion.uz 🔷Нөкис қаласы 26 (көриў) 🔷Әмиўдәрья районы 23 (көриў) 🔷Беруний районы 202 (көриў) 🔷Бозатаў районы 337 (көриў) 🔷Қараөзек районы 255 (көриў) 🔷Кегейли районы 110 (көриў) 🔷Қоңырат районы 59 (көриў) 🔷Қаңлыкөл районы 169 (көриў) 🔷Мойнақ районы 341 (көриў) 🔷Нөкис районы 366 (көриў) 🔷Тақыятас районы 279 (көриў) 🔷Тахтакөпир районы 222 (көриў) 🔷Төрткүл районы 176 (көриў) 🔷Хожели районы 134 (көриў) 🔷Шымбай районы 44 (көриў) 🔷Шоманай районы 331 (көриў) 🔷Елликқала районы 276 (көриў) 👇Хабардар болыў ушын👇 Telegram | Facebook | Instagram | Youtube
Show all...
❗️Эҳтиёжманд оилаларга меъёрдан ортиқ ишлатилган электр ва газ учун пул берилади
Батафсил инфографикада
❗️Мүтәж шаңарақларға нормадан артық ислетилген электр ҳәм газ ушын қаржы бериледи
Толығырақ инфографикада Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Show all...