cookie

نحن نستخدم ملفات تعريف الارتباط لتحسين تجربة التصفح الخاصة بك. بالنقر على "قبول الكل"، أنت توافق على استخدام ملفات تعريف الارتباط.

avatar

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

Ең соңғы жаңалық ҳәм хабарлар тек ғана "НЕ ЖАҢАЛЫҚ?" каналында. Бизден узақласпаң! 👉 Байланыс: @baylanis24_bot 👉 Реклама: @ne_janaliq_reklama

إظهار المزيد
مشاركات الإعلانات
103 473
المشتركون
-6624 ساعات
-1 2487 أيام
+35630 أيام

جاري تحميل البيانات...

معدل نمو المشترك

جاري تحميل البيانات...

Шавкат Мирзиёев 9-май күни Россияда болып өтетуғын әскерий парадда қатнасады. Бул ҳаққында Кремль хабар берди Мағлыўматларға көре, парадда Беларус Президенти Александр Лукашенко, Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғызстан Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳман, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳаммедов, Куба Президенти Мигел Диас-Канел де қатнасады. Сондай-ақ, Бермуда, Лаос Халық Демократиялық Республикасы, Гвинея-Бисау Республикасы Президентлери де қатнасыўы күтилмекте. Мәмлекет басшылары Россия президенти Путин менен биргеликте Белгисиз әскер қәбирине гүл қойыў мәресимине қатнасады. 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
إظهار الكل...
ЖҮРЕК УШЫН ПАЙДАЛЫ ӨНИМЛЕР Чеснок Күшли антиоксидант болған чеснок,қурамындағы белсенди затлар себепли қан тамырлардың тығылып қалыўы, қан басымы хәм қандағы майларды кемейттириўде әхмийетли рөл ойнайды.Бул холестеринниң қан тамырларға зыян жеткизиўиниң алдын алады. ҳәр күни 1 дана чеснок жеўдиң өзи жеткиликли болады. Бирақ, сиз қанды суйықластырыўшы ,қан басымын түсиретуғын  дәрилерди жесеңиз,чеснок жеў мәсләҳат етилмейди. Соя Холестеринди кемейттиретуғын ,пайдалы протеинлер кәни есапланади.Онда тойынған май муғдары өншелли көп болмайды.Протеин муғдары жоқары болыўдан тысқары В1,темир,цинк,фосфор хәм магный жүрек кеселликлериниң алдын алыўда нәтийжели болып есапланады.Изертлеўлерге қарағанда, күнине 25 грамм сояны үзликсиз рәўиште қабыллаў жүрек кеселликлериниң хәўпин кемейттиреди. Ләблеби Ләблеби калий хәм фосфор кислотасының кәни есапланады.Бул жүда төмен калорияға ийе палыз өними .Палыз өнимлери ишинде ең тәбиий шекерди өз ишине алған өним. Ғарбыз Ғарбыздағы затлар қан айланыўын тәртипке салады хәм жүректи беккемлейди. Помидор Помидор қурамындағы ликопен себепли ол жүрек-қан тамыр кеселликлери хәм жүрек шаншыўы хәўпин кемейттиреди , қандағы холестерин дәрежесин жақсылайды. Қызыл жүзим Қызыл жүзим өз мәўсиминде желинсе,дәнесинен баслап шербетине шекем  саламатлық кәни болып есапланады.Қурамындағы актив затлар себепли оны жүректиң досты деўге де болады.Қызыл жүзим жақсы холестерин  HDL ди асырады, жаман холестерин LDL ди кемейттиреди. Балық Балық жүрек – қан тамыр кеселликлериниң алдын алады , жаман холестеринди кемейттиреди ,жақсы холестеринди асырады хәм жүрек урысын тәртипке салады.Лекин балықты қуўырмастан шоқта писириў усыныс етиледи.Ақ оркинос , ласос,скумбря,селд балығы сыяқлы майлы балықлар омега 3 май кислоталарына жүда бай болып ,жүрек кеселликлериниң алдын алады. Алма Күнине бир дана алма жеў жүрек кеселликлери хәўпин кемейттиреди, әсиресе жаман холестеринди кемейттиреди. Толық мағлыўмат 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
إظهار الكل...
⚡️ Табысыңызды 10 есеге көбейтиўши 3 күнлик бағдарлама 📍Мәнзил: Қарақалпақстан, Нөкис 📆 Сәне: 19-20-21-май «Бизнес трансформациясы» — бизнес ийелери ушын сап пайданы асырыў, команданы күшейтиў, системаластырыў ҳәм жаңа басқышқа шығыўға қаратылған 3 күн ишинде сиз бенен усы темаларда сөйлесемиз. 👇🏼 🗓 1-күн: 1-модуль: Бизнес ийесиниң трансформациясы 2-модуль: Маркетинг стратегиясы 🗓 2-күн: 3-модуль: Хызметкерлерди басқарыў 4-модуль: Қарыйдарлар ҳәм сатыў 🗓 3-күн: 5-модуль: Бизнес финансы 6-модуль: Жеке финанс Буннан тысқары... 🎁 ⭐️ 20 дан артық әмелий кейслер ⭐️ 100 ден артық исбилерменлер менен танысыў, шериклерди табыў ⭐️ Бизнесте қоллаў ушын 60 тан артық инструмент ҳәм шаблонлар ⭐️ Бизнестеги ең актуал 6 машқалаға шешим ⭐️ Кофе-брейк, бизнес кино, воркшоп, сораў-жуўап Асығың, бәсекилеслериңиз де күтип отырмайды 😉 Толық мағлыўмат алыў ушын линкти басың👇 https://clck.ru/3ATuos
إظهار الكل...
Технология жаңалықлары Қытайда электромобиллерди қуўатландырыў аппаратын шақырсаңыз, өзи келип қуўат берип кетеди. 👉Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
إظهار الكل...
ОҚЫЎШЫЛАРДЫ САЯХАТҚА АЛЫП БАРЫЎ УШЫН ҚАЙ ЖЕРДЕН РУХСАТ АЛЫЎ КЕРЕК? #Сораў: Класс басшысыман. Автобус пенен сөйлесип, дем алыс күнлери оқыўшыларды саяхатқа апармақшыман.  Сораўым соннан ибарат, бул бойынша жуўапкерлерден рухсат алыўым шәрт пе? Себеби, бул оқыўшылар ҳәм ата-аналардың разылығы менен болып атыр? #Жуўап: Әлбетте шәрт! Бул бойынша Министрлер Кабинетиниң 2003-жыл 4-ноябрьдеги 482-санлы  қарарының 2-қосымшада «Өзбекстан Республикасында автобусларда жолаўшылар тасыў қәўипсизлигин тәмийинлеўге тийисли талаплар» белгиленген. ✅Бул көрсетпениң 40-бәнтине көре балалар, улыўма билим бериў мектеплери ҳәм орта арнаўлы билимлендириў мәкемелери оқыўшыларының экскурсия, туристлик-саяхатларды шөлкемлестириў ушын билимлендириў шөлкеми администрациясы оқыўшылардың кетиў сәнесин, жөнелисти ҳәм санын көрсеткен ҳалда тийисли рәўиште район(қала)лық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине мүрәжат етиўи лазым. ✅Бунда билимлендириў мәкемелери оқыўшылардың экскурсияға шығыўы, туристлик-саяхатларды ҳәм басқа да топарлардың кетиўи туўралы қарарлар қабыллаў, қағыйдаға көре, кетиў сәнесине шекем 3 суткадан кешикпей қабыл етиледи. ✅Кетиў ушын район(қала)лық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлиминиң рухсатнамасы алынғаннан кейин билимлендириў шөлкеми администрациясы (шөлкемлестириўши) тасыўшы менен шәртнама дүзиўи мүмкин. ✅Билимлендириў шөлкеми администрациясы тасыўшы менен шәртнама дүзилгенинен кейин кетиў сәнесине шекем үш жумыс күнинен кешикпей ҳәрекетлениў сәнеси ҳәм қатнаў жолын, соның менен бирге, барлық жолаўшылардың дизимин, автобуслар ҳаққындағы мағлыўматларды көрсетип, биргеликте шөлкемлестириў ушын буйыртпаны Ишки ислер министрлигиниң Жол ҳәрекети қәўипсизлиги мәмлекетлик хызметине киритеди. ✅Соннан кейин Ишки ислер министрлигиниң Жол ҳәрекети қәўипсизлиги мәмлекетлик хызмети тәрепинен балалардың қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын арнаўлы хызметкерлер ажыратылған ҳалда экскурсия ямаса туристлик-саяхатлар дүзилиўи мүмкин. (дерек) 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
إظهار الكل...
«FARUS» натяжной паталок фирмасы сизге еӊ сапалы, еӊ заманагой дизайндағы, тез тайын болатын, жанеде еӊ қолайлы баҳадағы натяжной потолокларды усыныс етеди🔥🔥 Егер сиз бизге 2 яки одан коп комнатаңызга натяжной паталок ислетсеңиз 1 жалюзи  бизден сизге бонус етип бериледы✅✅ Фирмамыз өнимлери ушын ҳүжжетли түрде 10 жыллық кепиллик береди. Егер буйыртпаӊыз кеӯлиӊизден шықпаса пулыӊыз толық қайтарылыды🤝🤝 Бизде профессионал дизайнерлерден консультация алыӯ, өлшем алыӯ ҳәм орнатып бериӯ хизметлери БИЙПУЛ✅✅ Телеграм группамызда ҳәр түрдегы каталогларымызды көрсеңиз болады📉 https://t.me/FARUS_GROUP Instagram📱 https://www.instagram.com/farus_uz?igsh=MXZ0Mm91Zjdnb25mMg== Мағлыўмат ушын телефон номерлер⤵️ Нөкис 📍 +998995451500☎️ +998904242040☎️ +998932422040☎️ Қоңырат📍 Тел +998944514170☎️ +998941381500☎️ ⚜️Гранд жалюзи перделеры⚜️ Тел +998975087007☎️ +998913897007☎️ 📢📢📢📢📢
إظهار الكل...
Ертең 6 аймақта «свет» болмайды 2024-жылы жоқары кернеўли 110 кВлы “Орайлық” ҳаўа электр узатыў тармағында реконструкция-модернизация жумыслары ǝмелге асырылыўына байланыслы 2024-жыл 7-май күни саат 8:00 ден 18:00 аралығында Бозатаў, Кегейли, Қараөзек, Нөкис, Тахтакөпир, Шымбай районлары ҳǝм Нөкис қаласы аймақларында электр энергиясы менен тǝмийнлеўде шеклеўлер болады. “АЭТ” АЖ Қарақалпақстан аймақлық филиалы 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
إظهار الكل...
Global Finance журналы ең жарлы мәмлекетлер рейтингин жәриялады Бул рейтингде орын қәншелли жоқары болса, мәмлекет сонша жарлырақ болады. Рейтингге бола, Қубла Судан, Бурунди, Орайлық Африка Республикасы, Конго Демократиялық Республикасы ҳәм Мозамбик дүньяның ең жарлы бес мәмлекети қатарына кирген. Өзбекстанның жалпы ишки өними жылына адам басына 10,9 мың долларды қурап, 190 мәмлекет ишинде 67-орынды ийелеген. Орайлық Азия мәмлекетлери арасында Тәжикстан 43-орынды (5,8 мың доллар), Қырғызстан 48-орынды (6,8 мың доллар), Қазақстан 128-орынды (34,5 мың доллар) ийелеген. 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
إظهار الكل...
Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан президентлери Москвадағы парадқа баратуғын болды Сондай-ақ, Лаос, Гвинея-Бисаў ҳәм Куба президентлери де парадқа барыўы күтилмекте. 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
إظهار الكل...
Repost from N/a
Нөкис қаласында барлық сатылатуғын үй-жайлардың дизими усы каналда 👉 @Nukus Бул канал арқалы сиз ортада пайда көриўши дәлдәлшыларсыз тиккелей жай ийеси менен байланысып келисип саўдаласасыз 🤝 Каналға ағза болыў 👈
إظهار الكل...